Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 17:50:29, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«ИБРАЙЫМ ЮСУПОВ»

Ибрайым Юсупов жигирмаланшы әсирдиң екинши ярымы ҳәм жигирма биринши әсирдиң биринши он жыллығында қарақалпақ әдебиятында өшпес из қалдырған уллы шайыр.

Ол өзиниң пүткил саналы өмиринде Шығыс ҳәм Батыстың классикалық ша­йырлық жолын терең ийелеп, әжа­йып сөз маржанларын дизген.

Соңғы жылларда өзиниң әжайып дөретпелери менен көркем әдебият ықласбентлериниң алғысларына миясар болған белгили қәлем ийеси, Қарақалпақстан халық жазыўшысы, республикаға мийнети сиңген журналист Шарап Уснатдинов Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибра­йым Юсупов ҳаққындағы роман-эссесин жазып питкерди. Автордың «Шайырдың жаслығы» китабынан кейинги бул шығармасында уллы талант ийесиниң өмири ҳәм дөретиўшилик жолы көркем шеберлик пенен сүўретленген.

Он бөлимнен ибарат болған бул китап «Билим» баспасында таярланып, Ташкент ўәлаятындағы «NICO POLIGRAF» ЖШЖ де 36 баспа табақ көлеминде 1300 нусқада жоқары полигра­фиялық сапада, офсет усылында жарық көрген.

Халықта «шайырлардың еки өмири бар» деген гәп бар. Бириншиси өзиниң реал өмири болса, екиншиси оның халықтың жүрегинде қалған шығармалары. Қарақалпақ халқының ардақлы перзенти, уллы сөз зергери Ибрайым Юсуповтың арамыздан кеткенине он жылдан аслам ўақыт болса да, ол бизиң арамызда еле жасап атыр ҳәм мәңгиге жасайды. Устаз журналист Шарап Уснатдиновтың шайыр ҳаққында жазған бул роман-эссеси усы шынлықты және бир мәрте тастыйықлайды.

С.ЖАНИЕВ.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF