Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:34:18, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

САЛЫҚ  ҲӘМ  БАЖЫХАНА  ЖЕҢИЛЛИКЛЕРИНИҢ  БЕРИЛИЎИН ЖӘНЕ  ДЕ  ТӘРТИПКЕ  САЛЫЎ  ИЛАЖЛАРЫ  ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Мәмлекетимизде бәсекиге шыдамлы өндиристи хошаметлеў, исбилерменликти ҳәм саламат бәсеки орталығын қоллап-қуўатлаў, мәмлекеттиң экспорт потенциалын кеңейтиў ҳәм хошаметлеў және ишки базарды сапалы тутыныў товарлары менен тәми­йинлеўге бағдарланған салыққа тартыў ҳәм бажыхана-тариф системасын тәртипке салыўдың нәтийжели системасын қәлиплестириў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

Соның менен бирге, экономиканың айырым секторларында исбилерменлик субъектлерине сезилерли муғдарда жеңилликлер ҳәм преференциялардың  берилгенин есапқа алған ҳалда қосымша қун салығын есаплаў ҳәм төлеўдиң әмелдеги тәртибинде бар бол­ған теңсизликлер барлық хожалық жүргизиўши субъектлер ушын тең шараятларды тәмийинлеўде қосымша қун салығының толық түрдеги шынжырын жаратыў ҳәм экономиканың бәсекиге шыдамлылығын арттырыў имка­ниятын бермей атыр.

Мәмлекетимиздиң инвестициялық орталығын және де жақсылаў, әдалатлы  бәсеки принциплерин енгизиўди тәмийинлеў және салықлар ҳәм бажыхана төлемлери бойынша жеңилликлер бериў әмелиятын тәртипке салыў мақсетинде:

  1. 2019-жыл 1-августтан баслап сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

бирден-бир жер салығын төлеўши есапланған аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшылары ықтыярлы түрде қосымша қун салығын төлеўге өтиўи мүмкинf

календарь жылы даўамында хызметлерди реализациялаўдан алған түсими 100 миллион сумнан асқан, бирақ, бир миллиард сумнан көп болмаған телекоммуникациялардың операторлары ҳәм (ямаса) провайдерлерине дәлдалшылық хызметлерин көрсетиўши жеке тәртиптеги исбилерменлер хызмет ҳақы суммасынан 25 процент ставкада бирден-бир салық төлемин төлеўге өтеди.

  1. 2019-жыл 1-октябрьден баслап:

а) бензин, дизель жанар майы ҳәм газды жанылғы қуйыў шақапшалары арқалы ақырғы тутыныўшыларға сататуғын юридикалық шахслар, бул товарларды сатыўдан түсимниң муғдарына қарамастан, қосымша қун салығын төлеўшилер есапланады;

б) товарларды импорт етиўши исбилерменлик субъектлери, товарларды (жумысларды, хызметлерди) сатыўдан түсим муғдарына қарамастан, қосымша қун салығын төлеўшилер есапланады. Бунда товарларды биринши мәрте импорт етиўши исбилерменлик субъектлери импорт шәртнамасы дүзилген айдан кейинги айдың 1-сәнесинен баслап қосымша қун салығын төлеўши сыпатында есапқа турыўы шәрт;

в) төмендегилер бойынша қосымша қун салығынан, соның ишинде, импорт етилгенде де жеңилликлер бийкарланады:

асбест, көмир, ағаш материаллары, ағаш ҳәм оннан таярланған затлар, углеводород шийки заты;

соя туқымы, айғабағар ҳәм гүнжи туқымлары, майлы шийки зат ҳәм шекер шийки заты;

аўыл хожалығы техникасы, автотранспорт қураллары, автотранспорт қуралларын ислеп шығарыўда пайдаланылатуғын аўысық бөлеклер, материаллар ҳәм технологиялық әсбап-үскенелер;

г) юридикалық шахслардың коммерциялық банклерге қойған қаржыларынан процент көринисинде алынған төлем дәрегин пайда салығынан азат етиў бойынша жеңилликлер бийкар етиледи деп белгилеп қойылсын.

  1. Қосымша қун салығының толық түрдеги шынжырын жаратыў ҳәм барлық хожалық жүргизиўши субъектлер ушын тең шараятларды тәмийинлеў мақсетинде:

2019-жыл 1-октябрьден баслап өзи ислеп шығарған аўыл хожалығы өнимлерине ҳәм Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылған азық-аўқат өнимлерине белгиленген қосымша қун салығы бойынша жеңилликлер бийкар етиледи;

2019-жыл 1-январь айынан сентябрь айына шекем 1 миллиард сумнан артық пул айланысы (түсими)на ийе болған ямаса 50 гектардан зыят аўыл хожалығына мөлшерленген жер майданларына ийе болған бирден-бир жер салығын төлеўшилер қосымша қун салығын төлеўшилер есапланады ҳәм белгиленген тәртипте қосымша қун салығын төлеўши сыпатында дизимнен өтиўи шәрт. Бунда 2019-жыл 1-октябрьден баслап белгиленген пул айланысы (түсими) шегаралық дәрежесине жеткен бирден-бир жер салығын төлеўшилер усы дәрежеге ерисилген айдан кейинги айдың 1-сәнесинен баслап қосымша қун салығын төлеўге өтеди;

пахта шийки заты өнимин ислеп шығарыўшылар 2019-жылдың зүрәәтинен баслап қосымша қун салығын төлеўге өтеди. Бунда оларға 2018-жылдың 1-октябринен алдын болмаған ўақытта ҳақыйқатта алын­ған ҳәм пахта шийки заты өнимин жетистириў ушын жумсалған товарлар (жумыс, хызметлер) ушын төленген қосымша қун салығы суммасын есап­қа алыў ҳуқықы бериледи.

Өзбекстанда ислеп шығарылған азық-аўқат өнимлери бөлеги бойынша қосымша қун салығынан жеңилликке ийе болған юридикалық шахсларға жеңилликтен ўаз кешиў ҳаққында хабарнама бериў тийкарында, усы хабарнама берилген айдан кейинги айдың 1-сәнесинен баслап қосымша қун салығын төлеў ҳуқықы берилсин, деп белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети тәрепинен фермер хожалықларына бухгалтерия есабын жүргизиў бойынша хызметлер көрсетиў ушын арнаўлы бағдарламалық өним ислеп шығылғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси менен биргеликте қосылған қун салығы суммасын есаплаў ҳәм есапқа алыў имканиятларын нәзерде тутқан ҳалда бағдарламалық өнимди қайта ислеп шықсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинети еки ҳәпте мүддетте қосымша қун салығының киргизилиўи мүнәсибети менен пахта шийки заты өниминиң 2019-жылғы зүрәәти ушын жаңадан сатып алыў баҳаларын тастыйықласын.
  2. Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына, юридикалық шахс­лардың мүлкине салынатуғын салық, юридикалық шахслардан алынатуғын жер салығы ҳәм бирден-бир жер салығының төлем мүддетин 24 айға шекемги мүддетке кешиктириў ўәкиллиги олардың бул салықлар бойынша жеңиллик бериў ҳуқықын бийкарлаған ҳалда берилсин.

Салық төлемлериниң мүддетин кешиктириў, салық қарыздарлығы бо­йынша белгиленген пеня муғдарындағы процентлерди өндириў шәрти менен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленген тәртипте берилиўи нәзерде тутылсын.

Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинети бир ай мүддетте жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен юридикалық шахс­ларға берилетуғын салықларды төлеў мүддетин кешиктириў тәртибин тастыйықласын.

  1. 7. 2019-жыл 1-августтан баслап физикалық шахслардың Өзбекстан Республикасы аймағында қамсызландырыў жумысын әмелге асырыўға лицензиясы болған юридикалық шахс­ларға өмирин узақ мүддетли қамсызландырыў (барлық тайпадағы өмирди қамсызландырыў тараўы) бойынша қамсызландырыў шәртнамасының ҳәр бир әмелдеги жылы ушын қамсызландырыў сыйлығын төлеўге бағдарлан­ған мийнет ҳақы ҳәм басқа да дәраматлары салыққа тартылмайды. Бунда қамсызландырылған шахстың өмири ушын қамсызландырыў төлемлери шәртнама бойынша қамсызландырыў мүддети басланған күннен баслап кеминде он еки айдан кейин әмелге асырылыўы шәрт.

Узақ мүддетли өмирди қамсызландырыў шәртнамасы мүддетинен алдын бийкар етилген ҳәм қамсызландырыўшы тәрепинен қамсызландырылған шахсқа қамсызландырыў сыйлығы жартылай ямаса толығы менен қайтарылған жағдайда, қайтарылған қамсызландырыў сыйлығының суммасы физикалық шахстың салыққа тартылатуғын жәми дәраматына киргизиледи. Бунда төлем дәрегинен физикалық шахслардың дәрамат салығын услап қалыў ҳәм бюджетке өткерип бериў миннетлемеси қамсызландырыўшыға жүклетиледи.

  1. Исбилерменлик субъектлерине әсбап-үскенелер ҳәм (ямаса) толықтырыўшы буйымлар жеткерип бериў бо­йынша импорт шәртнамалары тәрепинен мүддети өткен дебитор қарыздарлық ушын, егерде әсбап-үскенелер ҳәм (ямаса) толықтырыўшы буйымларды жеткерип бериў мүддети олардың техникалық өзгешеликлери және өзине тәнлигинен келип шыққан ҳалда 180 күннен артық болса, финанслық санк­ция қолланылмайды, деп белгиленсин.

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети бир ай мүддетте әсбап-үскенелер ҳәм (ямаса) толықтырыўшы буйымларды жеткерип бериў бойынша импорт шәртнамалары бойынша мүддети өткен дебитор  қарыздарлық ушын исбилерменлик субъектлерине финанслық санкцияларды қолланыў тәртибин белгилеў ҳаққында усыныс киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Мәмлекетлик салық комитети менен биргеликте 2019-жыл 1-октябрьге шекем Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине қосымша қун салығының есапқа алын­ған суммасының оны есапланғанынан асқан суммасын мәжбүрий қаплап бериў тәртибин енгизиў бойынша усыныс киргизсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги ҳәм Мәмлекетлик бажыхана комитети басқа мәпдар мәкемелер менен бирге халықаралық финанс институтлары консультантлары ҳәм бийғәрез экспертлерди тартқан ҳалда 2019-жыл 1-августқа шекем бажыхана жеңилликлерин бериў тәртибин түпкиликли қайта көрип шығыў, сондай-ақ, алдын берилген жеңилликлерди бийкар етиў бойынша төмендегилерге айрықша итибар қаратқан ҳалда усыныс киргизсин:

қосымша қун салығының төлеўшиси болған хожалық жүргизиўши субъектлерге товарларды алып киргенде, сондай-ақ, жумыс (хызмет)ларды импорт еткенде импорт етилген товарлар, жумыслар (хызметлер) ушын қосымша қун салығынан жеңиллик орнына 120 күнге шекем болған мүддетте қосымша қун салығын төлеўди кешиктириў механизмлеринен пайдаланыўды;

технологиялық әсбап-үскенелер ушын бажыхана жеңилликлерин бериў механизмин жетилистириў ҳәм оптималластырыўды.

  1. 2019-жыл 1-октябрьден баслап Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарларына қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги басқа мәпдар минис­трликлер ҳәм мәкемелер менен бирге еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерис ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
  3. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары — қаржы министри Ж.А.Қўчқоров, Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасары Г.К.Саидоваға жүкленсин.

 

 

Өзбекстан Республикасы Президенти   Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы, 2019-жыл 27-июнь.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF