ШОМЫЛЫЎДАҒЫ ҚӘЎИПСИЗЛИК — БАХЫТСЫЗ ҲӘДИЙСЕДЕН САҚЛАЙДЫ
Президентимиздиң 2017-жыл 1-июньдеги «Айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм оларды сапластырыў системасының нәтийжелилигин түп-тийкарынан арттырыў ҳаққында»ғы Пәрманы республика халқын ҳәм аймақларын айрықша жағдайлардан қорғаўда ҳәм олардың қәўипсиз, тыныш турмыс кешириўин тәмийинлеўге қаратылған.
Журтымызда быйылғы жаз мәўсими, әсиресе, июль айы бизди қурғақ, жәзийрама ыссы менен сыйламақта. Июль айы гүзетиўлерге қарағанда, тарийхтағы ең ыссы июль екенлиги мәлим етилмекте. Ҳақыйқатында да, ҳаўа райының бундай ыссы болыўы өз нәўбетинде адамлардың суўға, соның ишинде шомылыўға болған талабының артыўына себеп болды.
Әлбетте, шомылыў инсан организми ушын пайдалы екенлиги ҳәммеге белгили. Лекин, айырым жаслар ҳәм жас өспиримлеримиз ҳеш кимнен рухсат сорап отырмастан, суў ҳәўизлери, дәрья яки көллерге барып, шомылыўға болған талап биринши дәрежеде болып, қәўипсизлик қәделерине әмел етиўи кереклигин ядтан шығарады. Кейинги пайытлары Қарақалпақстан Республикасы аймақларындағы суў ҳәўизлерине шомылыў менен байланыслы айрықша жағдайлар саны көбейип баратырғаны тәшўишли жағдайлардан болып, бул бойынша профилактикалық жумысларды және де жетилистириў бойынша бир қатар тапсырмалар берилмекте. Тийкарынан, әне усындай бахытсыз ҳәдийселер республика аймағында жылдан-жылға көбейип баратырғанлығы себепли Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен 2016-жылы «Өзбекстан Республикасы акваторияларының пляж зоналарында ҳәм дем алыўшылардың қәўипсизлигин тәмийинлеўге қаратылған қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы қарары ҳәм ҳәр жылы «Шомылыў мәўсими дәўиринде республика акваторияларында пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша илажлар Бағдарламасы» ислеп шығылып, әмелге асырылмақта. Усы жылдың 15-майынан 15-сентябрьге шекем «Суўҳәўизлеринде пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў ушын шомылыў мәўсиминде жүз бериўи мүмкин болған бахытсыз ҳәдийселер менен байланыслы болған айрықша жағдайлардың алдын алыўға қаратылған профилактикалық ис-илажлар тийисли министрликлер, тараў хызметкерлери менен биргеликте сәўбетлесиў, үгит-нәсият жумыслары, әмелий-оқыў семинарлары шөлкемлестирилип, ғалаба хабар қуралларында турақлы берилмекте. Олардан атап өтсек, Нөкис коммунал хожалығы ҳәм хызмет көрсетиў кәсип-өнер колледжинде «Суў ҳәўизлеринде шомылыў қағыйдасы саламатлық ҳәм қәўипсизлик гиреўи», Хожели районындағы 3-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде ҳәм бир қатар орынларда оқыў-әмелий семинарлары, сондай-ақ, усы жылдың 13-июль күнине шекем республикамыздың барлық районларында пуқаралар қатнасыўында «Республиканың шомылыў ҳәўизлеринде қәўипсизликти тәмийинлеў илажлары», «Суў ҳәўизлеринде шомылыў қағыйдасы саламатлық ҳәм қәўипсизлик гиреўи» атамаларында сәўбетлесиўлер ҳәм профилактикалық илажлар өткерилди.
Соның менен бирге, дәрья, магистрал ҳәм хожалықлараралық каналларына жақын жайласқан орынларға 258 дана «Шомылыў қадаған етиледи!» деген ескертиў белгилери орнатылды. Булардан тысқары, усы жылдың 23-26-апрель күнлери республика аймағында жайласқан улыўма 10 жабық (жүзиў бассейни), сондай-ақ, республикамыздың Беруний, Хожели, Әмиўдәрья, Елликқала, Шымбай, Қоңырат ҳәм Қараөзек районларында балалар ҳәм өспиримлер спорт мектеплериниң техникалық ҳәм санитариялық жағдайлары үйренилип, саз ҳалатта екенлиги анықланды.
Қаншелли үгит-нәсият ҳәм профилактика илажларының алып барылыўына қарамастан, республикамыз аймағында шомылыў менен байланыслы жағдайлардың көбейип атырғаны бул илажларды еле де күшейтиўге бағдарламақта, - дейди усы басқарманың қәнигеси Ильяр Косбаев. Усы күнге шекем Нөкис қаласы, Тақыятас районы, Төрткүл, Елликқала, Хожели ҳәм Нөкис районларында суўға кетиў менен байланыслы 12 бахытсыз ҳәдийсе жүз берди. Усындай бахытсыз ҳәдийселер үйренилгенде, барлық суўға кетиў жағдайлары қорықланбайтуғын ҳәм қадаған етилген аймақларда жүз берген. Сол себепли де, ҳүрметли ата-аналар, ҳәммемиз билемиз, Қарақалпақстан Республикасы аймағында анық белгиленген пляж зоналары жоқ. Лекин, үлкен дәрьялар қатарына кириўши Әмиўдәрья, каналлар ҳәм көллеримиз бар. Булар қорықланбайды ҳәм қадағаланбайды. Тек ғана Айрықша жағдайлар басқармасы тәрепинен алып барылып атырған яки айырым хызметлер менен шөлкемлестирилип атырған илажлар жетерли емес. Сол себепли де, ҳүрметли ата-аналар өз перзентлериңизге шомылыў ушын мөлшерленбеген суў ҳәўизлерине шомылыў инсан өмири ушын қәўипли екенлигин түсиндирип барыўыңыз зәрүр болады, - дейди қәниге сөзин даўам етип.
Шомылыў ҳаққында гәп кеткенде, усы басқарманың шыпакери Илҳам Қаландаровтың пайдалы пикирлери менен де қызықсындық.
Ҳақыйқатында да, суўға шомылыў да өз-өзинен болмайды. Ҳәр бир пуқара шомылыўдың да қәўипсизлик қәделерине итибар қаратып, естен шығармаўы тийис. Суўға түспестен алдын дәслеп денени суўға үйретип алыў керек. Егер де, дене қызып турған пайытында шомылғанында денеде тартылыс пайда болып, өзин-өзи басқара алмай қалыўы мүмкин. Нәтийжеде адамның шөгип кетиў ҳалатлары жүз береди. Соның менен бирге, суў бойында спиртли ишимликлер ишип шомылыў себебинен нерв системасының қысқарып барыўы және де дем алыў жолларына суўды жутыўы да суўға кетиўдиң, яғный, бахытсыз ҳәдийсениң пайда болыўына себеп болады. Сондай-ақ, усы орында суўға кетиў менен байланыслы айрықша жағдайлар жүз бергенде суўға кетип атырған инсанға биринши жәрдем оның арқа тәрепинен барып шашынан тартылатуғынын, егер шашы болмаған жағдайда оң қолы астынан қолды көтерип мойнынан услаған ҳалда арқа тәрепке шығыў кереклигин ескертемиз...
Ҳақыйқатында да, қандай айрықша яки бахытсыз жағдай жүз бермесин, ҳәр бир инсан өзине бийпарық болмай, қәўипсизлик қәделерине итибарлы болыўы талап етиледи. Сонда ғана бундай бахытсыз ҳәдийселердиң пайда болыўына жол қоймаған боламыз.
Г.САПАРОВА,
арнаўлы хабаршымыз.