Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:44:53, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТИЙИСЛИ ШАРАЛАР КӨРИЛМЕКТЕ

Соңғы жылларда мәмлекетимизде транспорт ҳәм транспорт коммуника­циялары тараўын раўажландырыў, тасыўлардың жоқары дәрежедеги қәўипсизлигин тәмийинлеў, транспорт тараўындағы басқарыў тәртибин жетилистириў, тараў ушын тәжирийбели қәнийгелерди таярлаўға жөнелтирилген кең көлемли илажлар әмелге асырылып атыр.

Солардың бири Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 1-февралдағы «Транспорт тараўында мәмлекетлик бас­қарыў тәртибин түптен жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы қабыл етилди. Пәрманда, Өзбекстан автомобиль транспорты агентлиги тийкарында Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлигин шөлкемлес­тириў көрсетилип, оның ўазыйпасына министрликтиң автомобиль, темир жол, ҳаўа, дәрья транспорт­лары, метрополитен, сондай-ақ, жол хожалығын раўажландырыў тараўындағы жеке мәмлекет сиясатын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў бо­йынша мәмлекетлик басқарыў уйымы есапланыўы;

министрлик тәрепинен өз ўәкиллик шеңберинде қабыл етилген қарарлардың орынланыўы мәмлекетлик бас­қарыў уйымлары ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымлары, басқа мәкемелер ҳәм олардың лаўазымлы шахслары, сондай-ақ, пуқаралар ушын мәжбүрий есапланыўы белгиленген.

Министрлик Өзбекстан автомобиль транспорты агентлигиниң барлық ҳуқықлары ҳәм миннетлемелери бо­йынша ҳуқықый мийрасқоры есапланады.

Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинетиниң 2017-жыл 25-апрельдеги 238-санлы «Халыққа транспорт хызметин көрсетиў қалалар ҳәм  аўылларда автобусларда жолаўшылар тасыў системасын және де жетилистириў ис-илажларын әмелге асырыў ҳаққында»ғы қарарына муўапық, «Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққында»ғы Кодексиниң 1461, 165, 1763, 1764  ҳәм 198 статьяларында көрсетилген автомобильлерде тасыўлар тараўында ҳуқықбузарлықлар ҳаққында баянламалар дүзиў, Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги инспекторлары тәрепинен алып барылады. Минис­трликтиң Автомобиль тасыўлары қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша қадағалаў бөлими тәрепинен республика аймағында нызамсыз жолаўшы тасыў хызметин көрсетип атырған шахс­ларды анықлаў бойынша:

2017-жыл август-декабрь айы аралығында, 271 рейд жумыслары өткерилип, соннан 6 жүк тасыў бойынша, 701 жолаўшы тасыў бойынша, жәми 707 жағдай анықланған, соннан 701 шахс қарсысына топланған материаллар судқа шара көриў ушын өткерилген.

2018-жыл даўамында, 1558 рейд жумыслары өткерилип, соннан 218 жүк тасыў бойынша, 2737 жолаўшы тасыў бойынша, жәми 2965 жағдай анықлан­ған, соннан 2886 шахс қарсысына топланған материаллар судқа өткерилип, 817.715.915 сум муғдарында жәрийма салынып, мәмлекетлик бюджетке өндирилген. Рейд тексериў ўақтында халыққа төлемли ҳүжжетсиз хызмет, яғный лицензиясыз хызмет көрсетип жүрген автотранспорт басқарыўшылар тәрепинен судқа шекем бир ай мүддет ишинде жәми 604 шахслар 161.743.541.2 сум бажы пулларын төлеп, лицензия карточкалары рәсмийлестирилип, 604 пуқара жумыс пенен тәмийинленген.

2019-жылдың 5 айлығы ишинде 788 рейд жумыслары өткерилип, соннан 182 жүк тасыў бойынша, 1125 жолаўшы тасыў бойынша, жәми 1307 жағдай анықлан­ған, соннан 965 шахс қарсысына топланған материаллар судқа  өткерилип, 342.378.801 сум муғдарында жәрийма салынып, мәмлекетлик бюджетке өндирилген. Рейд тексериў ўақтында халыққа төлемли ҳүжжетсиз хызмет, яғный лицензиясыз хызмет көрсетип жүрген автотранспорт бас­қарыўшылар тәрепинен судқа шекем бир ай мүддет ишинде жәми 518 шахслар 297.714.566.3 сум бажы пулларын төлеп, лицензия карточкалары рәсмийлестирилип, 604 пуқара жумыс пенен тәмийинленген. Бул бағдардағы жумыслар даўам етеди.

Т.Сарбаев,

Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министри орынбасары.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF