Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:38:08, 12.10.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӨЗБЕКСТАН  ТЕАТРЛАРЫНЫҢ РЕСПУБЛИКАЛЫҚ  ФЕСТИВАЛЫ  БАСЛАНДЫ

Усы жыл 10-июнь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Сени жырлаймыз, заманлас!» Өзбекстан театрларының V республикалық фестивалының ашылыў салтанаты болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев, Өзбекстан Республикасы Мәденият минис­триниң биринши орынбасары, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти А.Назарбеков шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында елимизде миллий мәдениятымыз бенен көр­кем өнеримизди раўажландырыўға, оларды қоллап-қуўатлаўға қаратылып атырған айрықша итибарға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, 2011-жылдан берли өткерилип киятырған фестивальдың тийкарғы мақсети, миллий қәдириятларымыз бенен мәмлекетимизде алып барылып атырған үлкен дөретиўшилик жумысларын жырлаўшы, елимиздиң ғәрезсизлиги, тынышлығы ҳәм абаданлығы жолында пидакерли мийнет етип атырған, озық пикирлеўши заманласларымыздың образлары сәўлелендирилген заманагөй темалардағы спектакльлерди жаратыў болып табылады. Соның менен бирге, өз-ара тәжирийбе алмасыў, тамашагөйлерди елимиздиң театр көркем өнериниң ең сайланды спектакльлери менен жақыннан таныстырыўдан ибарат.

Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңеси тәрепинен шөлкемлестирилген V республикалық фестивальға 11 мәмлекетлик театр өзлериниң мазмунлы, заманымыз қаҳарманларын жырлаўшы спектакльлери менен қатнаспақта.

— Бизди жыллы-жүзлилик пенен күтип алғаны ушын Қарақалпақстан халқына шексиз миннетдаршылық билдиремиз,-дейди Өзбекстан мәмлекетлик драма театрының актёры, Өзбекстан халық артисти Элёр Насиров. — Бундай илажлардың өткерилиўи бүгинги күнниң ҳақыйқый қаҳарманларын халқымызға жақыннан таныстырыўға, өз гезегинде театрларымыздың бир-бири менен тәжирийбе алмасыўына хызмет етеди.

Илажда мийманлар республикамыз көркем-өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы, соңынан Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры тәрепинен сахналастырылған Ш.Айтматовтың «Жәмийла» спектаклин тамаша етти.

11-июнь күни фестиваль өз жумысын даўам етти. Дәслеп Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры имаратында Өзбекстан мәмлекетлик драма театрының «Жер бәрибир айлана береди» атлы спектакли көрсетилди. Авторы Ш.Башбеков, сахналастырыўшы режиссёры О.Салимов болған бул спектакльде тийкарынан елимизде бир-бир ярым жыл ишинде әмелге асырылған өзгерислер сөз етилип, алдымызға қойылған ўазыйпаларды ат­қарыўға иркиниш жасап атырған жат иллетлер ҳәм оған қарсы гүрес сөз етиледи.  Усы күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры тәрепинен К.Каримовтың «Сақаўат бағы» спектакли, Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театры имаратында Самарқанд ўәлаяты музыкалы драма театры тәрепинен М.Камилжановтың «Ана жүреги» спектакли қойып берилди.

— Президентимиздиң басламасы менен республикамызда, соның ишинде Мойнақ районында әмелге асырылып атырған кең көлемдеги қурылыс және абаданластырыў жумыслары ўақтында бундай фестивальдың өткерилиўи әҳмийетли,-дейди Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрының директоры, Қарақалпақстан Республикасы көркем өнер ғайраткери Полат Айтмуратов. — Жәмәәтимиз фестивальға «Мойнақтың бахытлы таңлары атты» ҳәм «Тырна пәрлери» спектакльлери менен қатнаспақта. Өзлериниң әжайып шығармалары менен келген бәрше қатнасыўшыларға әўмет тилеймиз.

Фестиваль шеңберинде елимиз театрлары республикамыздың Мойнақ, Қанлыкөл, Тахтакөпир, Шоманай, Шымбай, Әмиўдәрья, Елликқала ра­йонларында болып, спектакльлерин қойып береди. Сондай-ақ, И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде «Сахнада заман қаҳарманының образы» темасындағы драматурглердиң семинары, Жаслар орайында Өзбекстан мәденият ҳәм көркем өнер институты Нөкис филиалының студент-жаслары менен дөретиўшилик ушырасыў ҳәм басқа да илажлар өткериў нәзерде тутылған.

Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 28 жыллығына бағышланып өткерилип атырған фестиваль 15-июньге шекем даўам етеди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF