Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 19:11:03, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БУЙРЫҚ ТӘРТИБИНДЕ ИС ЖҮРГИЗИЎДИҢ ПРОЦЕССУАЛЛЫҚ ӨЗГЕШЕЛИКЛЕРИ

Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды тәрепинен суд буйрығы тәртибинде ис жүргизиўди тәртипке салыўшы нызам нормаларының қолланылыўында бирден-бир әмелиятты енгизиў мақсетинде Пленумның «Буйрық тәртибинде ис жүргизиўди тәртипке салыўшы нызам нормаларын қолланыўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы 2006-жыл 3-февральдағы 4-санлы қарары қабыл етилди ҳәм бул Пленум қарарында суд буйрығы тәртибинде ис жүргизиў ҳаққында кең түсиниклер берилди.

Суд буйрығын шығарыў ҳаққында судқа жазба түрде арза менен мүрәжат етиў талап етиледи. Оған қойылған талаплар даўа арзаға қойылған талапларға уқсас болады. Соның менен бирге, буйрық шығарыў, шахстың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин әпиўайыластырылған тәртипте қорғаўды көзде тутады. Демек, суд буйрығын шығарыў ҳаққындағы арзада талаплар баян етилип, оны тийкарлаўшы жағдайлар ҳәм тастыйықлаўшы ҳүжжетлер қосылған болыўы лазым.

Суд әмелиятында пуқаралар тәрепинен суд буйрығы шығарылғанда өзлери судқа шақыртылмағанлығы ҳаққында арзалар келип түседи. Бундай арзаларға жоқарыда атап өтилгениндей, суд буйрығы истиң мазмунын көрместен, бар болған жазба ҳүжжетлер тийкарында, арыз етилген талаптың мазмуны бойынша арза судқа келип түскен күннен баслап үш күн ишинде судья тәрепинен өндириўши ҳәм қарыздар деп аталыўшы тәреплердиң қатнасыўысыз шығарылатуғынлығы, 181-статьясына муўапық, қарыздар арызға қарсы наразылықларын суд буйрығын берген судқа суд буйрығының көширме-нусқасын алған күннен баслап 10-күнлик мүддетте жибериўге ҳақылы екенлиги түсиндириледи.

Жуўмақластырып айтқанда, бул институт тек ғана судья­ның ис көлеминиң кемейиўине, сондай-ақ, пуқаралардың бузылған ҳуқықларын тез ҳәм әпиўайы түрде қорғалыўына ерисиў ушын хызмет етип қалмастан, ал, исти көриўди аңсатластырыў менен бирге пуқаралардың ҳуқықларының кепилениўине хызмет етеди.

З.БАБАДЖАНОВА,

Қарақалпақстан Республикасы Пуқаралық ислери бойынша суды судьясы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF