ТИГИЎШИЛЕРДИҢ ӨЗ ЖУМЫСЛАРЫНАН КЕЎЛИ ТОҚ
Арқа-Батыс әскерий округиниң Нөкис гарнизонында жайласқан әскерий саўда шөлкеми жанындағы тигиўшилик цехы бираз жыллардан бери жумыс ислеп киятыр.
Бул цех ҳәзирги күнде әскерий хызметкерлердиң әскерий кийимлери ҳәм лазым болған керекли әнжамларды, сондай-ақ, ҳаяллар ҳәм балалар ушын кийим-кеншеклер таярлайды.
Жақында заман талабына сай рәўиште ремонттан шыққан кең ҳәм жақтылы бөлмели цехта жумысшылар ушын керекли шараятлар жаратылған болып, бес хызметкер тигиўшилик ҳәм кийим-кеншеклерди пишиў жумыслары менен шуғылланады. Әскерий хызметкерлердиң шаңарақ бийкелери цехтың тийкарғы жумысшылары есапланып, олар тек ғана шаңарақта сүйикли ҳәм опадар яр ҳәм меҳрибан ана ўазыйпасын өтеп қоймай, бәлки шебер тигиўши сыпатында шын кеўлинен ислемекте.
— Мен усы цехта үш жылдан берли тигиўшилик пенен шуғылланып келемен,-дейди әскерий хызмет сержанты Шәкир Усаровтың зайыбы Гүлчеҳра Усарова. — Мен бурын ҳаяллар липаслары ҳәм перде тигиў менен шуғылланатуғын едим. Нөкис қаласына көшип келгеннен соң перзентлерим үлкейип мектеп ҳәм бала бақшаға бара баслағанын есапқа алып жумыс ислеўге қарар еттим, округ тәрепинен жумыс пенен тәмийинлендим. Ҳәзирги күнге дейин мен бул жерде әскерий кийимлерди тигиўди де үйренип алдым. Қорғаныў министрлиги тәрепинен әскерий хызметкерлердиң социаллық қорғалыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған бул сыяқлы илажлар бизлерди разы етпекте.
Тигиўши Гүлчеҳра Усарова сәўбет даўамында әскерий қалашада жумыссыз ҳәм өнер үйрениўге қызығыўшылығы бар әскерлердиң өмирлик жолдаслары ҳәм жас қызлар ушын перде тигиў бойынша шеберлик сабақларын шөлкемлестириўди режелестирип атырғанын айтып өтти.
— Биз ҳаслы Бухараданбыз, - дейди киши сержант Валижан Тураевтың өмирлик жолдасы Рахила Абдиева. — Мен де бир неше жылдан бери усы цехта ислеймен. Шаңарақта ҳаялдың ўазыйпалары өзине жараса жеткиликли. Перзент тәрбиясы менен шуғылланыў даўамында да тигиўшиликти қалдырмадым. Ҳәзирги пайытта бул цехта шебер тигиўшилер арасында олардан үйренип, айырымларына өз тәжирийбелеримди де үйретемен. Өнер ийелеген инсан ҳеш қашан кем болмайды.
Ҳақыйқатында да, бул цехта жумыстың қызғын екенлигин ҳәм тигиўши қызлардың кеўил хошлығын көрип кеўлимиз қуўанышқа бөленди.
***
20-июнь күни Нөкис гарнизонында хызмет етип атырған әскерий хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық театрында «Сақаўат бағы» атлы спектакльди тамашалады.
Театр сахнасы ҳәм онда сахналастырылып атырған спектакль тәрбияның бир бөлеги, мәнаўияттың мәлим бир мәнисте ошағы есапланады. Арқа-Батыс әскерий округында әскерий хызметкерлердиң руўхый байлығын жоқары көтериў мақсетинде усындай илажлар өткерилиўи дәстүрге айланды.
***
Жақында Арқа-Батыс әскерий округы әскерий бөлими ҳәм мәкеме офицерлериниң қурамының қатнасында Нөкис гарнизоны мәниўият ҳәм руўхый-ағартыўшылық орайында «Офицерлер қурамы ортасында әскерий интизам ҳәм руўхый тәртипти беккемлеў ҳәм әскерий хызметти өтеўдиң қәўипсиз шараятларын тәмийинлеў» темасында профилактикалық илаж шөлкемлестирилди. Ҳуқықты қорғаў уйым хызметкерлери менен биргеликте өткерилген бул илаж даўамында баянатшылар тәрепинен офицерлер қурамының жеке жуўапкершилигин арттырыў мақсетинде автотранспортқа ийе болған әскерий хызметкерлер жол транспорты қағыйдаларына қатаң әмел етиўи лазымлығы, әскерий хызметкердиң саламатлығын сақлаў, кеселлениў жағдайларының алдын алыў ҳәм саламат турмыс қәлпи менен өмир сүриўге қаратылған ис илажлар жөнинде кең түсиниклер берип өтилди.
Шахиста АБДИРАХМАНОВА,
Арқа-Батыс әскерий округиниң баспасөз хызметкери.