Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 17:36:08, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАҢА ПЛАТФОРМАНЫҢ ЖОЙБАРЫ ДОДАЛАНДЫ

Жақында Өзбекстан «Миллий тикланиш» демокра­тиялық партиясының Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен партия бағдарламасы ҳәм 2020-2025-жылларға мөлшерленген сайлаўалды Платформасы жойбарын додалаўға бағышланған Дебат шөлкемлестирилди.

Оған ӨзМТДП Орайлық Кеңеси ўәкиллери, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутатлары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық ҳәм районлық Кеңеслери депутатлары, партия шөлкемлери хызметкерлери, экспертлер, алымлар ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Илажды партияның республикалық Кеңесиниң баслығы Т.Романов алып барды. Онда ӨзМТДП Орайлық Кеңеси баслығы, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының спикери орынбасары А.Қодиров, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлары Ж.Абдижамилов ҳәм З.Бекатовалар сөзге шығып, партияның 2020-2025-жылларға мөлшерленген Бағдарламасы ҳәм сайлаўалды Платформасының жойбары, партияның алдағы ўазыйпалары кең жәмийетшилик ўәкиллериниң пикир-усыныслары тийкарында әмелге асырылатуғынлығын билдирип өтти.

Илажда атап өтилгениндей, бүгинги дәўирдиң өзи сиясий партиялардан елимизде жүргизилип атырған реформалардың тек ғана қатнасыўшылары болып қалмастан, бәлким олардың басламашылары ҳәм тийкарғы атқарыўшылары болыўын талап етпекте.

Бизге белгили, партияның бас мақсети ­ миллий тиклениў идеясын әмелге асырыў, турақлы миллий раўажланыўды тәмийинлеў, мәмлекетимиздиң сиясий-гуманитар турмысының барлық тараўларындағы миллий мәплерди қорғаў ҳәм оларды еле де жетилистириў, миллий, мәдений ҳәм руўхый қәдириятлар, бай тарийхый мийрасымыз, сондай-ақ, халықтың үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин сақлаўдан ибарат. Бул бағдарда сиясий майданда мүнәсип орын ийелеўи ушын партияның өзине тән халықшыл, мәмлекет ҳәм жәмийет раўажланыўына хызмет етиўши сайлаўалды Платформасы зәрүр болады.   

Мине усы мәселелерди еле де жетилистириў мақсетинде кең жәмийетшилик ўәкиллериниң қатнасында өткерилген Дебатта партия белсендилери ҳәм экспертлер тәрепинен пикир-усыныслар билдирилди. Атап айтқанда, өсип кия­тырған жас әўладтың тәлим-тәрбиясы мәселеси, шаңарақ институтын беккемлеў, елимизде қәбилетли  кадрларды таярлаў мәселеси, илим-билимлендириў тараўын раўажландырыўға хызмет етиўши беккем платформаны жетилистириўге қаратылған ўазыйпалар жаңа бағдарламада анық сәўлелениўи лазым екенлигин билдирди.   

Илаж cоңында қатнасыўшылар тәрепинен додаланған мәселелер ҳәм билдирилген пикир-усыныслар тийкарында партияның сайлаўалды платформасын еле де жетилистириў бойынша жумыслар алып барылатуғынлығы атап өтилди. Соңынан, партияның жаңа ағзаларына ағзалық гүўалықлары ҳәм партияның басламасы менен баспадан шығарылған «Жас ата-ана китабы», «Бахытлы шаңарақ мәнаўияты» атамаларындағы китаплар саўға етилди.

А.ОРАЗОВ,

арнаўлы хабаршымыз.

СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF