Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:38:19, 12.10.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

СУРХАН  ЕЛИНДЕ ЖАҢЛАҒАН  ҲАЎАЗ

Ҳәр бир халықтың әзелий тарийхы ҳәм мәденияты бәринен бурын оның аўызеки дөретиўшилиги ­ фольк­лор көркем өнеринде, дәстан ҳәм эпосларында жәмленген.

Олар миллеттиң өзлигин аңлаўда, оның өзине тән миллий қәдириятлары менен дәстүрлерин сақлаўда ҳәм раўажландырыўда бийбаҳа дәрек есапланады.

2018-жыл 1-ноябрьде Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалын өткериў ҳаққында»ғы қарары жәрия­ланған еди. Қарарда өзбек миллий бақсышылық ҳәм дәстаншылық көркем өнериниң сийрек гезлесетуғын үлгилерин қәстерлеп сақлаў ҳәм раўажландырыў, оны кеңнен үгит-нәсиятлаў, жас әўлад қәлбинде усы көркем өнер түрине ҳүрмет ҳәм итибар туйғыларын күшейтиў, түрли халықлар арасындағы дослық ҳәм туўысқанлық байланысларын беккемлеў, дөретиўшилик жақтан бирге ислесиў, мәдений-мәнаўий қатнасықлар шеңберин халықаралық көлемде буннан былай да кеңейтиў белгиленген.  

Усы жылдың 6-апрель күни Термиз қаласында фес­тивальдың ашылыў салтанаты болып өтти. Оған дүньяның 74 мәмлекетинен 160тан аслам қатнасыўшылар, сондай-ақ, ЮНЕСКО, Ислам бирге ислесиў шөлкеминиң Билимлендириў, илим ҳәм мәденият мәселелери бойынша структурасы ­ ISESCO сыяқлы абырайлы халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери, Қырғызстан, Қазақстан, Тәжикстан, Түркменстан, Аўғанстан сыяқлы мәмлекетлерден ҳүрметли мийманлар қатнасты.

Фестивальға Қарақалпақстаннан 87 бақсы ҳәм жыраўлар қатнасып, өз өнерлерин көрсетти. Фестиваль шеңберинде өткерилген бақсы-шайырлар, ақын ҳәм жыраўлар, фольклор топарларының халықаралық таңлаўында Түркия, Россия, Иран, Бельгия, Қубла Корея, Қытай, Монголия, Израиль, Япония, Финляндия, Аўғанстан сыяқлы 20 мәмлекет ўәкиллери менен бирге жерлеслеримиз де өз шеберликлерин көрсетти. Олардың атқарыўшылық шеберлигин Франция, Қубла Корея, Россия, Түркия, Монголия, Қазақстан ҳәм Өзбекстанның белгили көркем өнер ҳәм мәденият ғайраткерлери, илимпазлар, маман қәнигелерден ибарат төрешилер топары ылайықлы баҳалап барды.

Қуўанышлы тәрепи, фес­тивальдың халықаралық таңлаўына қатнасқан бизиң жерлеслеримизден Қарақалпақстан халық бақсысы Гүлнара Алламбергенова қарақалпақ бақсышылық мектебиниң әжайып дәс­түрлерин дүнья жүзине және бир мәрте көрсете отырып, 20 мәмлекеттен қатнасқан 57 бақсы арасында сыйлы үшинши орынды ийелеп, оған фестивальдың III дәрежели дипломы, статуэткасы ҳәм 2500 АҚШ доллары муғдарындағы ақшалай сыйлығы тапсырылды. Ал, бақсы Ерисбай Асқаров өзбекстанлы бақсылар арасында өткерилген ишки таңлаўда биринши орынды, бақсы Муҳаммед Төребеков үшинши,  жыраўлар арасында Саламат Аяпов екинши орынды ийеледи, сондай-ақ, М.Айекеев, Л.Муҳаммеддинова ҳәм Б.Асқаровалар да жоқары нәтийжелерге еристи. Ал, жас бақсы К.Бийсенбаев болса, фестивальдың Ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланып қайтты.

Биз жақында бақсы Ерисбай Асқаров пенен ушырасып, оның менен фес­тивальдан алған тәсирлери ҳаққында сәўбетлестик.

­ Ерисбай сиз бақсышылық өнерине қашаннан берли қызығасыз?

­ Ата-анам 2-класс ўақтымда мени музыка мектебиниң дуўтар шертиў дөгерегине алып барды. Устазым Дәўлет Сейдановтан 6 жыл даўамында дуўтар шертиў сырларын үйренген болсам, соннан берли ала мойнақ дуўтар жақын жолдасым болып кия­тыр. Орта мектептиң 9-класын питкерип, 2008-жылы Нөкис мәденият ҳәм көркем өнер колледжине оқыўға кирдим. Бул жерде устазым Оралбай Өтәмбетовтан дуўтар шертиў сырларын тереңирек үйренип, халқымыздың дәстанларын дуўтар шертиў атқаратуғын дәрежеге жетис­тим. Сонлықтан, кәсип таңлаўда менде екилениўшилик болмады. Колледжди питкерип, ҳүжжетлеримди Бердақ атындағы ҚМУниң музыкалық тәлим бөлимине тапсырдым. Оқып жүрип, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан көлеминде өткерилген көплеген бақсышылық таңлаўларға, концертлерге қатнастым. Атап өтетуғын болсам, ҳәр еки жылдан атақлы бақсы Атажан Худайшукуров ҳүрметине өткерилетуғын таңлаўда 2013-жылы үшинши, 2015-жылы биринши орынды ийе­леўге еристим. Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасындағы жоқары оқыў орынларының студент жаслары арасында өткерилген «Китапқумарлар» таңлаўының фольклор жөнелисинде қатнасып, онда И.Юсуповтың «Шөгирме» қосығын жыраў С.Аяпов пенен дуэт етип атқарып, биринши орынды алған болсақ, ал, усы таңлаўдың Өзбекстан басқышында екинши орынды ийе­леўге миясар болдық.  

«Адыңнан» қосығы ­ қарақалпақ халқының миллий саз әсбабы дуўтарда атқарылатуғын қосықларының ең бийик шыңы саналады. Сонлықтан, бул қосықты бақсы дәрежесине толық жетискен адам ғана атқара алады. Ҳәр жылы пайтахтымыздағы Бердақ музейинде өткерилетуғын «Адыңнан» таңлаўына мен де қатнасып, биринши орынды алыўға миясар болдым.

­ Сурхандәрьядағы таңлаўдан қандай тәсирлер менен қайттыңыз?

­ Бизлер республикамыздан 29-мартта жөнеп кетип, 3l-марттан баслап фестивальға таярлық жумысларын басладық. «I Халық­аралық бақсышылық көркем өнери фестивалы»н өткериў ушын Термиз қаласындағы «Сурхандәрья көркем өнер сарайы» мәмлекетлик мәкемеси майданы аймағынан 32 гектарлық жер ажыратылып, бул жерде Сурханның ҳәр бир районына ҳәм Өзбекстанның ҳәмме ўәлаятларына аймақлар бөлип берилди. Бул жерде барлық ўәлаятлардан келген делегация ағзалары тәрепинен этнографиялық қалашалар жаратылып, ҳәр бир ўәлаят өзиниң миллий қәдириятларының үлгилерин, өнерментшилик, зергерлик, ағаш усташылық, кестешилик, сүў­ретшилик, үй руўзыгершилик буйымлары көргизбесин шөлкемлестирип, мийманларға өзиниң аймағына тән фольклор-этнографиялық өнерлерин көрсетип, қосық айтып, аяқ ойын ойнап, тамашалар көрсетти.

Қарақалпақстан Республикасынан барған делегацияға үлкен еки аймақ берилди. Шымбай районы еки, НМПИ, ҚМУ, Академиялық театр, Мектепке шекемги билимлендириў министрлигиниң биреўден қурған 6, 8, 12 қанатлы алты қара үйлери басқа ўәлаятлардан өзгешеленип, фестивальға шырай берип турды. Сондай-ақ, декоратор-художник жигитлеримиз тәрепинен 5 метрлик жыраўлар пири ­ Қорқыт атаның, қобыз ҳәм ала мойнақ дуўтардың макетлери, миллий кийимдеги қыз бақсының мүсини, «Аяз қала»ның үлкен көриниси қурылып, көпшиликти таң қалдырды. Оның төбесине шығып, ҳәтте әтирапты тамашалаўға болатуғын еди.

Арал теңизиниң бүгинги ашынарлы көриниси, қумда шөгип қалған балықшы қайығы, жылым-аўлар, шарқ урған қуслар, қумдағы сексеўиллер ҳәм тағы басқа да көринислердиң барлығы «Мойнақ» композициясында сәўлелендирилди.

Ең қуўанарлысы, Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң фестивальдың ашылыў салтанатынан кейин биринши болып бизлердиң аймағымызды аралап, мийнетлеримизге жоқары баҳа берип, миннетдаршылығын билдиргени бизлерди және де илҳамландырып жиберди. Ол бақсыларымыздың қо­сық­ларын тыңлап, «Мойнақ» композициясын тамашалады. Жыраў Б.Сырымбетов пенен қол берисип сәлемлесип, оның қобызда атқарған жырын тыңлады. Отаўларымызға кирип, қарақалпақстанлыларға жақсы тилеклерин билдирди.

5-10-апрель күнлери аралығында фестиваль болып өтип, 31-марттан баслап үлкен, кең сахнада қосықшыларымыз, бақсы, жыраўларымыз қосық айтып, дәстанлардан үзинди, терме, толғаўлар толғап, ойыншыларымыз ойын ойнап, фестивальға келген мийман­ларға халқымыздың көркем өнерин көрсетип, бай мәдений мийрасларымызды таныстырды. Бизлер де сол жерде «Мухаллес» ансамбли менен концерт бағдарламасын қойып бердик. Фестивальға устазларымыздан сазендешилик жөнелиси бойынша Ғайрат Өтемуратов, жыраўшылық бойынша Бақберген Сырымбетов, бақсышылық бойынша Гүлнара Алламбергеновалар қатнасып, қарақалпақ көркем өнериниң әжайып дәстүрлерин көрсетти.

­ Ал, енди өзиңиз қатнасқан таңлаў туўралы айтып берсеңиз...

­ Фестиваль барысында Өзбекстан Республикасы Мәденият министриниң биринши орынбасары Азадбек Назарбековтың басламасы менен өзбекстанлы бақсы-жыраўлар арасында ишки таңлаў өткериў, жеңимпазларды ақшалай сыйлықлаў бойынша қарар шығарылды. Өзлериңизге мәлим, негизинде өзбек бақсылары ат­қарыў ҳәм шертиў усылларына қарай үш бағдарға бөлинеди. Биринши бағдар ­ Сурхандәрья, Қашқадәрья, Самарқанд ҳәм Наўайы ўәлаятларындағы Булын­ғыр, Нарпай, Нурата, Қорған, Шаҳрисабз, Қамай, Шерабад бақсышылық мектеплери, екинши бағдарға Хорезм дәстаншылық мектеби ҳәм үшинши бағдарға Ферғана алабында тарқал­ған дәстан атқарыўшылық өнери киреди. Усылайынша бул таңлаў үш жөнелисте ­ бақсышылық, ақын-жыраўшылық ҳәм дәстан атқарыўшылық жөнелислеринде өткерилди.

Мен де усы таңлаўдың үшинши жөнелисинде қатнасып, биринши орынды ийеледим. Ал, усы жөнелис­тиң үшинши орнын қарақалпақстанлы бақсы Муҳаммед Төребеков жеңип алыўға миясар болды. Тилге тийек етер жери, фестивальға Қарақалпақстаннан санаўлы бақсы барсақ та жоқары нәтийжелерге ерисип, жарық жүз бенен қайттық.

Фестиваль ўақтында Сурхандәрья ўәлаятының архео­логиялық естеликлерин, муқаддес орынларын зыяратладық, туристлик объект­лерин ҳәм басқа да дыққатқа ылайық орынларына саяхат еттик, улыўма алғанда, фестивальдан елимизге үлкен тәсирлер менен қайттық.

­ Келешектеги режелериңиз ҳаққында да айт­саңыз...

­ Келешектен үмитим көп. Бурын өзим де устаз­ларға ерип шәкирт болған болсам, бүгинлиги олардың қоллап-қуўатлаўы арқасында устазлық дәрежесине жетистим. Өзим де шәкирт таярлап атырман, олардан Кегейли районындағы 11-санлы балалар музыка мектебиниң Халқабадтағы филиалының дуўтар шертиў дөгерегинде оқытып атыр­ған оқыўшыларым арасында талантлылар жүдә көп. Мен олардың келешегинен үлкен үмит күтемен, атап айтқанда Азада Қарлыбаева «Жулдызша» телеойынының Қарақалпақстан бас­қышында «Налыш»тан ең жақсы атқарыўшы номинациясы жеңимпазы болған болса, жақында өткерилген «Камалак юлдузлари» таңлаўының Қарақалпақстан басқышында өзи қатарлы жас бақсылар арасында биринши орынды ийеледи. Сондай-ақ, Нөкис педагогикалық колледжинде оқып атырған ­ Г.Рәметуллаева, И.Ережепова, Н.Сағынбаева, Ш.Ҳайтбаевалар да көплеген таңлаўларда қатнасып, жетискенликлерге ерисип киятыр.

Жеке өзиме келсем, алдағы ўақытларда қарақалпақтың миллий саз әсбабы ­ дуўтарда атқарылатуғын миллий қосықларымызды еле де жетик дәрежеде атқарып, раўажландырып, сондай-ақ, халқымыздың дәстанларын, шайырларымыздың тәрбиялық әҳмийети үлкен ақыл-нәсият қосықларын нотаға, дуўтар сазына түсирип, халқы­мызға инам етсем деген нийетим бар.

Сәўбетлескен:

Сағынбай ОРАЗЫМБЕТОВ,

өз хабаршымыз.

СҮЎРЕТТЕ: Ерисбай Асқаровтың фестивальдан жеңимпаз болған пайытынан көринис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF