Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:53:41, 12.10.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИСБИЛЕРМЕНЛИК  СУБЪЕКТЛЕРИН  САПЛАСТЫРЫЎ  ТӘРТИП-ҚАҒЫЙДАЛАРЫН  ӘПИЎАЙЫЛАСТЫРЫЎ  ИЛАЖЛАРЫ  ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Исбилерменлик субъектлерин сапластырыў тәртибин әпиўайыластырыў, сапластырыў процесин әмелге асырыўда исбилерменлик субъект­лери ушын тийкарсыз қәрежетлер жумсаўға алып келетуғын артықша ҳәкимшилик шеклеўлерди бийкарлаў, бизнести жүргизиў бойынша халықаралық рейтинг ҳәм индекслерде Өзбекстан Республикасының орнын және де жақсылаў, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тий­карғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы»н­да әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламада белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил, Мәмлекетлик салық комитети ҳәм Әдиллик министрлигиниң 2020-жыл 1-январьдан баслап:

финанс-хожалық жумысларын әмелге асырмай атырған ҳәм (яки) нызамшылықта белгиленген мүддетлерде өзлериниң устав қорларын қәлиплестирмеген кәрханаларды сапластырыў бойынша турақлы ислейтуғын арнаўлы аймақлық комиссияларды сапластырыў;

мәмлекетлик дизимнен өткерилген пайыттан баслап бир жыл ишинде устав фонды шөлкемлестириў ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған муғдарда қәлиплестирилмегенлиги ушын исбилерменлик субъект­лерин сапластырыў тәртибин бийкарлаў;

мәмлекетлик уйымлар арасында электрон мәлимлеме алмасыўын енгизиў арқалы исбилерменлик субъект­лерин сапластырыў процесиндеги  артықша ҳүжжетлер ҳәм тәртип-қағыйдаларды қысқартыў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.

  1. 2020-жыл 1-январьдан баслап сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

а) исбилерменлик субъектлери —юридикалық шахсларды (кейинги орынларда-кәрханалар) ықтыярлы сапластырыўда:

 бир ямаса бир неше күнделикли баспа басылымларда кәрхананың сапластырылыўы ҳаққында дағазалар бериў талап етилмейди, бунда тийисли мағлыўматлар дизимнен өткериўши уйымның рәсмий сайтына жай­ластырылады;

мәмлекетлик дизимнен өткерилген ўақыттан баслап финанс-хожалық жумысын әмелге асырмаған ҳәм салық қарызы бар болмаған кәрханалардың финанс-хожалық жумысы тексерилмейди;

мәмлекетлик салық хызмети уйымлары тәрепинен өткерилетуғын, сапластырылатуғын кәрхананың финанс-хожалық жумысын тексериўдиң ең узақ даўамлылығы үш жылды қурайды;

финанс-хожалық жумысын тексериў ушын ўәкилликли мәмлекетлик уйымлардан кәрхана ҳаққындағы бар мағлыўматларды алыў Исбилерменлик субъектлерин мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳәм есапқа алыўдың автоматластырылған системасы (кейинги орынларда-Система) арқалы әмелге асырылады;

кәрхананы ықтыярлы сапластырыўдың улыўма мүддети дизимнен өткериўши уйым ықтыярлы сапластырыў ҳаққында хабардар етилген күннен баслап алты айдан аспаўы керек;

б) исбилерменлик субъектлери-физикалық шахслардың жумысын тоқтатыўда арза бериўши тәрепинен мәмлекетлик салық хызмети уйымының салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлер бойынша қарызы жоқлығы ҳаққындағы жуўмақты алыў талап етилмейди;

в) финанс-хожалық жумысын әмелге асырмай атырған кәрханаларды сапластырыўда:

кәрхананың финанс-хожалық жумысын әмелге асырмай атырған деп есаплаў ушын тийкар болатуғын мүддет тоғыз айды қурайды;

финанс-хожалық жумысын әмелге асырмай атырған кәрханалар мәмлекетлик салық хызмети уйымының усынысына тийкарланып дизимнен өткериўши уйым тәрепинен үш жыл мүддетке ҳәрекетсиз режимге өткериледи;

ҳәрекетсиз режимге өткерилген кәрханалардың жумысы үш жыл даўамында тикленбеген жағдайда дизимнен өткериўши уйым оларды Исбилерменлик субъектлериниң Бирден-бир мәмлекетлик реестринен шығарады.

  1. Системаға жалғанған мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер тәрепинен тийисли мәлимлемелердиң өз ўақтында, толық, исенимли тәризде киргизилиўин тәмийинлемеў мәмлекетлик хызметлер көрсетилиўиниң белгиленген тәртибин бузыў деп есапланатуғыны белгилеп қойылсын.

Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Системаға жалғанған мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер тәрепинен тийисли мәлимлемелер өз ўақтында, толық ҳәм исенимли тәризде киргизилиўи үстинен, соның ишинде, Система арқалы турақлы қадағалаў орнатсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинети жанындағы «Өзархив» агентлиги бир ай мүддетте ықтыярлы сапластырылып атырған исбилерменлик субъектлериниң ҳүжжетлерин қабыл етиўде архив хызметлериниң әмелдеги норматив бойынша анықланатуғын баҳаларын еки есеге шекем төменлетиў илажларын көрсин ҳәм нәтийжеси бойынша Министрлер Кабинетине мәлимлеме киргизсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети, Әдиллик министрлиги Министрлер Кабинетине еки ай мүддетте:

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги және Қаржы министрлиги менен биргеликте Системаны усы Пәрман талапларына сәйкеслендириў, мәпдар мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң оған жалғаныўын шөлкемлестириў бойынша қаржыландырыў дәреклери анық көрсетилген илажлар бағдарламасын;

Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил менен биргеликте Өзбекстан Республикасының Пуқаралық кодекси, Экономикалық процессуал кодекси және «Исбилерменлик жумысы еркинлигиниң кепилликлери ҳаққында»ғы Нызамына финанс-хожалық жумысын әмелге асырмай атырған кәрханаларды дизимнен өткериўши уйым тәрепинен үш жыл мүддетке ҳәрекетсиз режимге өткериў, жумысы үш жыл даўамында тикленбеген жағдайда оларды Исбилерменлик субъект­лериниң Бирден-бир мәмлекетлик реестринен шығарыўды нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы усынысларды;

мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте Исбилерменлик субъектлерин ықтыярлы сапластырыў ҳәм олардың жумысын тоқтатыў тәртиби ҳаққындағы реже ҳәм Финанс-хожалық жумысын әмелге асырмай атыр­ған исбилерменлик субъектлерин мәмлекетлик реестрден шығарыў тәртиби ҳаққындағы реже жойбарларын;

мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққындағы усынысларды киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлери 2020-жыл 1-январьдан баслап қосымшаға муўапық өз күшин жойытқан деп есаплансын.
  2. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

      Өзбекстан Республикасы Президенти   Ш.МИРЗИЁЕВ.

      Ташкент қаласы, 2019-жыл 7-июнь.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF