МУҚАДДЕС ҚУРБАН ҲАЙЫТЫ ФОНДТЫҢ ҚАЙЫРЛЫ ИСЛЕРИ
Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 2-августтағы «Қурбан ҳайытын белгилеў ҳаққында»ғы қарарына муўапық, дүнья мусылманларының муқаддес байрамы болған бул сәне елимиздиң барлық орынларында көтериңки жағдайда белгилеп өтилди.
Бул күни мешит-медреселердиң әтираплары, қәбирстанлар ҳәм зыярат орынлары абаданластырылып, ҳәр қыйлы қайыр-сақаўатлылық илажлары әмелге асырылды.
Усындай ийгиликли илажлардан бири Өзбекстан Мусылманлары басқармасы жанындағы «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик фонды тәрепинен шөлкемлестирилди.
Мағлыўмат орнында айтып өтетуғын болсақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 16-апрельдеги «Диний-ағартыўшылық тараў жумысларын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық шөлкемлестирилген «Вақф» қайырқомлық-жәмийетлик фонды мешитлер ҳәм диний билимлендириў мәкемелериниң имаратларын қурыў, оңлаў, реконструкциялаў, оларда ислейтуғын профессор-оқытыўшылар, илимпазлар, қәнигелер ҳәм талаба-оқыўшыларды, сондай-ақ, халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларын ҳәм имканияты шекленген шахсларды материаллық ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаў сыяқлы бир қатар ўазыйпаларды орынлаўды өзиниң алдына мақсет етип қойған.
Байрам күни пайтахтымыздағы Имам ийшан Мухаммед жомъе мешитинде усы фондтың қәўендерлигинде Нөкис қаласында жасайтуғын 60 шаңараққа мал гөши тарқатылды. Илаждан алдын мешиттиң имам-хатиби Б.Разов ҳәм «Вақф» қайырқомлық-жәмийетлик фонды Қарақалпақстан филиалы баслығының орынбасары И.Тажетдиновлар жыйналғанларды мүбәрек Қурбан ҳайыты менен қызған қутлықлап, бул байрамның халқымыз турмысында тутқан орнына айрықша тоқтап өтти.
Президентимиздиң 2019-жыл 2-августтағы «Қурбан ҳайытын белгилеў ҳаққында»ғы қарары тийкарында Өзбекстан Мусылманлары басқармасы жанындағы «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик фонды баслығының усы жыл 5-августтағы буйрығына муўапық, республикамыз бойлап 10 өгиз сойылды ҳәм кем тәмийинленген шаңарақлардың ағзалары менен имканияты шекленген шахсларға 3 килограммнан таза гөш байрам саўғасы ретинде тарқатылмақта, дейди фондтың Қарақалпақстан филиалы баслығының орынбасары Ислам Тажетдинов. Бүгинги илажға келиў мүмкиншилигине ийе болмаған пуқаралардың саўғаларын үйлерине апарып бериўди режелестиргенбиз...
Илаж соңында байрам саўғаларын алған пуқаралар бундай қайыр-сақаўатлылық ислерин шөлкемлестириўшилерге өзлериниң терең миннетдаршылықларын билдирди.
Бундай қайырқомлық илажлары республикамыздың барлық қала ҳәм районларында болып өтти.
С.ЖАНИЕВ,
арнаўлы хабаршымыз.
СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.