ИТИБАРСЫЗЛЫҚ АҚЫБЕТИ
Соңғы жыллары елимизде болып атырған ҳәр күнги жаңаланыўларды көрип, әлбетте, бундай табыслар менен жетискенликлердиң бәри биринши гезекте ҳүким сүрип турған тынышлықтың, миллетлер аралық татыўлықтың, жасларға жаратылып атырған қолайлылықлардың арқасында екенлигин жақсы түсинемиз.
Тилекке қарсы, бундай тыныш ҳәм абадан турмысымызды, тыныш жасап ҳәм мийнет етип атырған халқымыздың аўызбиршилигин көре алмаўшы кимсе ҳәм топарлардың барлығын да бийкарлап болмайды.
Негизинде ҳәр қандай жақсы басламаға да, жаман иске де төменнен тийкар жаратылады. Бүгинги дүньяны жаўлап алған интернет тармағының да пайдалы ҳәм зыянлы тәреплери бир-бири менен барабар. Азғана итибарсызлықтың нәтийжесинде бар нәрсемизди жоғалтыўымыз, жәмийетте абырайымыз түсиўи мүмкин.
1971-жылы Хожели районында туўылған, шаңарақлы, еки перзентти камалға келтирип, мийирбийке болып ислеп атырған Матенова Калха Айгабуловна күнделикли қол телефонынан итибарлы пайдаланғанда саў басын саўдаға салмас еди. Суд қарарындағы фактлерге сүйенер болсақ, К.Матенова усы жыл 16-апрель күни өзине тийисли болған «Samsung J-2» маркалы қол телефоны арқалы интернет тармағынан ғәрезсиз мәмлекетимизге алып кириў қадаған етилген Содиқ Самарқандийдиң диний мазмундағы материалларын тартып алып, «Одноклассники» сайты арқалы басқа пуқараға телеграмм бағдарламасы арқалы диний мазмундағы аудиофайлларды жиберип, тарқатып жүргенлиги анықланды. Оның бул ҳуқықбузарлық ҳәрекетлери Муҳаммад ибн Ахмад әл-Беруний орта арнаўлы билим бериў орнының берген экспертиза жуўмағы, айғақлы затларды көзден кешириў ҳәм алыў баяннамасы, гүўалардың көрсетиўлери ҳәм истеги бар ҳүжжетлер менен тастыйықланып, Хожели районы ҳәкимшилик суды тәрепинен көрип шығылды.
Ҳәр қандай итибарсызлықтың орны толмас өкинишке себеп болатуғынын ҳәмийше ядымыздан шығармайық.
Б.ҚУРБАНОВ.