Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:01:20, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИНИҢ ЖИГИРМА АЛТЫНШЫ СЕССИЯСЫ ҲАҚҚЫНДА МӘЛИМЛЕМЕ

Усы жыл 29-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма алтыншы сессиясы болып өтти. Оған Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм ҳүкимет ағзалары, министрликлер менен уйымлардың, мәкеме ҳәм кәрханалардың, ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов кирис сөз бенен ашты ҳәм алып барды.

Депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.

Атап өтилгениндей, Қарақалпақстан ҳәмийше Президентимиздиң дыққат-итибарында болып келмекте. Соңғы еки ярым жыл ишинде Шавкат Мирзиёев республикамызда бес мәрте болып, жағдайлар менен жақыннан танысты. 2018-жылдың 15-16-ноябрь күнлериндеги сапарынан соң 11 триллион 534 миллиард сумлық 793 жойбар қабыл етилип, соның нәтийжесинде 12 мыңнан аслам жаңа жумыс орны жаратылмақта.

Буннан тысқары, Мойнақ районы бойынша еки қарар қабыл етилип, Қанлыкөл районында кең көлемли қурылыс және реконструкция жумыслары алып барылмақта. «Шорбулақ» суў сақлағышын, «Тебинбулақ» кәнинде металлургия комплексин қурыў жумыслары баслап жиберилген болса, барлық қала ҳәм районларда «Абат мәҳәлле», «Абат аўыл» мәмлекетлик бағдарламалары бойынша жумыслар даўам еттирилмекте. Жаслар тәрбиясындағы әҳмийетли бес баслама, сондай-ақ, «Жаслар — келешегимиз» мәмлекетлик бағдарламасы бойынша ийгиликли ислер қолға алынбақта.

Президентимиздиң Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң 72-сессиясында дүнья жәмийетшилигиниң итибарын Арал машқаласына қаратқанлығы, жақында ғана Бишкек қаласында болып өткен Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Мәмлекет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилисинде, Душанбе қаласында болып өткен Азияда бирге ислесиў ҳәм исеним илажлары бо­йынша кеңестиң бесинши саммитинде бул машқаланы және бир мәрте көтерип шыққанлығы халқымызға деген итибары және ғамқорлығының нәтийжеси болып табылады.

Елимиздиң абырайын арт­тырыўға үлес қосып кия­тырған, жәмийетлик-сиясий белсендилиги, үлгили ислери менен ажыралып туратуғын 14 жастан 30 жасқа шекемги жасларға «Үмит уш­қыны», түрли тараўларда пидайылық көрсетип, елимиздиң социаллық-экономикалық раўажланыўына ылайықлы үлес қосып киятырған инсанлар ушын «Ўатан пидайысы», мийнет жолы даўамында жоқары нәтийжелерге ерисип, үлкен абырай арттырған, шаңарақлардың беккемлигин тәмийинлеўге үлес қосып киятырған пенсионерлер ушын «Ардақлы нураный» естелик белгилери енгизилмекте.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мир­зиёевтиң Олий Мажлис Сенатының жигирмаланшы жалпы мәжилисиндеги шығып сөйлеген сөзинде билдирилген пикирлер тарийхый әҳмийетке ийе болыў менен бир қатарда, ҳәр биримиз ушын бағдарлама болды десек асыра айтқан болмаймыз. Президен­ти­миздиңF «Бүгин кешегидей жасап болмайды»,  «Нызамлар толық ислеўи ушын депутатлар халыққа жақын болыўы тийис, болмаса Нызам қағазда қалып кетеди», «Қайсы Нызам ислемей атырғанын халықтың арасына кирип барып, адамлардан сораў керек», «Егер ҳаял адамның көзинде бир тамшы жас болса, демек биз олардың ишки дүньясын билмей атырмыз», «Ҳәр бир мәмлекетлик хызметкер өзиниң хызмети менен ийелеп турған лаўазымына ылайық екенин дәлиллеўи керек», деген пикирлеринен ҳәр биримиз тийисли жуўмақ шығарыўымыз керек.

Бүгинги күни Президентимиздиң басшылығында барлық тараўларда кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Бул ийгиликли ислердиң негизинде, инсан мәплерин қорғаў, адамларды турмыстан разы етиў, елимиздиң буннан былай да раўажланыўын тәми­йинлеў сыяқлы үлкен мақсетлер жәмленген. Тилекке қарсы, турмысымызға өзиниң кери тәсирин тийгизетуғын коррупция иллети еле де болса ушыраспақта. Бул халқымыздың турмыстан, мәмлекеттен наразы болыўына, жынаятшылықтың келип шығыўына себепши болатуғын факторлар есапланады. Сонлықтан да, елимизде Президентимиздиң басшылығында  бул иллетке қарсы гүресиў механизмлери жаратылмақта. Атап айтқанда, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин исенимли қорғаў, нызам үстинлигин тәмийинлеў, суд-ҳуқық системасын еле де реформалаў, сондай-ақ, коррупцияға қарсы гүресиўдиң ҳуқықый механизмлерин жаратыў бағдарында бир қатар жумыслар алып барылмақта.  Әсиресе, 2017-жылы «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Нызамның, Президентимиз тәрепинен «Коррупцияға қарсы гүресиў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманының қабыл етилгенлиги оған қарсы гүресиўдеги әҳмийетли қәдемлерден есапланады. Президентимиздиң 27-май күнги қабыл етилген Пәрманы менен, усы жыл 1-август­тан баслап эксперимент тәризинде, дәслепки бас­қышта капитал қурылыс ҳәм Жоқары билимлендириў тараўларында «Коррупциясыз тараў» жойбарын  әмелге асырыў белгилеп берилди.

Сессияның күн тәртибиндеги дәслепки әҳмийетли мәселе Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманынан келип шығатуғын ўазыйпалар ҳаққында Қарақалпақстан Республикасының прокуроры Х.Каримов баянат жасады. Бул бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

Сондай-ақ, коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы жумыслардың жағдайын үйрениў бойынша комп­лекс­ли илажлар режесин ҳәм комиссия қурамын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды. Депутатлар бул бойынша тийисли қарар қабыл етти.

Буннан кейин  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң айырым комитетлерине өзгерис киргизиў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды. Бул өзгеристи киргизиўдеги тий­карғы мақсет — коррупцияға қарсы гүресиў бойынша Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген ўазыйпаларды орынлаў, тараўдағы мәмлекетлик сиясатты нәтийжели әмелге асырыў, бул иллеттиң себеплерин ҳәм шараятларын сапластырыў бойынша жаңа системалы илажлар көриў, әсиресе, жасларға коррупцияға қарсы гүресиў бойынша ҳуқықый билим бериў сыяқлы тийкарғы бағдарлар болып есапланады.

Усы тийкарда  Жоқарғы Кеңестиң «Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары мәселелери комитети»- «Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитети» болып қайта дүзилмекте. Усы өзгерислердиң киргизилиўине байланыслы Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырып барыў мәселелери Социаллық-мәдений раўажланыў ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитетине өткерилмекте. Бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

Сессияда Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына, сондай-ақ, айырым нызамларға өзгерислер және қосымшалар киргизиў ҳаққындағы мәселе туўралы Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы С.Турманов баянат жасады. Депутатлар бул бойынша тийисли қарар қабыл етти.

Буннан кейин, «Жаслар — келешегимиз» мәмлекетлик бағдарламасының орынланыўы  бағдарында алып барылып атырған илажлар ҳаққында Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы А.Данияров баянат жасады. Бул мәселе бойынша Төрткүл районының ҳәкими Я.Бабажанов шығып сөйледи. Күн тәртибиндеги бул мәселе бо­йынша да ти­йисли қарар қабыл етилди.

Сессия Жоқарғы Кеңес Президиумы тәрепинен сессиялар аралығында қабыл етилген тийисли қарарларды тастыйықлаў ҳаққында қарар қабыл етти.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма алтыншы сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF