НАЎРЫЗДЫҢ ҚЫРҒЫЗСТАНДАҒЫ ТАБЫСЫ
Усы жылдың 26-30-июнь күнлери Қырғызстанның Шолпан-ата қаласында спорттың таэквондо 85F түри бойынша жаслар арасында гезектеги Азия чемпионаты ҳәм кубок беллесиўлери болып өткен еди.
Континентимиздиң көпшилик мәмлекетлеринен күшли таэквондо шеберлери қатнасқан бул чемпионатта өзбекстанлы спортшылар да мүнәсип беллести. Биз ушын қуўанышлы тәрепи мәмлекетимиз сайланды командасының ағзасы, Нөкис қаласындағы 47-санлы қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы Наўрыз Бектурғанов 2002-2003-жылларда туўылған жаслар арасында 60 килограммға шекемги салмақ категориясында матсоги жөнелиси бойынша алтын медальды қолға киргизип, Азия чемпионы атағын жеңип алыўға еристи.
Дәслеп россиялы қарсыласынан үстем келген Наўрыз финаллық беллесиўде татами ийеси болған қырғызстанлы спортшыны тәслим етти. Бул табысы арқалы ол Аргентинада өткерилетуғын жәҳән чемпионатына жолламаны да қолға киргизди.
30-июнь Жаслар күнине мүнәсип саўға таярлаған Наўрыз Бектурғановты ҳәм оның устазларын, ата-анасын бул жеңиси менен қутлықлап, алдағы жарысларда да мәмлекетимиз байрағын көклерге көтере бериўине тилеклеспиз.
С.ЖАНИЕВ.
СҮЎРЕТТЕ: Наўрыз Бектурғанов.