Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:43:36, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КОРРУПЦИЯҒА ҚАРСЫ ГҮРЕС ДӘЎИР ТАЛАБЫ

Бүгинги күнде коррупция машқаласы пуқаралық жәмийетиниң раўажланыўына тосқынлық ететуғын тийкарғы факторлардың бири.

Себеби, коррупция машқаласының турмысымызда ушырасыўы — нызам үстемлигин тәмийинлеў, демократиялық реформалардың нәтийжели әмелге асырылыўына ҳәм инсан ҳуқықлары қорғалыўын тәмийинлеўге қәўип туўдырады. Корруп­цияның ҳәўиж алыўы нәтийжесинде пуқаралардың ҳәкимиятқа болған исеними сөнеди, экономикада болса исбилерменлер арасындағы ҳақыйқый бәсекилик орталығы болмайды.

Бундай жағдайлардың, яғный, жаман тәсирлердиң келип шығыўының алдын-алыў ҳәм бундай машқалаларды кешиктирместен шешиў ең үстин ўазыйпа екенлигин Президентимиз Шавкат Мирзиёев Өзбекстан Республикасы Конститу­циясы қабыл етилгенлигиниң 24 жыллығына бағышланған мәресимдеги баянатында «Жәмийет раўажланыўына ғаў болатуғын және бир иллет — бул коррупция бәлесидур. Бундай қәтерге қарсы гүресиў мақсетинде жақында Нызамшылық палатасы тәрепинен қабыл етилип, Сенатқа жиберилген «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы нызамды тезирек әмелиятқа енгизиў ис-илажларын көриўимиз лазым. Булардың барлығы, өз гезегинде, инсан ҳуқық ҳәм мәплерин исенимли қорғаў системасын жетилистириўге, халқымыздың мәмлекетлик ҳәкимият­қа болған исенимин еле де беккемлеўге хызмет етеди» деп атап өткен еди.

Усы ўазыйпаға муўапық, Өзбекстан Республикасы «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Нызамы тез арада қабыл етилди.

 Бул нызам 34 статьядан ибарат болып, 2017-жыл 4-январьдан баслап күшке кирди, бул нызамның мақсети коррупцияға қарсы гурес тараўындағы қатнасықларды тәртипке салады. Кең жәмийетшилик бул иллетке қарсы гүресиўи керек.

Ҳәр бир физикалық ҳәм юридикалық шахслар олардың бузылған ҳуқықларын тиклеў, ҳәр қандай коррупция көринисиндеги жағдайларды, лаўазымлы шахслар тәрепинен дәмегөйлик мақсетинде яки басқа мәплерин гөзлеп нызамсыз араласыў ҳәм тосқынлық етиў жағдайлары ҳәм басқа да нызамға қарсы ис-ҳәрекетлери жүзесинен ҳуқықбузарлықларды өз ўақтында анықлаў, оларға шек қойыў, олардың ақыбетлерин, оларға имкан бериўши себеплер ҳәм шәрт-шараятларды сапластырыў, коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықларды ислегени ушын жынайый жуўапкершиликтиң жазасыз қалмаўы ҳаққында нызам талапларына әмел етиўин тәмийинлеў бойынша қатаң шаралар белгиленген.

Конституциямыздың 35-статьясында ҳәр бир шахс тиккелей өзи ҳәм басқалар менен биргеликте ўәкилликли мәмлекет уйымлары, шөлкемлери яки халық ўәкиллерине арза, усыныс ҳәм шағымлар менен мүрәжат етиў ҳуқықына ийе екенлиги белгилеп қойылған.

Мәмлекетимизде коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў раўажланыўымыздың жоқары шыңы болып, бул тек ҳуқық қорғаў уйымларының ғана емес, кең жәмийетимиздиң ўазыйпасы болыўы тийис. 

Б.Нажимов.

Нөкис қаласы әдиллик бөлими жетекши мәсләҳәтшиси.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF