«БӘРКАМАЛ ӘЎЛАД» ОРАЙЫНДА
Мектеп оқыўшыларының билимин, келешектеги кәсипке болған қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде район ҳәм қала орайларында «Бәркамал әўлад» балалар орайы өзлериниң ис режелери тийкарында жумыс алып бармақта.
Бизиң Қанлыкөл районы орайында жайласқан «Бәркамал әўлад» орайы 2018-2019-оқыў жылы даўамында мәмлекетлик талаплар тийкарында үш бағдарда: «Техникалық дөретиўшилик», «Көркем өнер дөретиўшилик», «Үлкетаныў ҳәм экология» бағдарлары бойынша жәми 18 дөгерек, яғный, «Шебер қоллар», «Жас журналист», «Жас тәбиятшылар», «Гүлшилик», «Радиотехника ҳәм байланыс», «Жас сүўретши», «Жас аспаз», «Жас эколог», «Компьютер графикасы ҳәм дизайн», «Шаңарақ саламатлығы», «Фольклор», «Моншақлы безек», «Миллий ойын», «Қусшылық», «Хор», «Драма» дөгереклери райондағы мектеплердиң дөгереклерге ағза оқыўшыларының жазғы демалысында ўақтын босқа өткермеў ушын кәсип-өнер сырларын тәжирийбели дөгерек басшылары тәрепинен үйренбекте.
Район орайындағы улыўма билим бериў мектеплеринен ҳәр бир дөгерекке оқыў жылы даўамында 500 оқыўшы, соннан «Үлкетаныў ҳәм экология» бағдарына 130 оқыўшы ағзалыққа тартылған болып, олардың 73и қыз балалар, 57си ер балалар болып есапланады. Райондағы алыс аймақтағы 17, 2 ҳәм 24-санлы мектеплерде орайымыздың филиаллары ашылған. Оған дөгерек басшылары бекитилген. Орайымызда еле де мектеп оқыўшыларын дөгереклерге тартыў мақсетинде «Ашық есиклер күни» дүзилип, олар кесте тийкарында жумыс алып барады. Орайда жәми 39 хызметкер болып, соннан 3 методист, 18 педагог хызметкер дөгереклерге ағза оқыўшыларға өзлериниң бағдарлары бойынша билим көнликпелерин системалы үйретип, мәмлекетлик талапларға сай тәлим-тәрбия жумысларын алып бармақта.
Орайда 8 педагог хызметкер жоқары мағлыўматқа, 16 педагог хызметкер орта арнаўлы мағлыўматқа ийе қәнигелер болып есапланады. Олардың билимин еле де жетилистириў ушын заман талабына сай семинар курсларға жибериўди мақсетке муўапық деп есаплаймыз. Орай әтирапын абаданластырыў жумысларын да қолға алып, быйыл бәҳәрде 98 түп нәл ектик. Олар әтирапты айрықша гөззаллыққа бөлеп тур. Сондай-ақ, «Бәркамал әўлад» орайында ярмаркалар шөлкемлестирилип, район орайындағы 1, 21, 18 ҳәм 23-санлы мектеплердиң оқыўшылары қатнасып, өзлериниң қызыққан дөгереклерине ағза болып, орайдағы жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.
Орай тәрепинен шөлкемлестирилген китапхана, киши музейлерге саяхат етти. 2019-жылдың 28-февраль сәнесинде «Согдиана-2019» таңлаўында экология бағдары бойынша «Жас тәбиятшылар» дөгереги ағзалары «Ең епшил команда» номинациясы менен сыйлықланды. 26-июнь сәнесинде «Нәшебентликке қарсымыз!» атамасындағы Қанлыкөл районлық ҳаял-қызлар комитети тәрепинен шөлкемлестирилген таңлаўда сыйлы орынды алыўға ылайық болды. 2019-оқыў жылында оқыўшылардың жазғы демалысында районымызда шөлкемлестирилген «Суңқар» балалар дем алыў мәсканында орайымыздың «Жас сүўретши», «Шебер қоллар» дөгереги басқарыўшылары Зухра Рейимбаева, Замира Өтегенова сыяқлы тәжирийбели дөгерек басшылары лагерьде болып, дөгерек сабақларын өтти. Дем алыўшы оқыўшылар арасында «Бахытлы балалық», «Мениң дөретиўшилик күним» атамасындағы қызықлы әдебий кешелер дем алыў мәсканындағы оқыўшыларда айрықша тәсир қалдырды. Орайымыздың билимлендириў хызметкерлери жәмәәти тәрепинен олар саўғалар ҳәм Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.
2019-2020-оқыў жылында исленетуғын жумысларымызды алдын-ала режелестирип, жаңа оқыў жылына қызғын таярлық көрип атырмыз.
Тамара САДЫҚОВА,
Қанлыкөл районы «Бәркамал әўлад» орайы директоры.