Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:02:30, 18.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БАС  МАҚСЕТИМИЗ — ӨРТ ҚӘЎИПСИЗЛИГИН ТӘМИЙИНЛЕЎ

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 23-майдағы «Ишки ислер уйымлары өрт қәўипсизлиги бөлимлериниң жумысларын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары талапларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде «Uz-Kor Gaz Chemical» ЖШЖ ҚК ҳәм оның қурамындағы объектлерди өрттен қорғаў бойынша өрт қәўипсизлиги бөлиминиң өрттиң алдын алыў топары инспекторлары ҳәм нәўбетши смена жеке қурамы тәрепинен бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, ҳәр ҳәптениң шийшемби күнлери «Uz-Kor Gaz Chemical» ЖШЖ ҚК аймағында жайласқан цех ҳәм участкалардың өртке қарсы жағдайлары, өртке қәўипли орын­ларға орнатылған автомат өрт өшириў ҳәм өрттен хабарландырыў қурылмаларының, ишки ҳәм сыртқы өрт өшириў суў тармақларының сазлығы объекттиң жуўапкер хызметкерлери менен биргеликте тексерилип, барылмақта ҳәм анықланған кемшиликлер бойынша объект басшыларына хабарландырыўлар берилип, оларды тез арада сапластырыў илажлары көрилмекте.

Соның менен бирге, объекттеги Ықтыярлы өрт өшириў топары ағзалары менен биргеликте пайда болған өртлерди сапластырыў бойынша әмелий өрт тактикалық шынығыўлар өткерилмекте ҳәм объект жумысшылары арасында өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етиў, өрттиң алдын алыў бойынша үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта.

Объектте профилактика жумысларын алып барыў ҳәм нәўбетши смена гүзети хызмети, сақшылар хызмети күшейттирилген тәртипте өткерилип атыр. Ҳәзирги ўақытта «Uz-Kor Gaz Chemical» ЖШЖ ҚКын ҳәм оның қурамындағы объектлерди өрттен қорғаў бойынша өрт қәўипсизлиги бөлими қурамындағы 11-санлы Әскерийлестирилген өрт қәўипсизлиги бөлимшесиниң нәўбетши смена жеке қурамы ҳәм бөлимниң өрттиң алдын алыў топары инспекторларының бақлаўында объекттиң өртке қарсы жағдайлары күни-түни гүзетилип барылмақта.

Объектте ишки ҳәм сырт­қы өртке қарсы суў тармақларын саз жағдайында тутыў, автомат өрт өшириў ҳәм өрттен хабарландырыў қурылмаларының сазлығына итибар қаратыў, объектти керекли өрт өшириў қураллары менен жетерли дәрежеде тәмийинлеў, өрт өшириў қуралларына барыў жолларын беккемлеў, соның менен бирге, төгилген майларды өз ўақтында тазалаў ҳәм цехлардың өрт қәўипсизлиги бойынша Қолланбасы талапларын орынлаў жумыслары ӨААТ инспекторлары тәрепинен қатаң қадағалаўға алынды.

Жеке қурам тәрепинен объект ҳәм Сүргил газ кәни аймағында жайласқан мәкеме ҳәм кәрханаларда өрт қәўипсизлиги қағыйдаларын сақлаў бойынша үгит-нәсият жумыслары даўам еттирилмекте.

А.ДАЛЖАНОВ,

11-санлы ӘӨҚБ смена басшысы, лейтенант,

Б.АМАНЖОЛОВ,

бөлимниң өрт қадағалаў ҳәм профилактикасы топарының өрт

қәўипсизлиги инспекторы, аға сержант.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF