Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 17:47:37, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖЕҢИМПАЗЛЫҚ ЖУЎАПКЕРШИЛИК  ЖҮКЛЕЙДИ

-дейди усы таңлаў жеңимпазы Нурсайд Султанов

Бүгинги күн талабы тезлик пенен ҳәр қыйлы тараўларда әмелге асырылып атыр­ған реформалар барысында жоқары билимли бас­қарыў кадрларын таңлап алыў ҳәм таярлаў, олардың резервин қәлиплестириў сис­темасын жетилистириўди талап етпекте.

Усындай дәўир талабына муўапық, республикамызда ҳәр 3 жылда бир мәрте перспективалы басқарыў кадрларын таңлап алыў бойынша «Тараққиёт (Раўажланыў)» республикалық таңлаўын өткерип барыў нәзерде тутылған.

Таңлаўды өткериўден мақсет — перспективалы бас­қарыў кадрларының сис­темалы тийкарда таңлап алыныўын тәмийинлеў, сондай-ақ, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары, басқа мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлери системасында олардың кәсиплик билимин үзликсиз жетилистирип барыўға көмеклесиўден ибарат.   

 Бул бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 30-майдағы  «Перспективалы басқарыў кадрларын таңлаў тийкарында таңлап алыўдың заманагөй системасын жаратыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Усы қарарға муўапық, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясы, Инновациялық раўажланыў министрлиги ҳәм «Буюк келажак» халық­аралық мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөл­кеми тәрепинен қойылатуғын талаплар бойынша таңлаўда таяныш жоқары мағлыўматқа ҳәм тийисли тараўда басшы лаўазымында кеминде 3 жыллық мийнет стажына ийе, 30 жастан 45 жасқа шекем болған (45 жас та қосылған ҳалда) Өзбекстан Республикасы пуқаралары қатнасыўы мүмкин.

«Тараққиёт» республикалық таңлаўында талабанлар 16 номинация бойынша өз тараўынан келип шығып қатнасыў имканиятына ийе. Таңлаў жеңимпазлары раўажланған сырт мәмлекетлердиң тараўға тийисли шөлкемлеринде таңлаўдың тийисли номинациялары бойынша стажировка өтеўин өз ишине алатуғын «Бас­қарыў кадрларын таярлаў бойынша Президент бағдарламасы»на муўапық, 3 айлық курсларда оқыйды ҳәм оны өтегеннен кейин тийисли жөнелислер бойынша мәмлекетлик шөлкемлерде басшы лаўазымларға тайынланады.

Усы таңлаўға республикамыздан Қарақалпақстан Республикасы Турақ жай коммунал хызмет көрсетиў министрлиги  Ишимлик суўы ҳәм ыссылық тәмийнаты кәрханалары жумысларын муўапықластырыў басқармасының баслығы Нурсайд Султанов қатнасып, «Коммунал хожалық тараўындағы ең жақсы басқарыўшы» номинациясы бойынша жеңимпаз болды.

 Таңлаўда министрлик ҳәм кәрханалар, мәмлекетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, сондай-ақ, жергиликли ҳәм сырт еллердиң алымлары менен қәнигелери қатнасып, оның қалыс ҳәм әдалатлы өткерилиўин тәми­йинледи. Таңлаўға қойыл­ған талапларға талабанлардың мүнәсип екенлиги қатаң итибарға алынды.

— Таңлаўдың финал бас­қышы жуўмағына бола 27-июль күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң мәсләҳәтшиси, Республикалық комиссияның баслығы Р.Қасимовтан жеңимпазлық дипломын алыў бахтына миясар болдым.

Бул имканиятлар бәршемиз, әсиресе, халқымыз, республикамыздың раўажланыўы ушын анық мақсет. Пикиримше, бул жүдә жақсы имканият. Биринши гезекте, талабанлар ушын, қалаберди жәмийет ҳәм мәмлекет ушын раўажланыў көрсеткиши артады ҳәм үлкен нәтийже береди. Мен де усы жойбарға өз үлесимди қосатуғынлығымнан бахтиярман,-дейди таңлаў жеңимпазы Н.Султанов.

Мәмлекетимиздиң және де раўажланыўы жолында пидайылық пенен хызмет ететуғын билимли, талапшаң, излениўшең, зийрек ҳәм жигерли жасларды болажақ басшы кадрлар сыпатында жетилистириў өз гезегинде оларға жәмийетимиз алдында үлкен жуўапкершилик ҳәм талап қояры сөзсиз.

 

Г.ЖҮГИНИСОВА,

арнаўлы

хабаршымыз.

СҮЎРЕТТЕ: Таңлаў жеңимпазы Н.Султанов.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF