Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 17:41:34, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МУЎАПЫҚЛАСТЫРЫЎШЫ КЕҢЕС ЖЫЙНАЛЫСЫ ӨТКЕРИЛДИ

Жақында Нөкис гарнизоны руўхый ағартыўшылық орайы имаратында 2019-жылдың өткен 6 айы жуўмақлары бойынша өткерилген ҳуқықый үгит-нәсиятлаў илажлары ҳәм де тараўда алдағы әмелге асырылыўы лазым болған жумыслар бойынша муўапықластырыўшы кеңес жыйналысы өткерилди.

Жыйналысқа Нөкис әскерий прокуроры, әдиллик полковниги Б.Худойбердиев басшылық етти. Оған Арқа-Батыс әскерий округи әскерий сәркардалығы ҳәм де ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери қатнасты.

Илаж даўамында әскерлердиң тәртип-интизамы, олардың шаңарақ ағзалары, Қураллы Күшлер ветеранларының мүрәжатларын үйрениў, жынаятшылықтың алдын алыў, ҳуқықый тәртипти беккемлеў, әскерий хызметти өтеўде қәўипсиз ҳәм қолайлы шараятларды жаратыў бағдарында әмелге асырылған жумыслар бо­йынша пикирлер алысылды.

Тийисли шөлкем ўәкиллери әскерий хызметкерлердиң ҳуқықый саўатлылығын арттырыў, ҳуқық қорғаў уйым­лары хызметкерлери менен өткерилетуғын профилактикалық илажлардың әҳмийети ҳаққында да тоқтап өтти.

Илаж жуўмағында усы жылдың екинши ярымы ушын режелестирилген илажлар бойынша Кеңес қарары қабыл етилди.

Арқа-Батыс әскерий округи баспасөз хызмети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF