Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 18:18:33, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЗИЙРЕК СТУДЕНТЛЕР ХОШАМЕТЛЕНДИ

Жақында Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрында  Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы тәрепинен оқыўда ҳәм жәмийетлик жумысларда белсене қатнасқан студент жасларды хошаметлеў мақсетинде «Жылдың ең зийрек, ең талапшаң студенти» номинациясы бойынша илаж шөлкемлестирилди.

 Илажда филиал директоры П.Палўаниязов сөзге шығып, институт турмысындағы жаңалықларға айрықша тоқтады ҳәм төрт жыл даўамында устазлардан теориялық ҳәм әмелий билим алған быйылғы  питкериўшилерге табыслар тилеп, республикамыз көркем-өнер тараўының раўажланыўына өзлериниң салмақлы үлеслерин қосыўына тилеклеслик билдирди.

Буннан соң, номинация жеңимпазларын хошаметлеў мәресимине нәўбет берилди. Номинацияда филиалдың 1-курс студенти Айдос Бекмуратов ҳәм 2-курс студентлери Асылбек Қолқанатов, Меҳрибан Жийемуратовалар «Жылдың ең зийрек студенти» номинациясы бойынша 300 мың сумлық сертификат пенен хошаметленди.

 Сондай-ақ, «Жылдың ең талапшаң студенти» номинациясында филиалдың 3-курс студенти Лола Дәўлетбаева, 4-курс студентлери Шахноза Тәжимуратова ҳәм Бахрам Отарбаевлар 200 мың сумлық сертификат пенен хошаметленди.

 Жыл даўамында беленсе қатнасқан филиалдың 2-курс студенти Сайёра Нарбаева, 1-курс студентлери Азиз Шымбергенов, Заҳира Шарипова, Қуяш Орынбаев, Альфия Жийемуратова ҳәм Айгүл Ережеповаларға «Ҳүрмет жарлықлары» тапсырылды.

Буннан соң оқыўды питкерип, өндириске жоллама ал­ған жаслар сахнаға шығып, билим берген устазларына өз миннетдаршылықларын билдирди.

Илаж студент жаслар ҳәм көркем өнер шеберлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.

Ҳүрлиман ТУРСЫНБАЕВА,

ӨзМКӨМИ Нөкис филиалы Баспасөз хаткери.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF