ПУҚАРАЛАРДЫҢ МҮРӘЖАТ ЕТИЎ МӘДЕНИЯТЫ:
ОНЫ ЖЕТИЛИСТИИЎДЕ ҮГИТ-НӘСИЯТ ЖУМЫСЛАРЫНЫҢ ӘҲМИЙЕТИ
«Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы 2017-жыл 11-сентябрьде жаңа редакцияда қабыл етилди.
Нәтийжеде физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислесиў системасы жетилистирилип, халық пенен ашық пикирлесиўдиң жаңа нәтийжели механизмлери ҳәм усыллары енгизилди.
Қарақалпақстан Республикасы Экономикалық судлары тәрепинен физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын көрип шығыў, пуқаралар ҳәм юридикалық шахслардың ўәкиллерин қабыллаў бойынша бир қатар унамлы ислер әмелге асырылмақта. Усы орында статистикалық мағлыўматларға итибар қарататуғын болсақ, 2019-жылдың дәслепки 3 айы даўамында Қарақалпақстан Республикасы Экономикалық судларына жәми 11 мүрәжат келип түскен (соннан 1 мүрәжат дубликат түринде). Соның 10 мүрәжаты Қарақалпақстан Республикасы Экономикалық судына ҳәм биреўи Беруний районлар аралық экономикалық судына келип түскен. Бул мүрәжатлардың сегизи Өзбекстан Республикасы Президентиниң виртуал қабыллаўханасынан, үшеўи Халық қабыллаўханаларынан тийислилиги бойынша жиберилген мүрәжатлар болып табылады. Соның үшеўи суд ҳүжжетинен наразы болып, биреўи суд ҳүжжетиниң орынланыўы бойынша ҳәм жетеўи басқа мәселелер бойынша берилген.
Мүрәжатлардың барлығы нызамда белгиленген мүддетлерде көрип шығылмақта, ал, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Халық қабыллаўханасы ҳәм виртуал қабыллаўханасы арқалы келген мүрәжат ийелери экономикалық судлар баслықларының тиккелей қабыллаўында болып, оларға тийисли тәртипте түсиниклер берилди. Мысалы, «Қлич Ниязбой арна соҳили» фермер хожалығы Өзбекстан Республикасы Президентиниң виртуал қабыллаўханасына Әмиўдәрья районы «Агротехсервис» кәрханасына аўысық бөлеклер ушын пул қаржыларын өткергенлигин, бирақ, усы күнге шекем аўысық бөлеклер алынбағанлығы яки пулын қайтарып бермегенлиги себепли әмелий жәрдем бериўди сорап мүрәжат еткен. Мүрәжат ийеси Әмиўдәрья районы экономикалық суды баслығының тиккелей қабыллаўында болып, оған Өзбекстан Республикасы Экономикалық Кодексиниң 149-статьясында көрсетилген даўа арзасының формасы ҳәм мазмунына әмел еткен ҳалда даўа арза бериў тәртиби түсиндирилди.
Айырым жағдайларда судлар тәрепинен қабыл етилген суд ҳүжжетлери исте қатнасыўшы шахсларға жетип бармағанлығы олардың Өзбекстан Республикасы Президентиниң виртуал қабыллаўханасына мүрәжат етиўине себеп болмақта. Мысалы, «ARALSUWQURILISSAWDA» ЖШЖ Президентимиздиң виртуал қабыллаўханасына Нөкис районлар аралық судының 2018-жыл 25-декабрь күнги суд ҳүжжетинен наразы екенлигин, суд ҳүжжетин алмағанлығын ҳәм усы ис бойынша 2018-жыл 20-августта берилген хат толық орынланбағанлығын билдирген. Мүрәжат ийеси Қарақалпақстан Республикасы экономикалық суды баслығының тиккелей қабыллаўында болғанында, мүрәжатта көрсетилген мәселелер бойынша экономикалық судына наразы емеслигин, суд ҳүжжетиниң орынланыўы мәселесин көрип шығыў ушын мүрәжатын Мәжбүрий орынлаў бюросына жибериўди сораған. Тиккелей қабыллаў ўақтында судтың 2018-жыл 25-декабрь күнги уйғарыўының көширмеси мүрәжат ийесине берилип ҳәм онда көрсетилген суд ҳүжжетин орынлаў мәселесин көрип шығыўы ушын Мәжбүрий орынлаў бюросына жиберилди.
Тәреплердиң экономикалық ислер бойынша қабыл етилген суд қарарларынан наразы болып жазған арзаларына, ондағы ўәжлерине тиккелей суд мәжилисинде тийисли ҳуқықый баҳа берилиўи керек болғанлықтан белгиленген тәртипте апелляциялық, кассациялық арза яки бақлаў тәртибинде мүрәжат етиўи мүмкинлиги ҳаққында түсиндирмелер берилген. Себеби Өзбекстан Республикасы Экономикалық Процессуал Кодексиниң талабына көре, экономикалық судының шешим қарарларының нызамлылығы апелляция, кассациялық яки бақлаў тәртибиндеги арзалар тийкарында тийисли суд инстанциялары тәрепинен көрип шығылады.
Келип түскен мүрәжатлар талқыланғанда, көпшилик жағдайларда тәреплер суд ҳүжжетлери менен өндирилген мәмлекетлик бажы пулға наразы болып яки суд ҳүжжетиниң үстинен наразылық келтириў ушын төлениўи тийис болған мәмлекетлик бажы пул төлеўде жеңиллик бериўди ямаса белгиленгенинен кем муғдарда мәмлекетлик бажы пул төлеўге рухсат бериўди сорап мүрәжат етпекте.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық Процессуал Кодексиниң 118-статьясына муўапық, суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талапларына тең рәўиште олардың мойнына жүклетиледи. Мәмлекетлик бажының ставкалары болса, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 1994-жыл 3-ноябрь күнги қарары менен тастыйықланған. Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Салық Кодекси менен судларға даўа арза (арза, шағым) менен мүрәжат етиўде мәмлекетлик бажы пул төлеўден азат етилген пуқаралардың дизими белгиленген, сондай-ақ, судлар қандай жағдайларда мәмлекетлик бажы пул төлеўди кешиктириўи яки бөлип-бөлип төлеўге рухсат бериў тәртиби көрсетилген.
Усы Нызам талапларынан келип шығып, мүрәжат ийелерине тийисли тәртипте түсиниклер берилди. Ал, айырым пуқаралар мүрәжат етиўде әмелдеги нызам-қағыйдаларға әмел етпегенлиги ақыбетинде тәкирарый мүрәжатлардың саны көбеймекте. Мәселен, 2018-жылы Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судларына келип түскен 55 мүрәжаттың төртеўи, 2019-жылдың 1-шерегинде келип түскен 11 мүрәжаттың биреўи қайталанып берилген мүрәжат саналады.
Пуқаралардың мүрәжат етиў мәдениятын жетилистириў ушын оларға қосымша кепилликлер жаратылыўы лазым. Буның ушын ең алды менен халық пенен сәўбетлесиў, олардың дәрти ҳәм машқалаларын, арзыў-нийетлерин, турмыслық машқала ҳәм мүтәжликлерин жақсы түсинип билиў керек. Усы саладағы ислерди әмелге асырыўда болса, үгит-нәсият жумысларын алып барыўдың орны үлкен әҳмийетке ийе.
Г.ЗАРИПОВА,
Қарақалпақстан Республикасы Экономикалық суды судьясы.