ЖОЙБАРЛАРҒА МҮНӘСИБЕТ БИЛДИРИЛИП, ЎАЗЫЙПАЛАР БЕЛГИЛЕНДИ
Исбилерменлер ҳәрекети — Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясының Қарақалпақстан Республикасы Кеңесинде партияның жаңаланған Бағдарламасы ҳәм Платформасының жойбарын додалаў, болажақ сайлаўларға таярлықтың барысына бағышланған дөгерек сәўбети болып өтти.
Илажда ӨзЛиДеП Сиясий Кеңеси атқарыў комитетиниң бөлим баслығы Г.Халмуратова, партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң аппарат басшысы Ш.Өтемисов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер бойынша өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.
Атап өтилгениндей, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы шеңберинде әмелге асырылып атырған избе-из демократиялық реформалар, Сайлаў кодексиниң қабыл етилиўи ҳәм басқа да бир қанша факторлар болажақ сайлаўларды сапа жағынан пүткиллей жаңа басқышқа, ашық-айдынлық, жәриялылық принциплери ҳәм күшли партиялар аралық бәсеки, идеялар ҳәм бағдарламалар гүреси астында болып өтетуғынынан дәрек береди.
Бул өз гезегинде ӨзЛиДеПтиң барлық структуралары, депутатлық корпусының алдына партияның усы сайлаўларда мүнәсип ҳәм нәтийжели қатнасын тәмийинлеў бойынша бир қатар ўазыйпаларды қояды. Бул ўазыйпалар түрли дәрежедеги ўәкиллик уйымларының депутатлығына мүнәсип талабанларды, партияның бақлаўшылары менен исенимли ўәкиллерин таңлап алыў, олардың сиясий, ҳуқықый көнликпелерин және санасын жетилистириўден баслап, партияның өз электораты, сайлаўшылар менен байланысларын беккемлеў, заманагөй PR-технологияларынан пайдаланыў сыяқлы мәселелерди қамтып алады.
Соның менен бирге, болажақ сайлаўларға таярлық барысындағы жумысларды бүгинги күнниң талапларынан келип шығып, пүткиллей басынан, жаңаша ҳәм инновациялық қатнас тийкарында қайтадан көрип шығыў кереклиги атап өтилди. Атап айтқанда, соңғы үш жылдың ишинде партияның бағдарламалық ҳүжжетлерине сезилерли өзгерислердиң киргизилмеген, оның Бағдарламасы ҳәм Сайлаўалды бағдарламасы Ҳәрекетлер стратегиясы менен үнлес болыўы тийис. Себеби, ол Президентимиздиң сайлаўалды бағдарламасына тийкарланған болып, ӨзЛиДеПтиң Президент сайлаўлары аралығындағы бағдарламалық ҳүжжети болып табылады ҳәм айрықша жуўапкершилик жүклейди.
Илажда елимиз раўажланыўының жаңа дәўиринде халық пенен пикирлесиў ҳәр бир кәрхана ҳәм шөлкемниң әҳмийетли ўазыйпасына айланғаны атап өтилди. Соның ушын да, 2018-жылдың август-сентябрь айларында халық пенен ашық пикирлесиў ҳәм халықтың машқалаларына шешим табыў мақсетинде партия Сиясий Кеңесиниң Атқарыў комитети қарары менен жумысшы топарлар дүзилген еди. Олар орынларда Президентимиздиң басламасы менен ислеп шығылған ҳәм турмысқа енгизилип атырған «Ҳәр бир шаңарақ-исбилермен», «Жаслар-келешегимиз!», «Абат аўыл», «Абат мәҳәлле» сыяқлы оғада әҳмийетли бағдарламалардың орынланыўын үйрениў бойынша электорат ўәкиллери халық пенен жүзбе-жүз пикирлесиўлер алып барды. Тек усы жылдың июнь айында жумысшы топарлар орынларға гезектеги шығыўларды әмелге асырды ҳәм ҳәр бир районның кесиминде 400 шаңараққа кирип шықты.
Илаж соңында усы жылы Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына, халық депутатлары жергиликли Кеңеслерине болып өтетуғын сайлаўларға қызғын таярлық көриў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.