Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:29:02, 12.10.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӘДЕП-ИКРАМЛЫЛЫҚ-АҒАРТЫЎШЫЛЫҚ КОНЦЕПЦИЯСЫН ЕНГИЗИЎДИҢ ӘҲМИЙЕТЛИ МӘСЕЛЕЛЕРИ

Усы жыл 13-июнь күни Арқа-Батыс әскерий округинде Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң Әдеп-икрамлылық-ағартыўшылық тәмийнаты концепциясын енгизиў механизмин ислеп шығыўға бағышланған биринши семинар болып өтти.

Илажда атап өтилгениндей, бүгинги глобалласыў процесинде халықаралық қатнасықлар, дүнья жүзиндеги әскерий-сиясий жағдай, халықаралық ҳәм регионаллық қәўипсизликке қәўип-қәтер артып баратырған бир дәўирде бизиң ҳәр биримизден оған қарсы биргеликте гүрес алып барыўды талап етпекте. Себеби, геосиясий қарама-қарсылық,  халықаралық терроризм ҳәм экстремизм, мәлимлеме ҳәм кибер мәканда өз-ара гүрес күннен-күнге ҳәўиж алып бармақта.

Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқарғы Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёев 2018-жылдың 28-ноябрь күни болып өткен Қәўипсизлик кеңесиниң кеңейтилген мәжилисинде Қураллы Күшлердиң жаўынгерлик қәбилетин арттырыўдың баслы факторы сыпатында әскерий хызметкерлердиң әскерий ҳәм жаўынгерлик ўазыйпаларды табыслы орынлаўда ҳәм олардың жаўынгерлик таярлығын арттырыўда жаўынгерлик руўхтың және бирден-бир көзқарастағы тәсир және бас­қарыўдың қаншелли әҳмийетли екенлигин атап өтти. Соның менен бирге, әскерий хызметкерлердиң жаўынгерлик руўхын арттырыў, оларда зәрүрий әдеп-икрамлылық-ағартыўшылық сыпатларды тәмийинлеўдей әҳмийетли ўазыйпаларды белгилеп берди.

Елимиз басшысының усы әҳмийетли тапсырмасының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Қорғаныў, Ишки ислер, Айрықша жағдайлар, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларды раўажландырыў министрликлери, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Миллий гвардия, Мәмлекетлик бажыхана комитети,  Өзбекстан Республикасы Президенти администрациясы жанындағы мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан миллий мәлимлеме агент­лиги, Өзбекстан миллий телерадиокомпаниясы тәрепинен бирликтеги арнаўлы жумысшы топар шөлкемлестирилип, усы жылдың 2-февраль күни мәмлекетлик әҳмийеттеги Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң Әдеп-икрамлылық-ағартыўшылық тәмийнаты концепциясын енгизиў бойынша қоспа қарар қабыл етилди.

Бул концепция Өзбекстан Республикасы Конституциясы, «Қорғаныў Доктринасы ҳаққында»ғы Нызам және бас­қа да нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер тийкарында ислеп шығылған болып, елимиздиң әскерий шөлкеми хызметиниң әмелдеги нызамшылық ҳәм нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер базасы тийкарында Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң әскерий (арнаўлы) ҳәрекетлерин әдеп-икрамлылық-ағартыўшылық тәмийнаты тараўындағы көзқараслар, тийкарғы түсиниклер, мақсет ҳәм ўазыйпалар, нызамлылық ҳәм принциплер, бағдарлар, форма және усыллар системасын өзинде сәўлелендиреди.

Бүгинги тез пәт пенен раўажланып баратырған заманда жәмийетимиздиң руўхый байлығы, мәденияты, үрп-әдетлерине оғада жат болған диструктивлик идеяларды сиңдириўге урыныўлардың күшейиўи менен бир қатарда инсан санасы ҳәм қәлби ушын гүрес бармақта. Усы қәўип-қәтер, әсиресе, өсип киятырған жас әўладтың жасларға қаратылғаны менен қәўипли болып табылады. Әне усындай жағдайда әскерий хызметкерлердиң әдеп-икрамлылық-ағартыўшылық таярлығын жетилистирип барыў бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпаларынан бири болып қалмақта.

— Мәпдар шөлкемлер менен биргеликте шөлкемлестирилген илажда Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң Әдеп-икрамлылық-ағартыўшылық тәмийнаты концепциясының мазмун-мәнисин, ўазыйпалары менен тийкарғы бағдарлары ҳаққында толық мағлыўмат берилди,-дейди Арқа-Батыс әскерий округи сәркардасы, полковник Дилшод Чориев. — Сондай-ақ, бул концепцияны Арқа-Батыс әскерий округи әскерлерине енгизиўдиң бирден-бир механизмин ислеп шығыў, оны жетилистириўде ҳәр бир тараўдың өзине тән өзгешеликлери менен бир қатарда алдағы бирге ислесиў мәселелери додаланды. Бул болса, Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң Әдеп-икрамлылық-ағартыўшылық тәмийнаты концепциясын жоқары дәрежеде шөлкемлестириўге хызмет етеди.

Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораў­ларға жуўап алды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF