Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 19:46:12, 28.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МОЛ ЗҮРӘӘТКЕ ТИЙКАР ЖАРАТПАҚТА

Тақыятас районында 2019-жылдың зүрәәти ушын 2600 гектар майданға, соннан 1400 гектарға «Султан», 1000 гектарға «С-4727», 200 гектарға ғаўашаның жаңа сортлары, соның 200 гектарына қос қатар, 2400 гектарына қатар арасын 60 сантиметр етип шигит егиў режелестирилген еди.

Быйылғы жылда райондағы 53 фермер хожалықлары тәрепинен жәми 2623 гектар майданға шигит егилгени анықланып, бул фермер хожалықлары мәмлекетке 5250 тонна пахта шийки затын тапсырыў ушын «Хожели пахта тазалаў» АЖ менен контрактация шәртнамасын дүзген. Бүгинги күнде шигит егилген  майданлардың барлығынан бир тегис нәл алынып, соннан 1100 гектар майдандағы пахта атызларындағы ғаўашалар 7-8 ғорек, 950 гектар майданда 9-10, 561 гектар майданда 11-12 ғорек фазасында раўажланбақта.

Ғаўаша майданларын сапалы культивациялаў мақсетинде районда 11 отряд дүзилип, оған 64 механизатор ҳәм 64 культиватор, 3 жаныл­ғы қуйыў шақапшасы ҳәм 3 «Агрохимия» АЖ хызметкерлери, бир банк хызметкери бириктирилген. Буннан тысқары, 3 механизаторлар үйлери шөлкемлестирилген болып, олардың  дем алыўы ҳәм аўқатланыўы ушын барлық қолайлылықлар жаратылған. Бүгинги күнге келип ҳәр күни 3l6 гектардан, мәўсим басынан берли 1824,7 гектар майдан сапалы культивацияланды. Бул жумысларда режедеги 64 культиватордың барлығы өнимли ислетилди. Зыянкеслерге қарсы гүресиў ислери де агротехникалық қәделерге сай алып барылмақта. Мәўсим басынан берли 7644 гектар майданға зыянкеслерге қарсы сожеан, энтожеан себилди. Ғаўашалар төрт мәрте минерал төгинлер менен азықландырылып, бүгинги күнде ғаўашаны суўғарыў жумыслары алып барылмақта. Райондағы барлық фермер хожалықлары ағзалары тәрепинен мәўсим басынан берли ғаўаша майданларын биринши ҳәм екинши суў­ғарыў жумыслары толық әмелге асырылып, 1408 гектар майдан шербет усылында сапалы суўғарылды. Сондай-ақ, ғаўаша майданлары қасына жергиликли төгин жыйнаў жумыслары да сапалы жүргизилмекте. Атап айтқанда, 1 гектар майданға 10 тонна есабынан, жәми 26230 тонна төгин жыйнаў режеге киргизилген болса, соннан ҳәзирге шекем 10788 тонна жергиликли төгин жыйналды.

Районда бүгинги күнде ғаўаша майданларында өз ўақтында агротехникалық илажларды жүргизиў ҳәм дийдиленген өнимди жетистириўдиң барлық зәрүр илажлары көрилип атырғ­анлықтан гүздеги бәлент қырманға беккем тийкар жаратылмақта.

 

С.ОРАЗЫМБЕТОВ,

өз хабаршымыз.

Тақыятас районы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF