Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 17:51:53, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЭКСТРЕМИСТЛЕР ДУЗАҒЫНА ТҮСИП ҚАЛЫЎДАН САҚЛАНЫҢ

Бүгинги күнди мәлимлеме технологиялары, әсиресе, интернетсиз көз алдымызға келтире алмаймыз. Адамлардың халықаралық майданларда болып атыр­ған жаңалықлардан ҳәм илим-техника жетискенликлеринен хабардар болып барыўы итибарға ылайық, әлбетте.

Бирақ, бүгинги глобалласыў шараятында «Ким мәлимлемени ийелесе, дүньяны да ийелейди» деген идея бар­ған сайын социаллық  ҳәдийсеге   айланып барар екен, бул ибара қара күшлердиң жедел жумыс алып барыўына қол келмекте.

Кибертерроризм, яғный электрон усыл, халықаралық интернет тармағы ар­қалы әмелге асырылып атыр­ған террористлик жынаятлар пикиримизге дәлил бола алады.

Кибертерроризмниң артыўына байланыслы  тал­қылаўлар   соны көрсетпекте, оның инсан өмирине туўдырып атырған қәўпи күн сайын, саат сайын артып бармақта. Айтайық, бүгин ең шетки аймақларға да компьютер кирип бармақта, интернет тармағы пайдаланыўшыларын жаратыў    ушын мәмлекетлер арасында күшли бәсеки артпақта.

Интернеттиң тезлиги, үнемлиги ҳәм ашықлығы, шегара билмеслиги, пикирлеслерди топлаў мүмкинлиги, тийкарғы өзекти излеп табыў имкансызлығы кибертерроризмге кең жол ашты.

Мағлыўматларға қарағанда, бүгинги күнде Өзбекстанда интернеттен пайдаланыўшылар саны 10 миллионнан асып кеткен. Интернетте түрли сиясий күшлер террористлик-экстремистлик түсиниклер ҳәм идеяларды тарқатыўына, ҳәр қыйлы жынайый топарлардың хызметлерин әмелге асырыўына ҳәм өз көзқарасларын халыққа үгит-нәсиятлаўға да жәрдемлеспекте.

Халықаралық кибертерроризм тәрепдарлары интернет әлеминде өзлериниң ойлаў майданларын жаратып, кең көлемли мәлимлемелескен террор «Муқаддас уруш», «Электрон-жиҳод»ты алып барып атырғаны, глобал ҳәм регионаллық қәўипсизликке жаңа қәўип, жаңа машқалалар келтирип шығарып атырғанлығы ­ ҳәзирги пайытта мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў машқалаларын жүзеге келтирип шығармақта.

Жат күшлер усылай ғана жанымызда, қол телефонымызда, ноутбукымызда, балаларымыз компьютеринде өз пурсатын күтип, аңлып жатқан болса тәжип емес. Усы жағдайларды есапқа алып, ҳәр биримиз сергек ҳәм ояў болыўымыз шәрт. Неге дегенде, сергекликтен бас кешип, өзлигин умытыў айырым мәмлекетлердиң тынышлық ҳәм раўажланыў жолына иритки салып атыр­ғанына көпшилигимиз гүўа болмақтамыз.

Ғалаба хабар қураллары мағлыўматлары таллаўы ҳәм жәбирлениўшилердиң ықрар болыўына көре, радикал идеялардың тарқатылыўы ҳәм шөлкемлерге жаллаў ҳәрекетлериниң көринислери «Facebook», «Odnoklass­iki», «Vkontakte», «Twitter» сыяқлы социаллық тармақларда әмелге асырылмақта.

Ҳәзир психологиялық жақтан ислеў берилген, экс­тремистлердиң экстремистлик, бузғыншы идеялары менен суўғарылған видеороликлери менен бир қатарда мобил қосымша, терроршылар белгиси сүўретленген буйымларды сатып алыў имканын беретуғын элек­трон дүканлар көбейип баратырғаны ҳәр биримизди интернет тармағынан пайдаланыўда сергек  болыўға шақырады.

Биз мине усындай қәўиптен сақланыўымыз, пер­зент­леримизди олардың тәсиринен ҳәр тәреплеме қорғаўымыз тийис.

  Қ.МӘМБЕТНИЯЗОВ.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF