Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:50:28, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИСБИЛЕРМЕНЛЕРДИҢ МӘПЛЕРИ ҚОРҒАЛМАҚТА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 5-октябрьде қабыл етилген «Исбилерменлик жумысының жедел раўажланыўын тәмийинлеўге, жеке меншикти ҳәр тәреплеме қорғаўға ҳәм исбилерменлик орталығын сапасы жағынан жақсылаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы Пәрманы талапларын орынлаў бойынша Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қалалық бөлими тәрепинен бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, департаменттиң Нөкис қалалық бөлими хызметкерлери тәрепинен усы жылдың басынан берли жәми 19 исбилерменлердиң ҳуқықын қорғаў бойынша жумыслар алып барылды. Нөкис дийқан базарында ҳешқандай ҳүжжетлерсиз саўда менен шуғылланып киятырған 14 шахстың хызмети нызамға сай муўапықластырылып, жеке исбилермен сыпатында Мәмлекетлик дизимнен өтиўинде жәрдем көрсетилип жоқарыда атап өтилген Пәрманның мазмун-мәниси бойынша түсиниклер берилди.

Буннан тысқары, 5 исбилерменге хызметин кеңейттириўге банк тәрепинен 872 миллион сум кредит алыўға әмелий жәрдем берилип, қосымша 6 жумыс орны жаратылды. Бул бағдардағы жумыслар даўам еттирилмекте.

Қ.НУРХОЖАЕВ,

Департаменттиң Нөкис қалалық бөлими инспекторы, 3-дәрежели юрист.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF