Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 17:33:56, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӨРТ ҚӘЎИПСИЗЛИГИ ҚАҒЫЙДАЛАРЫНА БИЙПӘРЎА БОЛМАЙЫҚ

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Өрт қәўипсизлиги басқармасы хызметкерлери тәрепинен кәрхана ҳәм мәкеме исшилери арасында өрт қәўипсизлиги қәделерин сақлаў ҳәм өрттиң алдын алыў бойынша үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта.

Соның менен бирге, объектлердиң өртке қәўипли цех ҳәм участкаларында орнатылған автомат өрттен хабарландырыў ҳәм өрт өшириў қурылмаларының, ишки ҳәм сыртқы өрт өшириў тармақларының жағдайлары тексерилип шығылып, анықланған кемшиликлер бойынша объект ҳәкимшиликлерине хабарландырыўлар берилди.

Басқарма тәрепинен берилген жазба көрсетпе талапларының орынланыў барысы объекттиң жуўапкерли хызметкерлери менен биргеликте тексерилип шығылды. Сондай-ақ, өрт-техникалық комиссия ағзалары менен биргеликте объекттиң өртке қарсы жағдайлары тексерилип, анықланған кемшиликлерди сапластырыў илажларын көриў ушын объект басшысы тәрепинен тастыйықланған бағдарламалар ислеп шығылды. 

Әскерийлестирилген өрт қәўипсизлиги бөлекшелериниң гүзетиў хызмети тәрепинен объектте өрттиң алдын алыў бойынша күни-түни бақлаў жумыслары алып барылып атыр. Объектлердиң ықтыярлы өрт өшириў топар ағзалары қатнасыўында өрт-техникалық шынығыўлар өткерилип, олардың өз ўазыйпаларын орынлаўы бойынша түсиндириў жумыслары алып барылмақта. Тилекке қарсы, үгит-нәсият ислериниң өз ўақтында алып барылып атырғанлығына қарамастан, еле де өрт қәўипсизлиги қағыйдалары талапларын бузыў жағдайлары ушырасып атыр. Оларды бузған исшилердиң цех басшылары менен биргеликте ҳәр ҳәптеде додалаў жумысларын өткерип атырмыз.

Ҳүрметли мәкеме, кәрхана басшылары! «Өрт ­ тилсиз жаў» деп бийкарға айтылмаған. Соның ушын, сизлерден өз жумыс орныңызда ҳәм шаңарағыңызда өрт қәўипсизлиги қағыйдаларын сақлаўға айрықша итибар бериўиңизди өтиниш етемиз.  

Х.КАЗИБАЕВ,

ҚР ИИМ ӨҚБ бөлимше инспекторы, сержант.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF