КЕСКИН БЕЛЛЕСИЎЛЕР
2018-жылдан баслап Қорғаныў министрлиги әскерий бөлимлериндеги аралас қурамдағы әскерий бөлим әскерлери арасында он бестен артық бағдар бойынша өткерилип киятырған «Ең алдынғы қәниге» таңлаўы арқалы жас қәнигелердиң кәсибине болған қызығыўшылығы артып бармақта.
Нөкис полигонында гарнизондағы әскерий бөлимлериниң бириниң артиллерия қәнигелери арасында усындай таңлаўдың биринши басқышы кескин беллесиўлерге бай болды.
Қызғын беллесиўлерде мүддетли әскерий хызметкерлер бир неше ай даўамында артиллерия қуралларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм нышананы анық гөзлеп атыў ҳәм жоқ етиў көнликпесин әмелде сынады.
Жарыс шәртлеринде көзде тутылған шынығыўларда әскерлер жеке ҳәм командалық қурамда «Ең алдынғы артиллерия қәнигеси» «Стволли артиллерия қәнигеси», «Реактив артиллерия қәнигеси» ҳәм «Миномёт артиллерия қәнигеси» сыяқлы номинацияларда қатнасты. Қызғын беллесиўлерге бай болған жарыста жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен хошаметленди.
Буннан басқа, гарнизонда «Артиллерия эстафетасы» жарысы да турақлы өткерилмекте. Бөлимлер арасында өткерилип атырған бул таңлаў әскерлер арасында саламат бәсекилик орталығын жаратып, алдынғыларын хошаметлеўге хызмет етпекте.
Арқа-Батыс әскерий округи баспасөз хызмети.