Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 18:39:49, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАҢА НЫЗАМДЫ ТҮСИНДИРИЎГЕ БАҒЫШЛАНДЫ

Жақында Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигинде усы жыл 29-июль сәнесинде қабыл етилген «Қурал ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының мазмун әҳмийетин кең халық қатламына жеткериўге бағыш­ланған баспасөз конферен­циясы болып өтти. Оған тараў ўәкиллери ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлиминиң жетекши мәсләҳәтшиси Н.Қутлымуратова, Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы қадағалаў-рухсат бериў жумысының бөлим баслығы Р.Жолдасовлар сөзге шығып, нызамның мақсети ҳәм ондағы белгилеп көрсетилген қураллардан пайдаланыў тәртиби ҳаққында айрықша тоқтап өтти.

Конференцияда атап өтилгениндей, қабыл етилген нызамның мақсети ­ қурал ҳәм оның оқ-дәрилери айланысы менен байланыслы мүнәсибетлерди тәртипке салыў, пуқаралардың өмири, денсаўлығы ҳәм мал-мүлкин қорғаў, сондай-ақ, жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўге қара­тыл­ғанлығы менен әҳми­йетли болып табылады.

Нызамның 5-статьясында қуралларды дүзилисине қарай пуқаралық, хызмет ҳәм жаўынгерлик қуралы етип үш түрге бөлип көрсетилген. Өз гезегинде пуқаралық қуралына ­ аў қуралы, спорт қуралы, сондай-ақ, өзин-өзи қорғаўда газли қурал, электр энергиясынан пайдаланыўға тийкарланған қурылмалар өзин-өзи қорғаўға қаратылған қурал етип белгиленген.

­ Республикамыз аймағында пуқаралық ҳәм хызмет қуралы және олардың оқ-дәрилери айланысы үстинен қадағалаў миллий гвардия уйымлары тәрепинен әмелге асырылады, - дейди Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы қадағалаў-рухсат бериў жумысы бөлиминиң баслығы Р.Жолдасов. ­ Пуқаралардың аў қуралын пайдаланыў ушын рухсат алыў тәртибине келетуғын болсақ, Аңшылар жәмийети бирлеспесиниң усыныснамасы, медициналық тексериўден өткенлиги ҳаққындағы мағлыўмат ҳәм басқа да тийисли ҳүжжетлер толтырылғаннан соң миллий гвардияның қадағалаў-рухсат бериў жумысы бөлиминен дизимнен өткериледи. Соңынан сақлаў ҳәм алып жүриў ушын үш жыллық рухсатнама бериледи.

Пикирлесиў тәризинде болып өткен конференцияда журналистлер өзлерин қызықтырған сораўлар бо­йынша қәнигелерге мүрәжат етип, оларға тийисли жуўаплар алды.

 А.ЮСУПОВ.

СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF