Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:46:19, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАСЛАРДЫҢ АРЗЫЎ-НИЙЕТЛЕРИН, АЛДЫНҒЫ ИДЕЯЛАРЫ МЕНЕН БАСЛАМАЛАРЫН ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЎ ЖОҚАРЫ БАСҚЫШҚА КӨТЕРИЛМЕКТЕ

НӨКИС. Быйыл Өзбекстан Жаслар аўқамының шөлкемлестирилгенине еки жыл толмақта. Бул өткен қысқа дәўир ишинде жаслар турмысына байланыслы 20 дан аслам нызам, пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди.

Соны айрықша атап өтиў керек, Жаслар аўқамы жасларға байланыслы мәмлекетлик сия­сатты әмелге асырыўда турмысымызда беккем орын ийеледи.

30-июнь — Жаслар күни республикамыздың барлық орынларында кең түрде белгиленди. Пайтахтымыз Нөкис қаласында ерте таңнан байрам илажлары баслап жиберилди. Байрамның ашылыўы пайтахтымыз орайында «Youth day» атлы жуўырыў марафоны менен басланды. Марафонға 3000 нан аслам жаслар қатнасты. Сондай-ақ, орайлық майданда әскерий техника көргизбеси шөлкемлестирилип, жаслар нәзерине усынылды.

Буннан соң «Шығыс» мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан заманагөй типтеги ашық спорт комплекси пайдаланыўға тапсырылды. Жаңа стадионда футбол бо­йынша «Жаслар кубогы» ушын финал ойыны өткерилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы Јазнашылық басқармасы командасы жеңимпаз болып, кубокти қолға киргизди.

Бул спорт майданшасын қурып питкериўде Жаслар аўқамы Орайлық Кеңеси тәрепинен жәми 650 миллион сум қаржы ажыратылып, спорт ком­плексте мини футбол, баскетбол, бадминтон майданшалары, тренажёр ҳәм турниклер орын ал­ған. Бул спорт майданы пайтахтымыз жаслары ушын байрамда әжайып саўға болды.

Сондай-ақ, илажда «Жаслар орайы» ҳәм «Истиқлол» балалар дем алыў бағында жаслар сейиллери шөлкемлестирилди. Сейил шеңберинде жас дизайнер, художник ҳәм өнерментлердиң буйымлары көргизбеге қойылды.

— Бүгинги байрам илажында миллий кестешилик буйымларым менен қатнасып атырман, - дейди жас өнермент Жулдыз Турсынбаева. — Кестешилик өнери менен үш жылдан берли шуғылланаман. Республика көлеминде өткерилген таңлаўларда белсене қатнасып, сыйлы орынларды ийеледим. Жасларға жаратылған имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, жеңиллетилген кредит есабынан өз исбилерменлигимди жолға қойыў нийетим бар...

Буннан басқа, усы күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекстан Қаҳарманы Алланияз Өтениязовтың өмирине бағышланған К.Каримовтың «Сақаўат бағы», Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында болса, халқымыздың сүйикли перзенти Аллаяр Досназаровтың өмирине бағышланған «Ўатан топырағы» спектакльлери жаслардың дыққатына усынылды.

Күн жуўмағында «Жаслар — Өзбекстан келешеги» сүрени тийкарында гала-концерт бағдарламасы болып өтти. Онда  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов байрам мүнәсибети менен Ҳүрметли Президентимиздиң елимиз жасларына жоллаған байрам қутлықлаўын оқып еситтирди.

Буннан соң республикамыз басшысы Президентимиздиң арнаўлы қарары тийкарында Нөкис спорт колледжи оқыўшысы Алишер Раджапов ҳәм Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы арнаўлы әскерий бөлиминиң аға офицери Элёр Машариповларға «Мард уғлон» сыйлығын салтанатлы түрде тапсырды.

Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқар­ғы Кеңеси Президиумының арнаўлы қарары тийкарында Жаслар аўқамы Еллик­қала районлық бөлиминиң тигиўшилик дөгереги баслығы Ш.Мамутова, Шымбай районындағы 5-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы Д.Дилмуратов, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бас­қармасы бөлиминиң аға инс­пекторы А.Ибрагимов, Өзбекстан мәмлекетлик көркем-өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының оқытыўшысы С.Аяпов ҳәм Нөкис мелиоратив ҳәм суў хожалығы колледжи оқытыўшысы Ш.Мамутовлар «Үмит ушқыны» көкирек белгиси менен сыйлықланды. Соның менен бирге, Жаслар аўқамы тәрепинен өткерилген таңлаўларда жеңимпаз болып, жоқары оқыў орнына кириў бахтына миясар болған Нөкис қәнигелестирилген мәденият ҳәм көркем-өнер мектебиниң оқыўшысы Перизат Аяпбергеноваға арнаўлы «Алғыснама» тапсырылды.

Илаж көркем-өнер шеберлери тәрепинен таяр­ланған гала-концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.

 А.ОРАЗОВ,

арнаўлы хабаршымыз.

 СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.

М.ҲАБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўрети. 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF