ЗЕРГЕРЛИК ТАРАЎЫ РАЎАЖЛАНБАҚТА
Мәмлекетимизде жергиликли зергерлик тармағын тиклеў ҳәм раўажландырыў бойынша избе-из ҳәрекетлер әмелге асырылмақта. Ислеп шығарыўшыларға баҳалы металлардан пайдаланыў имканиятының берилиўи ислеп шығарылып атырған жергиликли зергерлик өнимлериниң көлемин кеңейтиўге кең мүмкиншилик жаратты.
Усы жылдың 18-май күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасында зергерлик тармағын жедел раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы қабыл етилди. Пәрманда тараўда системалы кемшиликлердиң бар екени, инвестицияларды жедел тартыў, сапалы зергерлик өнимлерин ислеп шығарыў бойынша жумыс алып барып атырған қуўатлылықларды модернизациялаў ҳәм жаңаларын шөлкемлестириў, усы өнимлердиң экспортын кеңейтиўге тосқынлық етип, тармақтың раўажланыўына кери тәсир етип атырғанлығы атап өтилип, сапалы ҳәм бәсекиге шыдамлы зергерлик өнимлерин ислеп шығарыўды кеңейтиў, тармаққа сырт ел инвестицияларын жедел тартыў, бәсекиге шыдамлы ҳәм сапалы зергерлик буйымларын таярлаўда жергиликли ислеп шығарыўшыларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, республикада зергерлик тармағын жедел раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў белгиленген.
Атап айтқанда, зергерлик буйымларын ислеп шығарыў ушын лицензияға ийе болған жергиликли өндириўшилерге ислеп шығарыўшының дизимнен өткерилген жеке тамғасын буйымға басыў шәрти менен мәмлекетлик сапалылық дәрежеси белгисин мәжбүрий түрде қоймастан, өзи ислеп шығарған, зергерлик және баҳалы металлар менен баҳалы таслардан исленген басқа буйымлардың сапалылық дәрежесин еркин белгилеў ҳәм оларға белгиленген үлгидеги сапалылық дәрежеси белгисин басыў ҳуқықы бериледи.
Бунда тамға қойыў ҳәм сапалылық дәрежеси белгисин қойыў тәртибин бузған және көрсетилген үлгиге муўапық келмейтуғын зергерлик буйымларын сатыўшы жергиликли ислеп шығарыўшылар зергерлик тармағындағы өз жумысына жуўапкершилиги жоқ исбилерменлик субъектлери реестрине киргизиледи, оларға нызам ҳүжжетлеринде белгиленген, соның ишинде, лицензия ямаса рухсат беретуғын басқа да ҳүжжеттиң әмел етилиўин тоқтатыў бойынша тәсир илажлары қолланылады.
Зергерлик буйымларын ислеп шығарыў ушын лицензияға ийе болған жеке тәртиптеги исбилерменлер өзлери ислеп шығарған өнимди еркин түрде усақлап сатыў, сондай-ақ, халықтан баҳалы металл бөлекшелерин, баҳалы таслар ҳәм олардан исленген буйымларды өндирис мақсетлеринде сатып алыў ҳуқықына ийе болады.
Устав фондында мәмлекетлик үлес болмаған ямаса мәмлекетлик үлес 50 проценттен аз болған юридикалық шахслар, сондай-ақ, жеке тәртиптеги исбилерменлер өндиристе баҳалы металлар ҳәм тасларды жумсаў, есабын жүргизиў ҳәм сақлаў тәртибин еркин түрде белгилейди. Физикалық шахсларға нырқы 5000 (бес мың) АҚШ долларынан зыят болған таяр зергерлик буйымларын жолаўшы бажыхана декларациясын толтырған ҳалда Өзбекстан Республикасынан сыртқа алып шығыўға рухсат бериледи. Зергерлик буйымларының усақлап сатыў саўдасы айырым түрдеги өнимлер менен усақлап сатыў ҳуқықы ушын жыйым объекти есапланбайды. Исбилерменлик субъектлери алтын излеўшилик жумысы шеңберинде зергерлик буйымларын ислеп шығарыўшыларды тәмийинлеў ушын баҳалы ҳәм ярым баҳалы тасларды қазып алыўы мүмкин.
Зергерлик буйымларын ислеп шығарыў ушын лицензияға ийе болған жеке тәртиптеги исбилерменлер «Ўзбекзаргарсаноати» ассоциациясында ықтыярлы түрде бирден-бир шөлкемге бирлесиў арқалы қатнасқан жағдайда, оларға нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған ҳуқықлар менен миннетлемелер, сондай-ақ, ассоциация ағзаларының жеңилликлери ҳәм преференциялары енгизиледи. Сондай-ақ, «Навоий КМК» мәмлекетлик кәрханасы ҳәм «Олмалиқ КМК» акционерлик жәмийетинен баҳалы металларды (алтын ҳәм гүмис) өлшеў пластиналары көринисинде, сондай-ақ, 5 грамм ҳәм оннан зыят болған салмақтағы гранулаларды (баҳалы металлардың сап аўырлығына қайта есапланғанда) Лондон баҳалы металлар биржасының азанғы фиксинги миллий валютада сатып алыў, сатып алынған баҳалы металларды басқа зергерлик буйымларын ислеп шығарыўшыларға сатыў ҳуқықы бериледи.
2019-жыл 1-июньнен баслап баҳалы металларды сатып алыў ушын берилген миллий валютадағы коммерциялық банклердиң кредитлери бойынша процент қәрежетлерин Өзбекстан Республикасы Орайлық банктиң қайта қаржыландырыў ставкасынан асатуғын, бирақ кредитлер бойынша 5 процентлик пункттен зыят болмаған бөлимиңде қаплаў ушын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Исбилерменлик жумысын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры тәрепинен компенсациялаў арқалы жергиликли зергерлик өнимлерин ислеп шығарыўшыларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў механизми енгизиледи.
2022-жылдың 1-июлине шекем баҳалы металлар ҳәм жергиликли зергерлик буйымларын ислеп шығарыў ҳәм реализациялаў айланысы қосымша қун ҳәм акциз салығынан, белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизимлер бойынша Өзбекстан Республикасына алып келинетуғын баҳалы ҳәм ярым баҳалы таслар бажыхана төлемлеринен (бажыхана жыйымлары буған кирмейди) азат етиледи.
2019-жыл 1-июльден баслап гезектеги жылға Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет параметрлери қәлиплестирилип атырғанда муғдарын ҳәр жылы индексация етилген ҳалда, алтыннан исленген зергерлик буйымларын усақлап сатқаны ушын ҳәр 1 грамына 1000 (бир мың) сум муғдарында жыйым енгизиледи.
Исбилерменлик субъектлерине ўәкилликли мәмлекетлик уйым тәрепинен берилетуғын лицензия тийкарында аффинаж жумысы менен шуғылланыў, соның ишинде, баҳалы металларды сатып алыў ҳәм сатыў ушын биржа саўдаларына қатнасыў, халықтан баҳалы металларды, алтын излеўшилер усылында қазып алынған баҳалы металларды, зергерлик буйымларын, оларды ислеп шығарыўдан пайда болған бөлекшелер ҳәм шығындыларды сатып алыў, баҳалы металларды сатып алыў ҳәм сатыў шақапшаларын мәмлекетимиз аймақлықларында ашыў ҳуқықлары бериледи.
Зергерлик жумыслары менен шуғылланыўды қәлеўши жергиликли ислеп шығарыўшылар Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлигине келип мүрәжат етиўине болады.
Е.ЕДЕНБАЕВ,
Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм санаат
министриниң орынбасары.