ӨНЕР СЫРЛАРЫ БИЙПУЛ ҮЙРЕТИЛМЕКТЕ
Жәмийетимизде жүз берип атырған жаңаланыўлар, әмелге асырылып атырған реформалар, жүз берип атырған өзгерислер процесинде ҳаял-қызлардың ролин еле де күшейтиў бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпаларынан болып есапланады.
ӨзМТДП сайлаўалды платформасында өсип киятырған жаслардың руўхый дүньясын байытып барыў мақсетинде белгиленген ўазыйпалардан келип шыққан ҳалда, Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы «Ҳаял-қызлар қанаты» тәрепинен ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, олардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў бағдарында бир қанша жумыслар әмелге асырылмақта.
Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен алға қойылған Жаслар мәнаўиятын жоқарылатыў ҳәм олардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў бойынша 5 тийкарғы басламасының бесинши бағдарында белгиленген ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша, партиямыз басламасы менен жәмлеспеген жаслар ҳәм жумыссыз ҳаял-қызларды кәсип-өнерге үйретиў, олардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў ҳәм келешекте қандай да бир кәсип-өнерди ийелеп, турмыста өз орынларына ийе болыўына көмеклесиў мақсетинде «Хызмет — бийминнет» жойбары тийкарында бийпул оқыў курслары шөлкемлестирилмекте.
Усы жылдың январь — май айлары аралығында Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Тақыятас районлық Кеңесиниң қоллап-қуўатлаўы менен шебер тигиўши Назира Дәўлетбаева тәрепинен райондағы 4 ҳаял-қызға тигиў-пишиў сырлары үйретилип, келешекте олардың еркин түрде тигиўшилик пенен шуғылланыўына имканият жаратылды.
Ал, ҳәзирги ўақытта өз өнерин «Устаз-шәкирт» мектеби тийкарында жасларға үйретиўди мақсет еткен райондағы және бир шебер тигиўши Замира Усманова болса усы жойбар негизинде 3 мектеп оқыўшыларына өз өнерин жалықпастан үйретпекте.
Бул өз гезегинде, бос отырған ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеўге ҳәм олардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыўға хызмет етеди.
Зухра Тажихожаева.
ӨзМТДП Тақыятас районлық Кеңеси баслығы.