БИР АЎЫЗ СӨЗГЕ 4 МЛН. 54 МЫҢ 600 СУМ ЖӘРИЙМА
Елимизде инсан ерки ҳәм қәдири ең жоқары қәдирият сыпатында Конституциямызда айрықша көрсетип өтилген. Адамның ар-намысы ҳәм абырайына нуқсан келтириўге ҳешкимге ҳуқық берилмеген.
Егер кимде-ким биреўдиң ар-намысына тийетуғын ҳәрекет ислесе, ол нызам тийкарында суд тәрепинен көрип шығылады.
2019-жылдың 28-июнь күни Шоманай районлық Ҳәкимшилик судында усындай нызам бузыўшылыққа жол қойған Нөкис қаласы турғыны Ахмет Сайлановтың иси көрип шығылып, оған Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 41-статьясына тийкар ең кем ис ҳақының 20 есеси муғдарында , яғный 4.054.600 сум жәрийма жазасы қолланылды. Бул ҳәкимшилик истиң жүзеге келиўине себеп болған ўақыя жөнинде айтып өтетуғын болсақ, ҳуқықбузыўшы А.Сайланов 2019-жылдың 25-май күни саат 19.30 лар шамасында өзиниң «Малибу» маркалы автомашинасында «Нөкис Орайлық Дийқан базары» алдындағы бәндирги жанынан өтип турған қосымша жолынан өткен ўақтында Жол-патруль хызмети инспекторы А.Есбергенов тәрепинен иркиледи ҳәм оған «Жол ҳәрекети қағыйдалары»ның 5.12-бәнти талапларын бузғанлығын айтып, оннан тийисли ҳүжжетлерди талап етеди. Сонда А.Сайланов инспекторға өзиниң ҳеш қандай жол ҳәрекети қағыйдаларын бузбағанлығын түсиндиргенлигине қарамастан, А.Есбергенов оны нызамбузыўшылықта айыплағанлығы себепли, ашыў үстинде өзиниң телефон аппаратының видеокамерасына жүз берген ўақыяны түсирип, инспекторға қарата «Ақмақ, кийип жүрген формаңды шеш, сен оны кийип жүриўге ылайық емессең» деп бирнеше мәрте «Ақмақ» деген сөз бенен намысына тийип, түсирген видеокөринисти интернет тармағының «You Tube» каналы арқалы тарқатып жибереди. Суд мәжилисинде айыпкер, жәбиркеш, қарақалпақ тили бойынша эксперт ҳәм бул ис бойынша топланған дәлиллер жыйындысы үйренип шығылып, нызамбузыўшыға жоқарыда көрсетилген жаза шарасы қолланылып, жәбиркешке өзине келтирилген мораллық зыянды өндириў мәселесинде пуқаралық суд тәртибинде излениўге ҳақылы екенлиги түсиндирилди.
А.ҚОЩАНОВ,
Шоманай районы
Ҳәкимшилик суды баслығы.