АЎЫЛ ХОЖАЛЫҒЫ МАШИНА ҚУРЫЛЫСЫН ЖЕДЕЛ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ, АГРАР СЕКТОРДЫ АЎЫЛ ХОЖАЛЫҒЫ ТЕХНИКАЛАРЫ МЕНЕН ТӘМИЙИНЛЕЎДИ МӘМЛЕКЕТ ТӘРЕПИНЕН ҚОЛЛАП-ҚУЎАТЛАЎҒА БАЙЛАНЫСЛЫ ИЛАЖЛАР ҲАҚҚЫНДА
Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Елимизде аўыл хожалығы техникаларын ислеп шығарыў санаатын раўажландырыў, экспортқа мөлшерленген таяр өнимлерди ислеп шығарыў көлемин арттырыў ҳәм түрлерин кеңейтиў, сондай-ақ, халықты жергиликли ислеп шығарылған техникалар менен тәмийинлеў бойынша избе-из илажлар әмелге асырылмақта.
Соның менен бирге, жергиликли аўыл хожалығы техникаларын ислеп шығарыўшы кәрханалар арасында кооперация системасы жолға қойылмағанлығы, ислеп шығарылып атырған техникаларда импорт бөлеклери үлесиниң жоқары екенлиги, аграр секторды техника менен тәмийинлеўдиң турақлы системасы жоқ екенлиги, техникаларға сервис хызметин көрсетиўдиң толық жолға қойылмағанлығы ҳәм илим менен өндиристиң үйлеспегени усы тараўға айрықша итибар қаратыўды талап етпекте.
Аўыл хожалығы машина қурылысы тармағын буннан былай да раўажландырыў, аўыл хожалығы техникаларын ислеп шығарыў процесин толық жолға қойыў, аграр секторды аймақлардың тәбийғый климат ҳәм топырақ шараятларына сәйкес келетуғын заманагөй ҳәм арзан аўыл хожалығы техникалары менен тәмийинлеў, сондай-ақ, тараўды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын енгизиў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги тәрепинен аўыл хожалығы техникаларын ислеп шығарыўды локализациялаў дәрежесин 2021-жылда 60 процентке жеткериў бойынша ислеп шығылған инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша илажлардың режеси 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги үш ай мүддетте инвестициялық жойбарларды қаржыландырыў ушын потенциаллы инвесторларды тартыў ҳәм усы жойбарларды 2021-жылдың ақырына шекем иске қосыў бойынша зәрүр илажларды әмелге асырсын.
Усы қарардың 1-қосымшасына муўапық тастыйықланып атырған инвестициялық жойбарлар техникалық экономикалық тийкарларды ислеп шығыўға, бурынғысынан өзгеше түрде, тендер өткермеген ҳалда сайлап алыў таңлаўы тийкарында жойбарлаў институтлары ҳәм инжиниринг компанияларын тартыўға рухсат берилсин.
- Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, «Өзагротехсанаатхолдинг» АЖ «Асака» АКБның «Металл буйымларды қуйыў заманагөй цехын иске қосыў» жойбарын әмелге асырыўға сырт ел коммерциялық банклери кредит линияларын тартыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
«Өзагросанаатхолдинг» АЖ:
еки ай мүддетте усы жойбардың техникалық экономикалық тийкарлары жетекши жойбарлаў институтлары ҳәм инжиниринг компанияларын тартқан ҳалда ислеп шығылыўын;
жойбардың 2020-жылдың октябрь айына шекем пайдаланыўға тапсырылыўын;
«Асака» АКБ менен биргеликте усы жойбардың жойбарлаў ҳүжжетлери комплексли экспертизадан өткерилиўин тәмийинлесин.
- Аўыл хожалығы техникаларын ислеп шығарыў санааты ҳәм басқа да санаат тармақлары арасында кооперацияны әмелге асырыў усыныс етилип атырған өнимлердиң дизими 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлигине усы дизимге өзгерислер киргизиў ҳуқықы берилсин.
- Төмендегилер:
2019-2020-жылларда аўыл хожалығы техникаларын ислеп шығарыў тараўын буннан былай да раўажландырыў бойынша комплексли илажлардың бағдарламасы 3-қосымшаға муўапық;
Аўыл хожалығы техникаларын ислеп шығарыўды локализациялаўды жеделлестириў бойынша жумысшы топар (кейинги орынларда Жумысшы топар деп жүргизиледи) қурамы 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Жумысшы топар (Н.С.Отажонов):
усы қарарда нәзерде тутылған илажлардың сөзсиз орынланыўын муўапықластырыўды ҳәм қадағалаўды;
усы қарардың орынланыўы ҳаққындағы мағлыўматлардың ҳәр 15 күнде Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы ҳәм Министрлер Кабинетине киргизип барылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, «Өзагротехсанаатхолдинг» АЖ менен биргеликте үш ай мүддетте жетекши сырт ел консалтинг компаниясын тартқан ҳалда, соның ишинде, төмендегилерди нәзерде тутатуғын аўыл хожалығы машина қурылысы тараўын 2025-жылға шекем раўажландырыў бағдарламасын ислеп шықсынF
ислеп шығарылып атырған бар техника түрлерин оптималластырыў ҳәм жаңа түрдеги аўыл хожалығы техникаларының бюджет моделин ислеп шығарыўды жолға қойыў ҳәм республикада ислеп шығарылып атырған аўыл хожалығы техникалары ушын жаңа миллий «бренд»ти жаратыў;
бағшылық, мийўе-овощ жетистириў ҳәм шарўашылық бағдарында техника түрлерин ислеп шығарыўды кеңейтиў ҳәм улыўма өндирис көлемин арттырыў;
орта ҳәм узақ мүддетке мөлшерленген экспорт үлесин арттырыў бойынша «Жол картасы»н тастыйықлаў ҳәм таяр өним экспортын ислеп шығарылған өнимге салыстырғанда 2022-жылы 20 процентке, 2025-жылы болса 30 процентке жеткериў;
заманагөй кооператив басқарыў усылларын, атап айтқанда, «ЕRP» автоматластырылған есапқа алыў, «GMS» өндиристи басқарыў ҳәм «BSL» сапаны басқарыў системаларын енгизиў;
аўыл хожалығы ушын киши механизация техникаларын ислеп шығарыўды шөлкемлестириў;
машина-трактор парклериниң бар техникаларын ҳәм бос турған жер майданларын оптималластырыў және оларды тийкарынан оңлаў ҳәм сервис хызметлерин көрсетиўге қәнигелестириў.
- Аўыл хожалығын механизациялаўды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың төмендеги тәртиби енгизилсинF
2019-2021-жылларда аўыл хожалығы кәрханалары тәрепинен локализациялаў дәрежеси 20 проценттен аз болмаған ҳалда республикада ислеп шығарылған аўыл хожалығы техникалары сатып алынғанында техника баҳасының 15 проценти муғдарында субсидия бериў;
комбайнларды сырт елде хызмет көрсетиў (хызметлер экспорты) ушын тасыў транспорт қәрежетлериниң 80 процентин компенсациялаў.
- Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги бир ай мүддетте усы қарардың 6-бәнтинде нәзерде тутылған мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў илажларын әмелге асырыў тәртибин ислеп шықсын ҳәм тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги бир ай мүддетте:
жергиликли аўыл хожалығы техникаларын сатып алыўларды кредитлеў ҳәм оларды лизингке бериў системасын жетилистириў мақсетинде миллий валютада коммерциялық банклерге 50 миллион АҚШ доллары эквивалентинде қаржыларды жайластырсын ҳәм нәтийжели өзлестириў илажларын көрсин;
усы қарардың 6-бәнтинде нәзерде тутылған илажларды қаржыландырыў ушын 2019-жыл ушын 60 миллиард сум, кейинги жылларда болса талапқа муўапық зәрүр қаржыларды бағдарласын.
- Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги ҳәм Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат тәмийнаты тараўындағы жойбарларды әмелге асырыў агентлиги:
2019-2020-жылларда жеңиллетилген кредит линиялары есабынан эквиваленти 60 миллион АҚШ доллары муғдарындағы миллий валютаның коммерциялық банклер арасында олардың буйыртпалары тийкарында жергиликли аўыл хожалығы техникаларын сатып алыўды қаржыландырыў ушын ажыратылыўын;
еки ай мүддетте Аўыл хожалығы министрлиги менен биргеликте аўыл хожалығы ислеп шығарыўшыларына зәрүр техникаларды лизинг арқалы жеткерип бериў системасын жетилистириў бойынша төмен процентли сырт ел кредит ресурсларын тартқан ҳалда анық илажлар бағдарламасы ислеп шығылыўын тәмийинлесин.
- «Асака» АКБ ҳәм «Агробанк» АКБның жергиликли аўыл хожалығы техникаларын лизинг ҳәм кредитке алыўды қаржыландырыў ушын 60 миллион АҚШ доллары муғдарында халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел коммерциялық банклериниң жеңиллетилген кредит линияларын тартыў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.
- Аўыл хожалығын механизациялаў, аўыл хожалығы машина қурылысы ҳәм аўыл хожалығы техникаларынан пайдаланыў ҳәм техникалық сервис бағдарлары бойынша жоқары билимлендириў мәкемелерине бириктирилетуғын кәсип-өнер колледжлериниң дизими 5-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Усы кәсип-өнер колледжлеринде аўыл хожалығын механизациялаў, аўыл хожалығы машина қурылысы ҳәм аўыл хожалығы техникаларынан пайдаланыў ҳәм техникалық сервис бағдарлары бойынша хызметкерлердиң қәнигелигин арттырыў және қайта таярлаў орайлары жумыс бериўшилердиң буйыртпалары тийкарында Өзбекстан Республикасы Бәнтликке көмеклесиў мәмлекетлик қоры есабынан шөлкемлестирилетуғыны. Онда хызметкер халықтың бәнтлигине жәрдемлесиў орайларының жолламасы тийкарында жумысқа қабыл етилген болыўы керек екенлиги;
кадрларды таярлаў кәсип ҳәм қәнигеликлердиң қурамалылығынан келип шыққан ҳалда 2 жылға шекем мүддетте күндизги, кешки ҳәм сыртқы билимлендириў түрлеринде әмелге асырылатуғыны;
усы қарар менен кәсип-өнер колледжлерине бириктирилген жоқары билимлендириў мәкемелери «Өзагротехсанаатхолдинг» АЖ система кәрханалары менен биргеликте тийисли кәсип-өнер колледжлерине методикалық жәрдем көрсетилиўин ҳәм кәсип-өнер колледжлериниң оқыўшылары арасында келешектеги жумысын даўам еттириў бойынша кәсипке бағдарлаў жумысларын системалы түрде шөлкемлестиретуғыны;
кадрлар таярлаў бойынша усыныслар Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги тәрепинен лаўазымлы жумыс бериўшилер менен биргеликте ҳәр жылы 1-мартқа шекем аўыл хожалығын механизациялаў, аўыл хожалығы машина қурылысы және аўыл хожалығы техникаларынан пайдаланыў ҳәм техникалық сервис бағдарлары бойынша кадрларға болған талапларды анықлаў арқалы қәлиплестирилетуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлигиниң төмендеги усынысларына келисим берилсин:
Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институты, Ташкент мәмлекетлик техника университети, Ташкент қаласындағы Турин политехника университети ҳәм Ташкент автомобиль жолларын жойбарлаў, қурыў ҳәм эксплуатациясы институтының тараўға байланыслы тийисли кафедраларының филиалларын «Өзагротехсанаатхолдинг» АЖ системасы кәрханаларында шөлкемлестириў;
«Өзагротехсанаатхолдинг» АЖ системасы кәрханаларында кеминде 5 жыл мийнет стажына ийе болған пуқараларды аўыл хожалығын механизациялаў, аўыл хожалығы машина қурылысы ҳәм аўыл хожалығы техникаларынан пайдаланыў және техникалық сервис бағдарлары бойынша жоқары билимлендириў мәкемелерине сыртқы ҳәм кешки билимлендириў түрлерине сәўбетлесиў нәтийжелерине бола дифференциалластырылған төлемли-контракт тийкарында оқыўға қабыллаў;
«Өзагротехсанаатхолдинг» АЖ система кәрханаларының басшы лаўазымларына, соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен усынылатуғын сырт ел билимлендириў мәкемесин тамамлаған ямаса илимий дәрежеге ийе талабанлар арасынан таңлаў жолы менен лаўазымға тайынлаў;
Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң усынысына муўапық «Өзагротехсанаатхолдинг» АЖ система кәрханаларында лаўазымға тайынланған профессор-оқытыўшылардың жоқары билимлендириў мәкемесиндеги жумыс орны ҳәм орташа айлық мийнет ҳақысын 2 жыл даўамында сақлап қалыў.
«Өзагротехсанаатхолдинг» АЖ өзиниң қурамына киретуғын кәрханаларда студентлердиң сабақ процеси ҳәм әмелият өткериў ушын аудиториялардың шөлкемлестирилиўин және олардың сабақтан бос ўақытларында ислеўине шараят жаратылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги:
бир ай мүддетте «Өзагротехсанаатхолдинг» АЖ менен биргеликте аўыл хожалығы машина қурылысы тараўындағы кадрлар буйыртпашылардың усыныслары ҳәм алдынғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында оқыў реже ҳәм пән бағдарламаларын қайта көрип шықсын және тастыйықласын;
2020-2021-оқыў жылынан баслап сырт мәмлекетлердиң жетекши жоқары билимлендириў мәкемелери менен биргеликте еки тәреплеме диплом берилетуғын қоспа бағдарламалар тийкарында аўыл хожалығын механизациялаў, аўыл хожалығы машина қурылысы ҳәм аўыл хожалығы техникаларынан пайдаланыў және техникалық сервис бағдарлары бойынша кадрларды таярлаўды жолға қойсын.
- 2019-жыл 1-сентябрьден сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық аўыл хожалығын механизациялаў, аўыл хожалығы машина қурылысы ҳәм аўыл хожалығы техникаларынан пайдаланыў және техникалық сервис бағдарлары бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Қәнигелерди сырт елде таярлаў ҳәм ўатанласлар менен қарым-қатнас бойынша «Эл-юрт умиди» қорының есабынан:
магистрант, докторант, профессор-оқытыўшы, илимий хызметкер ҳәм тараў инженер-техник хызметкерлери жетекши сырт ел жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемелерине оқыў ҳәм маманлығын арттырыў ушын жибериледи;
еки тәреплеме диплом берилетуғын қоспа бағдарлама тийкарында билим алып атырған қәбилетли бакалавр студентлериниң сырт ел билимлендириў мәкемелериндеги оқыўының төлемли-контракты төлеп бериледи.
- «Өзагротехсанаатхолдинг» АЖның атқарыўшы аппаратының структурасы ҳәм басқарма хызметкерлериниң улыўма шекленген санына акционерлердиң улыўма мәжилисиниң қарары менен өзгерислер киргизилиўи мүмкин екенлиги белгиленсин.
- Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги «Өзстандарт» агентлиги менен биргеликте бир ай мүддетте импорт етилетуғын ҳәм жаңадан ислеп шығарылатуғын аўыл хожалығы техникалары ушын орнатылған техникалық талапларды республиканың топырақ-климат шараяты ҳәм халықаралық стандартлар тийкарында жетилистириў бойынша усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Усы қарарды әмелге асырыў бойынша толық әмелий илажлардың режеси 6-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- «Өзагротехсанаатхолдинг» АЖ:
а) исбилерменлик субъектлерин кеңнен тартқан ҳалда:
2020-жыл 1-мартқа шекем ишки ҳәм сыртқы базарларда дилерлик тармағын кеңейтиў;
жергиликли аўыл хожалығы техникаларына хызмет көрсететуғын зәрүр техникалар менен үскенеленген ҳәм көшпели хызмет көрсетиўши бес регионаллық сервис орайларын 2019-жылдың ақырына шекем, қалған аймақларда 2021-жыл 1-январьға шекем шөлкемлестирсин;
б) 2020-жылдан баслап аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилер ҳәм жергиликли және сырт ел ғалаба хабар қуралларының ўәкиллерин кеңнен тартқан ҳалда «AgroMashExpo» аўыл хожалығы техникалары халықаралық көргизбе-саўдасын ҳәр жылы еки мәрте өткериў әмелиятын енгизсин;
в) «Өзстандарт» агентлиги менен биргеликте 2020-жыл 1-мартқа шекем аўысық бөлеклер ҳәм комплектлеўши буйымлардың қәўипсизлик және сапа көрсеткишлерин тәмийинлейтуғын үлги тәжирийбе бағдарламаларын ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;
г) мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.
Ташкент қаласы, 2019-жыл 31-июль.