КОМПЛЕКСЛИ ТӘБИЯТТЫ ҚОРҒАЎ БАҒДАРЛАМАСЫ ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЛЫЎЫ ЛАЗЫМ
Президентимиздиң тиккелей басшылығында алып барылып атырған үлкемиздиң социаллық-экономикалық тараўларын раўажландырыўға бағдарланған кең көлемли илажлар халқымыздың турмыс жағдайларының жақсыланыўына тийкар жаратпақта.
Президентимиздиң 2017-жыл 1-майдағы «Балықшылық тармағын басқарыў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары усы тараўды раўажландырыўда әҳмийетли бағдар болып, «Өзбекбалықсанаат» ассоциациясы ҳәм «Қарақалпақ балық санаат» ЖШЖ дүзилди. Жаңадан шөлкемлестирилген жәмийеттиң жумысларын нәтийжели жүргизиўге бағдарланған Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен исши топар дүзилип, балық аўлаўдың көбейиўине унамлы тәсирин тийгизип атыр. Елимизде тәбийғый көллер ҳәм суў сақлағышлар 900 мың гектарға шамалас майданды қурайды.
2018-жылдың 15-16-декабринде елимизде биринши мәрте «Жаңа Мойнақ жаңа имканиятлар» атамасында өткерилген инвестициялық бизнес-форумында сырт ел инвесторлары да қатнасып, ислеп шығылған жойбарлар бойынша унамлы жумыслар алып барылмақта.
«Арал бойы экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар зонасы» деп жәрияланды. БМШниң инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик «Траст фонды»ның шөлкемлестирилиўи регионымызда экологиялық жағдайларды жумсартыўға бағдарланған теңиздиң қуўрап қалған бөлегинде тоғайзарлықлар жаратыў жумыслары дәслепки нәтийжелерин бермекте.
Мойнақ қаласынан 200 км, Нөкистен 400 км алыста «Возрождение» атаўының «Шағала» массивинен, Қубла Аралдың артезиан бассейнинен 260-300 метр тереңликтен душшы суўлар шығып, жаңа өмир басланды ҳәм Арал бойында экологиялық жағдайлар жақсыланбақта. Солай болса да, елимизде балық аўлаўды интенсив методлар тийкарында әмелге асырыў ҳәзирги заман талапларына толық жуўап бермейди. Сонлықтан, Президентимиз 2018-жыл 6-ноябрьде балықшылықты жетилистириў, аўлаў, оған тийисли қурылыс жайлары, қурылмалары, балық хожалықларын минерал төгинлер, аралас жемлер, репродуктив бассейнлер қурыў, майда балық шабақларын өсириў ҳәм балық өнимлерин қайта ислеў, сақлаў бойынша параметрлерин қабыл етип, ҳәзирги ўақытта кең көлемли жумыслар әмелге асырылып атыр. Усы қарар менен балық жетистириў ҳәм аўлаў бойынша болжаў параметрлери тастыйықланып, Қарақалпақстан Республикасында 2019-жылы 15 мың тонна, соннанF жасалма ҳәўизлерден 5250, тәбийғый көллерден 8000, басқа қурылмалардан 300, майда суў сақлағышлардан интенсив усыл менен 850 ҳәм басқа қурылмалардан 600 тонна балық жетистириў белгиленди.
2018-жылы улыўма балық аўлаў жобасы 12000 тонна болып белгиленип, соннан 11046 тонна балық аўланған болса, усы жылдың өткен алты айында жылға белгиленген 15000 тоннаның 1929 тоннасы ғана аўланды. Солардан жасалма суў сақлағышлардан 822, тәбийғый көллерден 1105, басқа қурылмалардан 2 тонна ғана балық аўланды. Усы ўақыт ишинде регионымызда дүзилген 555 жасалма ҳәўизлердиң 137си, хызмет көрсетип турған 124 тәбийғый көллердиң 10ы бир килограмм да балық аўламады. Сондай-ақ, Әмиўдәрья районында 64 жасалма ҳәўизлердиң 33и, Елликқаладағы 49 субъектлердиң 17си, Кегейлидеги 49ының 21и, Қоңыраттағы 38инен 11и бир килограмм да балық аўламады.
Әмиўдәрьяның қуярлығында жайласқан тәбийғый көллерге Тақыятас гидроузелинен түсетуғын ағын суўлардың турақлы келип жетпеўи нәтийжесинде үлкемизде гидрогеологиялық жағдайлардың турақсызлығына алып келмекте. 2019-жылдың 10-июлине шекем Тақыятас гидроузелинен төменге қарай 497,22 млн. кубм., соннан Междуречье көлине 276, Судочьеге 253, Жылтырбасқа 160, Рыбачьеге 35 млн. кубм. ағын суўлар жиберилген болса, тек ғана Междуречье көли жағалаўында қурылып атырған айланба дамбалардың, қурылмалардың сапалы етип питкерилмеўи себебинен 33 млн. кубм. ағын суўлар басқа тәрепке қарай ағып кетти.
Сонлықтан, «Қарақалпақбалықсанаат» ЖШЖ, Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети, басқа да тийисли министрлик, ведомство, шөлкемлер, жергиликли ҳәкимият уйымлары, фермерлер ҳәм басқа да субъектлер менен биргеликте балықшылықты, аўыл хожалығының басқа да тараўларын раўажландырыў ушын Әмиўдәрьяның қуярлығын турақлы түрде тийисли дәрья суўлары менен тәмийинлеў, көллерге түскен суўларды сақлаўға бағдарланған Қубла Арал жағалаўында жайласқан көллер системасын басқарыў бойынша комплексли тәбиятты қорғаў бағдарламасы турақлы түрде әмелге асырылыўы керек.
Қ.ЮСУПОВ,
Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен
аўыл хожалығы хызметкери.