Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:00:02, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЕЛИМИЗ ТАРИЙХЫНЫҢ  ЖЫЛНАМАШЫЛАРЫ

Бүгин биз жасап атырған глобалласыў ҳәм Интернет әсиринде жәмийетимиз раўажланыўын, күнделикли турмысымызды заманагөй мәлимлеме технологиялары ҳәм ғалаба хабар қуралларысыз көз алдымызға келтире алмаймыз.

СҮЎРЕТТЕ: Кеңесбай РЕЙМОВ. 

«Еркин Қарақалпақстан» - «Вести Каракалпакстана» газеталарының Бас редакторы

 

Ҳәр күни жаңа хабар­ларға зәрүрлик сеземиз ҳәм газета-журналлар, радио-телевидение яки Интернет тармағы арқалы жәми­йетимизде жүз берип атырған жаңалықлардан хабардар болыўға умтыламыз.

Журтымызда ғәрезсизлик жылларында мәлимлеме тараўын реформалаў, мәлимлеме ҳәм сөз еркинлигин тәмийинлеў, ғалаба хабар қуралларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылмақта. Атап айтқанда, тараўдағы нызамшылық базасы жетилистирилип, бул бағдарда қабыл етилген бир қатар жаңа қарар ҳәм нызамлар әмелде өз көринисин таппақта. Соңғы еки ярым  жылда елимиз турмысында түпкиликли бурылыс жылы болды деп, үлкен мақтаныш пенен айта аламыз. Өз раўажланыў жолында жаңаша дәўирге қәдем қойған журтымыздағы жаңаланыўлардың ҳәр күни гүўасымыз. Елимиз Президенти Ш.М.Мирзиёевтың басламасы менен қабыл етилген 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын бес тийкарғы бағдарда раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы елимиздиң мәмлекет ҳәм социаллық раўажланыў перс­пективаларын, стратегиялық режелестириў принципине сапа жағынан жаңаша жантасыўды анық ҳәм айқын белгилеп берди. Әлбетте, елимизди раўажландырыў, адамлардың социаллық турмыс дәрежесин жақсылаў, социаллық әдалат принциплерине толық әмел етиў менен тиккелей байланыслы. Ҳүрметли ПрезидентимиздиңF «... адамлар мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелерин алыс келешекте емес, бүгин көриўлери, қуўанышқа бөлениўи, күнделикли турмысынан разы болып жасаўлары керек» деген шақырығы бул процесске және де руўхый күш инам етти.

Мәмлекетимиз басшысы баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлерине жоллаған байрам қутлықлаўындаF «... күнделикли турмысымыздың ажыралмас бөлеги болған ғалаба хабар қураллары ҳаққында сөз еткенде, биз, бәринен бурын, бәрқулла жаңалық излеп, жаңалыққа умтылып, турмыстың қайнап турған орынларына кирип баратуғын, қалыслық ҳәм туўры сөзлилик, Ўатан ҳәм халық мәплерин биринши орынға қоятуғын жоқары мәртебели ҳәм жуўапкершиликли кәсип ийелерин көз алдымызға келтиремиз», деп айрықша атап өткен еди.

Өз нәўбетинде тарийхый қысқа ғәрезсизлик дәўиринде журтымызда жумыс ислеп атырған баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары да жәмийетимизде әмелге асырылып атырған социаллық-сиясий реформаларды, демократиялық жаңаланыўларды жарытыў арқалы халқымызды жаңаша пикирлеўге, мәнаўий сергекликке, ойлаў-пикирлеў қәбилетимизди, санамызды заман менен теңдей байытып барыўға жүрек ететуғын қүдиретли күшке айланбақта. Бул бағдарда қарақалпақ баспасөзиниң көш баслаўшысы санал­ған, өз ана тилимизде шығып баслағанына быйылғы жылы 95 жыл толып атырған «Еркин Қарақалпақстан» ҳәм үлкемизде рус тилинде туңғыш жарық көрип, шөлкемлестирилгенине бир әсир толып атыр­ған «Вести Каракалпакстана» газетасы да халқымыз­ға руўхый суўсын болып, халық ҳәм ҳәкимият арасындағы «сиясий көпир» ўазыйпасын инабатлы атқарып келмекте ҳәм келешекте де атқара береди.

Газета халықтың айнасы ҳәм оның минбери атанды. Солай екен, буннан 95 жыл илгери, анығырағы, өткен әсирдиң 1924-жылдың ақырында сол ўақыттағы  Қарақалпақстанның пайтахты болған Төрткүл қаласында араб альфавитинде терилип, 50 нусқада «Биринши адым» атамасы менен газетаның биринши саны жарық көрди. Әлбетте, бул сол дәўирдеги өз миллетиниң атамасы менен миллий мәмлекетшилигин дүзиўге жан-тәни менен ат салысқан ел перзентлериниң пидайы мийнетлериниң арқасында қарақалпақ халқының тарийхында баспа полиграфия исине, газета-журналлар басып шығарыўға, халқымызды сиясий ҳәм руўхый саўатландырыўға таслан­ған биринши қәдем болды. Ҳақыйқатында бул ийгиликли баслама, жақсы нийет, келешекке үлкен үмитлер менен тасланған биринши адымның соңы қа­йырлы ҳәм сәтли кешип, Жеңис ҳәм жемислерге толы болды. Сонлықтан да бүгин өзиниң 95 жыллық юбилейин кең түрде салтанатлы белгилеп атырған «Еркин Қарақалпақстан» газетасын гүллән халқымыз қарақалпақ баспасөзиниң көш баслаўшысы, туңғыш идиралды перзенти деп орынлы түрде мақтаныш етеди.

Әлбетте, тарийхқа шегинис жасасақ, әсир алмасты, жыллар, дәўирлер өзгерди. Газета да дәўирлер ағымына бола шығыў альфавитин үш, ал, атамасын болса алты мәрте өзгертти. Дәслеп араб альфавитинде, соң латын имласында, кейин кирил альфавитинде халыққа руўхый суўсын болды. Ал, дәслепки «Биринши адым»нан кейин «Еркин Қарақалпақ», ке­йнинен «Мийнеткеш Қарақалпақ», «Қызыл Қарақалпақстан», «Совет Қарақалпақстаны», елимиз өз ғәрезсизлигине ерискен дәслепки жыллардан баслап «Еркин Қарақалпақстан» атамасына қайта айланып, «Елдиң бирлиги ҳәм абаданлығы ушын!» деген уллы сүрен астында халқымыздың кеўлинен орын алып келмекте.

Газета дәўир нәпсине бола бир нешше мәрте атамасын өзгерткени менен алдына қойған тийкарғы бағдарын, ийгиликли мақсетлерин өзгертпеди. Өйткени, газета өз дәўириниң нәпеси, сол дәўир талабы менен хызмет етеди ҳәм кеминде бир қәдем алда жүреди.

Дәўирлер алмасты, заманлар өзгерип, инсанның сана-сезими күн сайын раўажланып бармақта. Өткен әсир басларында ҳәрип кассалары қолда терилип, «тас баспа»ларда басып шығарылса, 60-70-жылларға келип тема ҳәм текст ҳәриплери линотип машиналарда қайнаған қорғасынлар жәрдеминде қәлипке қуйылып, арнаўлы машиналарда басып шығарылды. Илим ҳәм техниканың өсип раўажланыўы нәтийжесинде өткен әсирдиң ақырына келип газеталар заманагөй компьютерлерде терилип, версткаланатуғын дәрежеге жетистик.

Ғәрезсизлик жылларында газетамыз социаллық-сия­сий әҳмийети тәрепинен ҳақыйқый раўажланыў бас­қышына көтерилди ҳәм оның бетлеринде ғәрезсизлигимизди беккемлеў, экономикалық реформаларды басқышпа-басқыш турмысқа енгизиў, базар экономикасына өтиў процесиниң әҳмийетли ўазыйпалары, халық хожалығының барлық тараўларында әмелге асырыла баслаған реформалардың мазмун-мәниси, әҳмийети ҳаққында түрли жанрларда мақалалар турақлы берилип барылды.

2002-жылдан баслап «Еркин Қарақалпақстан» - «Вести Каракалпакстана» редакциясы бирлесип дөретиўшилик күшлер бир жерге жәмлесип, бир мақсет жолында ели-халқымызға хызмет етпекте. Бүгинги күнге келип сол реформалардың халқымыз турмысындағы жемисли көриниси, журт абатлығы, жәми­йетимиздеги тынышлық ҳәм турақлылық, миллетлер ара-татыўлық, кеңпейиллик, экономикамыздың турақлы раўажланыўы, уллы өтмишимиз ҳәм нурлы келешегимиз, халқымыз пәраўанлығы ҳәм жас әўлад тәрбиясы жолында әмелге асырылып атырған ийгиликли ислер, бир сөз бенен айтқанда, күшли демо­кратиялық мәмлекет ҳәм еркин пуқаралық жәмийет қурыў бағдарындағы нық қәдемлер ҳаққында кең түрде сөз болмақта.

Бир нәрсени айрықша тән алыўымыз тийис, соңғы еки ярым жылда пүткил мәмлекетимиз, ел-журт, ҳәмме-ҳәммемиз жаңа ояныў паслы, жаңа улыўма миллий ҳәрекет, оянып атырған руўхыят тәсиринде жасадық десек, қәте болмайды. Бул процессти Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң жаңа лаўазымдағы дәслепки шығып сөйлеген сөзлери баслап берди. Өзбекстанды 2017-2021-жылларда раўажландырыў, адамлардың күн-көрис, турмыс дәрежесин жақсылаў, социаллық әдалат принциплерине толық әмел етиў менен тиккелей байланыслы. Ҳәрекетлер стратегиясы оны анық мақсетлерге қарай бағдарлады. Бул бағдарда республикамызда  бурын көрилмеген жаратыўшылық ислер, таң қаларлық жаңаланыўлар әмелге асырылмақта. Әсиресе, Арал теңизи машқаласы ақыбетинде қыйналып атырған халыққа мүнәсип замангөй турмыс шараятын жаратыў, регион аймағында тәбийғый тәбият турақлылығын тәмийинлеў бағдарында ири жойбарлар шеңберинде исленген ҳәм исленип атырған жумыслар тек Мойнақ халқын емес, гүллән республикамыз пуқараларын үлкен қуўаныш­қа бөлеп, келешекке исенимин және де арттырды. Бүгин Мойнаққа дүньяның нәзери қарады ҳәм Журт­басшымыз баслап берген  ийгиликли ислер, қайыр­қомлық илажлар республикамыз Бас газеталары бол­ған еки газетада да кең көлемде турақлы сәўлелендирип барылмақта.

Жеделлик пенен раўажланып баратырған бүгинги күни де өз ғәрезсизлигин беккемлеўде нық қәдем таслап атырған елдиң еки  газетасы республика Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңесиниң басылымлары сыпатында да ҳуқықый демократиялық мәмлекет, еркин пуқаралық жәмийет қурыў, миллий идеологияны қәлиплестириў, реформаларды басқышпа-басқыш тереңлестириў бағдарында ҳүрметли Президентимиздиң, Қарақалпақстан Республикасы басшылығының алып барып атырған әдил сиясатының мазмун-әҳмийетин халыққа жеткериўде ҳәм бул үлкен ўазыйпаларды орынлаўға оларды бағдарлаўда табанлы түрде мийнет етпекте.

Өтип атырған ҳәр бир күн, артымызда қалған жылларға тарийх өз таңбасын басып бара береди. Инсан өмириниң барлық мәўритлери тарийх айнасында өз көринисин таўып, жақсы ҳәм ийгиликли ислеримиз келешек тырнағына беккем гербиш болып қаланып барады.        

Өмир гүлшанының жаснап-жасарыўы, бул бағдың көркин бузыўшы жаман иллетлердиң, бузғыншы идеялардың от алмаслығы ушын ҳәр бир дәўирдиң жақсы нийетке баслаўшы, мәнаўият пидайылары болады. Бул мәнаўият пидайыларының пүткил байлығы да, ис қуралы да әпиўайы сөз. Сол әпиўайы сөздиң қүдирети арқалы жүзлеп, мыңлап, бәлки миллионлап инсанлар қәлбине жақсы нийетлер, ийгиликли мақсетлер алып киреди. Адасқанды жолға салады, қәте-кемшиликлерин аңлатады, руўхы түскинликке түскен инсанлардың кеўлин таўдай көтереди. Олар   —  шайырлар, жазыўшы ҳәм журналистлер. Бул жолда олар ушын ең зәрүр, әҳмийетли қурал, бул — «Еркин Қарақалпақстан» - «Вести Каракалпакстана» газеталары болып табылады.

Буннан 95 жыл бурын «Биринши адым» деген ат пенен туў көтерген, өз ана тилимиз ҚАРАҚАЛПАҚ тилинде дүньяға келген газета бүгинги ғәрезсизлик нәпеси менен еркинлик заманында уллы келешекке қарай, атамасына ылайық ЕРКИН қәдем атып, қутлы 95-бәндиргисине, ал, халқымыз, көп санлы дөретиўшилик хызметкерлер ушын шынланыў мектеби бол­ған «Вести Каракалпакстана» бир әсирлик асырым­ға жетип келди. Дөретиўшилик жәмәәтимиз ушын ҳәр күни жарқын келешекке қарай атылып атырған ийги­ликли қәдемлеримиз бәрқулла сәтли келип, әўмет күлип баға берсин. Жаратқанның өзи ҳәмийше қоллап-қуўатласын.

Қутлы жас, қутлы сәне, халықлық байрам бәршеңизге  мүбәрек болсын, әзиз заманласлар!

 

Кеңесбай РЕЙМОВ.

«Еркин Қарақалпақстан» - «Вести Каракалпакстана» газеталарының Бас редакторы,

Өзбекстанға хызмет көрсеткен журналист.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF