Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 17:57:54, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МИКРОФИНАНСЛЫҚ ХЫЗМЕТЛЕРДИҢ ҚОЛАЙЛЫЛЫҒЫН АРТТЫРЫЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Банк емес кредит шөлкемлериниң жумысын шөлкемлестириў ушын ҳуқықый тийкарларды жетилистириў ҳәм рухсат бериў тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў, сондай-ақ, коммерциялық банклерди микроқаржыландырыў процесс­лерине тартыў бойынша көрилип атырған илажлар республикада микрофинанслық хызмет көрсетиў көлемин жетерли дәрежеде кеңейтиўге имканият жаратқанлығын атап өтиў керек.

Соның менен бирге, микроқаржыландырыў тараўын тәртипке салыў бойынша халықаралық тәжирийбе халық ҳәм исбилерменлик субъектлериниң микрофинанслық хызметлерге өсип атырған талапларын қанаатландырыў ушын кредит шөлкемлериниң потенциалын арттырыў зәрүр екенлигин көрсетпекте.

Сол себепли микроқаржыландырыў нызамшылығын жақсылаў, оның ең жақсы әмелиятларын, соның ишинде, аралықтан турып хызмет көрсетиў имканиятларын енгизиў, көрсетилип атырған хызметлер шеңберин кеңейтиў, халыққа ҳәдден тыс қарыз жүги қәлиплесиўиниң алдын алыў, халықтың финанслық билимин, финанслық қолайлылықты арттырыў ҳәм усы хызметлер тутыныўшыларының ҳуқықларын қорғаў республикада микроқаржыландырыў тараўын буннан былай да раўажландырыў бо­йынша жумыслардың ҳәзирги басқышындағы әҳмийетли бағдарлары болыўы керек.

Микроқаржыландырыў тараўын буннан былай да раўажландырыў ушын қолайлы шараятларды жаратыў мақсетинде, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 8-январьдағы «Экономиканы буннан былай да раўажландырыў ҳәм экономикалық сиясаттың нәтийжелилигин арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы ПП-5614-санлы Пәрманы менен белгиленген ўазыйпаларға муўапық:

  1. Өзбекстан Республикасы Орайлық банки тәрепинен финанслық қолайлылық тараўындағы алдынғы халықаралық тәжирийбени есапқа алған ҳалда қурамында финанслық хызметлердиң қолайлылығын кеңейтиў, халық ҳәм исбилерменлик субъектлериниң финанслық билим дәрежесин арттырыўды, финанслық хызметлер тутыныўшыларының ҳуқықларын қорғаўды нәзерде тутатуғын Финанслық қолайлылықты арттырыўдың миллий стратегиясын (кейинги орынларда — Миллий стратегия) ислеп шығыўға Жәҳән банкиниң техникалық жәрдеми тартылғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Финанслық қолайлылықты арттырыўдың миллий стратегиясын ислеп шығыў ҳәм келешекте әмелге асырыў бойынша муўапықластырыўшы кеңес 1-қосымшаға муўапық қурамда дүзилсин ҳәм оның тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:

жуўапкер министрликлер ҳәм уйым­лардың Миллий стратегияның орынланыў барысы бойынша муўапықластырылған бирге ислесиўин тәмийинлеў, зәрүр болғанда белгиленген илажлардың орынланыўына байланыслы жедел илажларды көриў;

Миллий стратегияны әмелге асырыў мәселелери бойынша халық­аралық финанс институтлары, сырт ел ҳүкиметиниң финанслық шөлкемлери, экспертлер жәмийетшилиги ҳәм ғалаба хабар қураллары менен өз-ара нәтийжели бирге ислесиўди шөлкемлестирип, усы мақсетлерде семинарлар, дөгерек сәўбетлери, конференциялар ҳәм басқа да илажларды шөлкемлестириў.

  1. Муўапықластырыўшы кеңес (Ж.А.Қўчқоров):

бир ай мүддетте усы қарардың 2-бәнтинде көрсетилген илажларды 2019-жылдың ақырына шекем орынлаў бойынша әмелий илажлардың режесин тастыйықласын, сондай-ақ, реже орынланыўының барысы ҳаққында ҳәр айда Минис­трлер Кабинетине ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Адми­нистрациясына мәлимлеме киргизсин;

2020-жыл 1-январьға шекем «Финанслық қолайлылықты арттырыўдың миллий стратегиясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы ҳүкимет қарары жойбарын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Орайлық банки:

2020-жыл 1-январьға шекем тараўға қәнигелестирилген халықаралық экспертлер жәрдеминде халықтың финанслық билимин ҳәм финанслық қолайлылық дәрежесин қалыс баҳалаў мақсетинде изертлеўлер ҳәм сораўлар өткерсин;

финанслық қолайлылықты жетилистириў ушын Финанслық инклюзив аўқам ҳәм сырт мәмлекетлердиң орайлық банклери менен өз-ара бирге ислесиўди күшейтсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Орайлық банки ҳәм Қаржы минис­трлигиниң 2019-жыл 1-августтан баслап төмендеги тәртипти орынлаў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын, оған муўапық:

орайдың ең жоқары муғдары 50 миллион сумға шекем, микрокредит муғдары — 300 миллион сум­ға шекем ҳәм микролизинг муғдары — 600 миллион сумға шекем арттырылады;

микрокредит шөлкемлери ҳәм ломбардлардың жумысын әмелге асырыў ҳуқықына лицензия бериў ҳаққындағы арзаны көрип шығыў мүддети 30 күннен 15 жумыс күнине шекем қысқартылады;

микрокредит шөлкемлери барлық исенимли (бланкли) кредитлердиң олар қәлиплестирген устав фондына процент салыстырмасын еркин белгилейди;

акционерлик жәмийет түринде шөлкемлестирилген микрокредит шөлкемлерине корпоратив облигацияларды шығарыў ҳәм оларды тек ғана юридикалық шахслар арасында жайластырыў ҳуқықы усынылады;

сырт  ел микрокредит шөлкемлерине Өзбекстан Республикасында жумыс алып барып атырған микрокредит шөлкемлериниң устав фондында қатнасыўға рухсат бериледи.

  1. 2019-жыл 1-августтан баслап:

а) микрокредит шөлкемлерине:

банклер, қамсызландырыў компаниялары ҳәм басқа да қаржы шөлкемлердиң агенти сыпатында агентлик хызметлерин тек ғана нақ пулсыз түрде көрсетиў ҳәм агентлик келисиминиң бар екенлиги ҳаққында мәлимлемелерди жәрия­лайтуғыны, сондай-ақ, жынайый истен алынған дәраматларды легалластырыўға, терроризмди қаржыландырыўға ҳәм ғалаба қырғын қуралын тарқатыўды қаржыландырыўға қарсы гүресиў бойынша нызам ҳүжжетлери нормаларын орынлаў шәрти менен қатнасатуғыны;

макропруденциаллық қадағалаў шеңберинде белгиленген нормаларға әмел етилиўин тәмийинлейтуғын көлемлерде кредитлерди (қарызларды) тартыўға ҳәм корпоратив облигацияларды шығарыўға;

микрокредит шөлкемлери бас­қарыўының жоқары уйымларының қарары менен усақлап сатыў хызметлери, соның ишинде, нақ пулсыз түрде көрсетилетуғын микрофинанслық хызметлердиң орайларын олар ашыл­ған күннен баслап он күнлик мүддетте Өзбекстан Республикасы Орайлық банкин хабардар еткен ҳалда ашыўға рухсат берилетуғыны;

б) банклер ҳәм басқа да кредит шөлкемлери физикалық шахс­ларға банклер ҳәм басқа да кредит шөлкемлери тәрепинен потенциал қарыз алыўшыны аралықтан турып идентификациялаў, мағлыўматлардың қәўипсиз алмасыўын әмелге асырыў ҳәм скоринг модели тийкарында қарыз алыўшының кредит қәбилетин баҳалаўды тәмийинлеў шәрти менен онлайн-кредит (микроқарызлар) бериў ҳуқықына ийе екенлиги белгилеп қойылсын.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық төмендегилер қадаған етиледи:

физикалық шахсларға сырт ел валютасында кредитлер (қарызлар) бериў ҳәм кредитлер (қарызлар) бойынша олардың миннетлемелерин сырт ел валютасында есап­қа алыў;

банк емес кредит шөлкемлери тәрепинен физикалық шахслардан қысқа мүддетли микрофинанслық хызметлер тәмийнатынан көшпес турақ жай мүлкин гиреў сыпатында қабыл етиў;

бурын алынған кредитлер (қарызлар) бойынша сөндирилмеген мүддети өткен қарыздарлық бар болған жағдайда физикалық шахсларға жаңа микро­финанслық хызметлер көрсетиў.

  1. Өзбекстан Республикасы Орайлық банки:

2019-жыл 1-сентябрьге шекем микрокредит шөлкемлериниң имаратлары ҳәм касса ханаларының техникалық үскенеленгенлик талапларын бүгинги күн талаплары, халықаралық тәжирийбе ҳәм микрофинанслық хызметлер көрсетиў усылларын жетилистириўди есапқа алған ҳалда әпиўайыластырсын;

2019-жыл 1-октябрьге шекем қарыз алыўшы физикалық шахслардың кредитлер (қарызлар) бойынша қарыз жүгин есаплаў методологиясын ҳәм рухсат етилетуғын көрсеткиш бирликлерин, сондай-ақ, физикалық шахслардың қарыз жүгиниң, соның ишинде, күнлик ең жоқары процент ставкалары бойынша өсиўин шеклеп турыўға байланыслы нормаларды тастыйықласын;

2019-жыл 1-ноябрьге шекем кредит шөлкемлери тәрепинен тәўекелшиликлердиң сәйкес түрде басқарыўы бар екенлиги, кредит бюроларынан кредит мағлыўматларды мәжбүрий алыў, жумыстың қәўипсизлигин ҳәм үзликсизлигин тәми­йинлеўди нәзерде тутатуғын аралықтан хызмет көрсетиў тәртибин тастыйықласын;

2019-жыл 1-декабрьге шекем Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги менен биргеликте бурын коммерциялық банкте дәслепки идентификациядан өткен физикалық шахсты кредит шөлкемлери тәрепинен аралықтан турып идентификациялаў механизмин енгизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Орайлық банки, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Әдиллик министрлиги, Ишки ислер министрлиги 2019-жыл 1-декабрьге шекем:

Өзбекстан Республикасы Орайлық банки жанындағы «Гиреў реес­три» МУК мағлыўматлар базасын Әдиллик министрлиги ҳәм Ишки ислер министрлигиниң мағлыўматлар базасы менен микрофинанслық хызметлер бойынша гиреўге қабыл етилген көшпели мүлкке пайдаланыў имканиятын кеңейтиўди нәзерде тутатуғын интеграциясын тәми­йинлесин;

нызамшылыққа микрофинанслық хызметлер бойынша гиреў шәртнамаларын мәжбүрий нотариал тастыйықлаўды бийкар етиў ҳәм кредит шөлкемлери тәрепинен гиреў реестриниң мағлыўматлар базасына тийисли жазыўларды киргизиў менен бир ўақытта мағлыўматларды Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги ҳәм Әдиллик министрлигиниң мағлыўматлар базаларында сәўлелендириў имканиятын нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында усыныслар ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Орайлық банки 2019-жыл 1-ноябрьге шекем усы қарар менен белгиленген нормалар тәсириниң анализи, сондай-ақ, тараўға қәнигелескен халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел ҳүкимет қаржы шөлкемлериниң эксперт жуўмақларынан келип шыққан ҳалда төмендегилерди нәзерде тутатуғын «Банк емес кредит шөлкемлери ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызам жойбарын ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин:

банк емес кредит шөлкемлериниң шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый тийкарлары;

банк емес кредит шөлкемлери тәрепинен әмелге асырылатуғын финанслық операциялардың рухсат берилетуғын түрлерин анықлаў;

микрофинанслық хызметлер көрсетиў ҳәм олардың тутыныўшыларының ҳуқықын қорғаў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыў;

банк емес кредит шөлкемлериниң жумысын қадағалаў ҳәм тәртипке салыў тәртиби.

  1. Усы қарарды әмелге асырыў бойынша толық әмелий илажлардың режеси 2-қосымшаға муўапық тастыйықласын.

Жуўапкер министрликлер, уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң басшылары барлық илажлардың белгиленген мүддетлерде сөзсиз ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 12-сентябрьдеги «Республикалық банк сис­темасын буннан былай да раўажландырыў ҳәм турақлылығын арттырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3270-санлы қарарына 1-қосымшаның 41-бәнти өз күшин жоғалтқан деп есаплансын.
  2. Өзбекстан Республикасы Орайлық банки еки ай мүддетте:

Қаржы министрлиги, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин;

қабыл етилген ведомстволық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди усы қарарға муўапықластырсын.

  1. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Бас минис­триниң орынбасары Ж.А.Қўчқоров­қа ҳәм Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң баслығы М.Б.Нурмуратовқа жүкленсин.

        Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

        Ташкент қаласы, 2019-жыл 23-июль.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF