ХАЛЫҚ МЕҲИРИН СЕЗИНГЕН ЖУРНАЛИСТ
Оның дөретиўшилик жумысларында қурғақ ҳәм шәлкем сөзлер сезилгенинде ол қатардағы елеспесиз журналист ретинде танылған болар еди. Оның телеведение, радиода алып барған көрсетиў ҳәм еситтириўлеринде сөйлеген сөзлериниң нық еситилиўи, пикириниң анықлығы, көтерип шыққан мәселесине шешим излеўи ҳәм халық пенен тығыз байланыста екенлиги анық сезилип турады. Бундай жас журналистлердиң арамызда болыўы жүдә қуўанышлы.
Даўамын окыў: мақала
Сәне: 27.06.2017 09:44:27
519 мәрте оқылды
ϴЗИ ЖАС, МЫҢЛАРҒА УСТАЗ
Барлық дәўирлерде республикамыз балалары ҳәм жас өспиримлериниң сүйикли газетасы, сырлас досты болған «Жеткиншек» газетасының шөлкемлестирилгенине быйыл 85 жыл толды. Усы жыллар аралығында газета республикамыздың жас әўладларын ҳәр тәреплеме бәркамал, озық-ойлы, руўхый дүньясы бай, кәмил инсанлар болып жетилисиўинде тәрбия мектеби, бағдарлаўшысына айланды.
Даўамын окыў: «ЖЕТКИНШЕК» ГАЗЕТАСЫНЫҢ ДҮЗИЛГЕНЛИГИНЕ 85 ЖЫЛ
Сәне: 27.06.2017 09:40:38
755 мәрте оқылды
ИНСАН ФАКТОРЫ — ЖОҚАРЫ ҚӘДИРИЯТ
Халық пенен турақлы пикирлесип барыў, барлық тараўларда жүргизилип атырған реформаларда инсан мәплерин гөзлеп жумыс алып барыў жуўапкершилиги Президентимиз Ш.Мирзиёев тәрепинен қабыл етилип атырған Пәрман ҳәм қарарларда өз көринисин таппақта. Яғный, мәмлекетимизде инсан факторы жоқары қәдирият дәрежесине көтерилип, тынышлық-татыўлық, халық турмысының пәраўанлығы, журтымыздың раўажланыўы жолындағы барлық ҳәрекетлер ҳәр бир пуқараның өз турмысынан разы болып жасаўын тәмийинлеўге қаратылып атырғаны менен әҳмийетли болмақта.
Даўамын окыў: 2017-ЖЫЛ — «ХАЛЫҚ ПЕНЕН ПИКИРЛЕСИЎ ҲӘМ ИНСАН МӘПЛЕРИ ЖЫЛЫ»
Сәне: 27.06.2017 09:37:44
647 мәрте оқылды
ЖЕРГИЛИКЛИ ЭКСПОРТ ЕТИЎШИ ШϴЛКЕМЛЕРДИ БУННАН БЫЛАЙ ДА ҚОЛЛАП-ҚУЎАТЛАЎ ҲӘМ СЫРТҚЫ ЭКОНОМИКАЛЫҚ ХЫЗМЕТТИ ЖЕТИЛИСТИРИЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА
Өзбекистан Республикасы Президентиниң Қарары
Сыртқы экономикалық хызметти буннан былай да либералластырыў, экспортқа өним жеткерип бериўди күшейтиўди хошаметлеў, жергиликли экспорт етиўши шөлкемлердиң бәсекиге шыдамлылығын ҳәм қаржы турақлылығын арттырыў, артықша ҳәм ескирген рухсат бериў тәртиплерин бийкар етиў арқалы исбилерменлик орталығын жетилистириў мақсетинде:
Даўамын окыў: Қарар
Сәне: 27.06.2017 09:36:09
577 мәрте оқылды
ӨЗБЕКИСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ МИНИСТРЛЕР КАБИНЕТИ ЖАНЫНДАҒЫ ӨЗБЕКИСТАНҒА ТИЙИСЛИ ШЕТ ЕЛДЕГИ МӘДЕНИЙ БАЙЛЫҚЛАРДЫ ИЗЕРТЛЕЎ ОРАЙЫН ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ ҲАҚҚЫНДА
Өзбекистан Республикасы Президентиниң Қарары
Ғәрезсизлик жылларында халқымыздың бай тарийхы ҳәм мәдениятының ажыралмас бир бөлегин қурайтуғын, руўхый раўажланыўымыз ушын оғада үлкен әҳмийетке ийе болған әййемги қол жазбаларды, көркем дөретпелерди, ески естеликлерди сақлаў, оларды илимий жақтан изертлеў, елимиз ҳәм дүнья жәмийетшилиги арасында үгит-нәсиятлаў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылды.
Даўамын окыў: Қарар
Сәне: 27.06.2017 06:11:21
483 мәрте оқылды
«ЛАШЫН»ДА ЖАҢЛАР БАЛАЛАР КҮЛКИСИ
Балалардың басы жәмлескен жер бәрҳама байрам. Әсиресе, жазғы демалыс басланған күннен олардың асығы алшы келеди. Балалар бахтына жан күйдириў ҳәм ҳәр бир күнин қуўанышлы өткериўине мәмлекетлик сиясат дәрежесинде итибар қаратылған елимизде жазғы демалыс орайлары ҳәр жылы оларды қушақ ашып күтип алады.
Даўамын окыў: ЖАЗҒЫ ДЕМАЛЫС 2017
Сәне: 27.06.2017 06:08:17
597 мәрте оқылды
РЕЖЕ БИР ЖУМЫС КҮНИНДЕ ОРЫНЛАНДЫ
Кенарына сыймай, қақпақлап аққан нәўпир суўлы «Сүўенли» каналының еки бойы дийқаншылық. Қырман басы, сабағында сарғайып пискен бийдай атызлары узақтан көзге шалынады. Жоқары қуўатлықта ислеўши, әўдийген «Клаас», «Кейс» ҳәм «Ньюхолланд» комбайнлары атызды-атызға қоспай, орып-түйеклеген жерлеринде шашылып-төгилген ысырапқоршылықты байқамайсаң.
Даўамын окыў: ҒӘЛЛЕ — 2017
Сәне: 27.06.2017 06:03:51
585 мәрте оқылды
БАХЫТСЫЗ ҲӘДИЙСЕЛЕРДЕН САҚЛАНАЙЫҚ
Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы тәрепинен жаз мәўсиминде балалардың демалысын мазмунлы ҳәм қәўипсиз өткериў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасының қала ҳәм районларында жайласқан, сондай-ақ, республикамыз аймағындағы колледж, академиялық лицей, мектеплер ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде кең түрде түсиндириў жумыслары алып барылмақта.
Даўамын окыў: АЙРЫҚША ЖАҒДАЙЛАР
Сәне: 22.06.2017 07:06:01
676 мәрте оқылды
НӘШЕБЕНТЛИК ҲӘМ ОНЫҢ АЎЫР АҚЫБЕТЛЕРИ
Нәшебентлик әсир әжели болып, оған қарсы ғалаба гүресиў талап етиледи. Нәшебентлик затларға героин, көкнар, кокаин, наша, метадонлар киреди. Оларды қабыл етиў ақыбетинде ашыўшақлық, кейпияттың өзгериўи, сезиў, еслеў, пикирлеў қәбилетиниң пәсейиўи ҳәм жоғалыўы гүзетилип, бир-еки мәрте қабыл еткенниң өзинде инсанда руўхый ҳәм физикалық ғәрезлилик келип шығады.
Даўамын окыў: 26-ИЮНЬ — ХАЛЫҚАРАЛЫҚ НӘШЕБЕНТЛИККЕ ҚАРСЫ ГҮРЕСИЎ КҮНИ
Сәне: 22.06.2017 07:04:58
613 мәрте оқылды
КИТАП ОҚЫҒАН КЕМ БОЛМАС
Мәмлекетимиз басшысының миллий, руўхый кәдириятларымызға ҳүрмет-иззет пенен қараў, муқаддес динимиз ҳәм үрп-әдетлеримиз, бийбаҳа тарийхый мийрасымызды қәстерлеп-сақлаў ҳәм раўажландырыў жолында бизге қарата айтқан ҳәр бир сөзинде терең мәни бар. Солар қатарында жаслар арасында китапқумарлықты арттырыў мақсетинде әмелге асырылып атырған ислер олардың тәрбиясында үлкен әҳмийетке ийе.
Даўамын окыў: КОЛЛЕДЖЛЕР ТУРМЫСЫНАН
Сәне: 22.06.2017 07:02:49
583 мәрте оқылды
ТЕСТ СЫНАҚЛАРЫНДАҒЫ ЖАҢА ӨЗГЕРИСЛЕР
Тест сынақлары елимизде жылына бир мәрте болып өтетуғын, жаслардың келешегин белгилеўде айрықша из қалдыратуғын мапаз. Себеби, инсанның уқыбына бола кәсип таңлаўы, билим алыўы — өмирде өз орнын табыўдағы дәслепки қәдем — тийкарғы тырнақ, десек қәтелеспеймиз. Мәмлекетимизде жыллар даўамында топланған тәжирийбелерге бола барлық имканиятларды иске салған ҳалда тест сынақларының әдалатлы өтиўи ушын жаңадан-жаңа өзгерислер киргизилмекте. Перзентлериниң келешеги ушын жан күйдиретуғын ҳәр бир ата-ананы, бәрше жасларды, жуўапкерли хызметкерлерди тест сынақларына енгизилген өзгерислер ҳаққында мағлыўматлар қызықтыратуғынлығы тәбийғый.
Даўамын окыў: АБИТУРИЕНТ — 2017
Сәне: 22.06.2017 07:00:39
778 мәрте оқылды
ҒАЎАШАНЫ АЗЫҚЛАНДЫРЫЎ ҲӘМ СУЎҒАРЫЎҒА ИТИБАР БЕРЕЙИК
1. АЗЫҚЛАНДЫРЫЎ АГРОТЕХНИКАСЫ
Ғаўаша тәрбиясында алып барылатуғын тийкарғы агротехникалық илажлардан бири өсимликлерди минерал ҳәм басқа да төгинлер менен азықландырыў болып табылады. Дийқаншылықта минерал төгинлерден басқа жергиликли ҳәм бактериал төгинлерден пайдаланылады.
Даўамын окыў: ҚӘНИГЕНИҢ КЕҢЕСИ
Сәне: 22.06.2017 06:59:27
586 мәрте оқылды
ОРЫМҒА ЖУМЫЛА КИРИСКЕН ФЕРМЕР
«Бақаншақлы» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы фермерлер 987 гектар майданға гүзлик бийдай туқымын сеўип, бир тегис нәл алыўға еристи. Усы өнип шыққан бийдайларға агротехникалық тәрбия жумыслары жүргизилиўи нәтийжесинде бүгинги күнге келип атызда мол өним топланды.
Даўамын окыў: ҒӘЛЛЕ — 2017
Сәне: 22.06.2017 06:58:32
641 мәрте оқылды
ТУРМЫС СОҚПАҚЛАРЫНДА ШЫҒЛАНҒАН ЖУРНАЛИСТ
Бүгинги күни халық хожалығының ҳәрқыйлы тараўларында мийнет етип атырған мәкеме, кәрхана басшылары ҳәм ғалаба хабар қуралларында қәлем тербетип киятырған журналистлер өз кәсибиниң пидайысы болған Кеңесбай Сейдановты жақсы таныйды. Себеби, бул журналисттиң республикамызда бармаған аўылы, жазбаған темасы шенде-шен десек асыра силтеген болмаймыз. Кишкенелигинен көркем әдебият ҳәм тарийхқа қызығыўшылығы басым ол оқыўшылық дәўиринен баслап-ақ бул машақатлы тараўға араласып, Қарақалпақстан радио ҳәм телеканалында диктор, республикалық газеталар жанындағы жас хабаршылар университетиниң тыңлаўшысы болып, оларға өзиниң дәслепки хабар, гүрриң, сүўретлеме, қосық ҳәм жаңылтпашлары менен турақлы түрде қатнасып келди.
Даўамын окыў: СӨЗ — КӘСИПЛЕСИМИЗ ҲАҚҚЫНДА
Сәне: 22.06.2017 06:41:41
578 мәрте оқылды
«НӨКИС ҒӘЗИЙНЕСИНИҢ» МОСКВАДАҒЫ КӨРГИЗБЕСИ
Соңғы пайытлары Өзбекистан ҳәм Россияның мәдений-гуманитарлық салалардағы өз-ара бирге ислесиўи избе-из раўажланып бармақта. Еки елдиң халықлары бир-бириниң әдебияты менен көркем өнерине жоқары ҳүрмет пенен қарайды. Усы жерде Москва қаласында уллы өзбек шайыры ҳәм ойшылы Әлишер Наўайы ҳәм Ташкент қаласында Пушкин естеликлериниң бой тиклегени пикиримизди айқын дәлиллейди.
Даўамын окыў: КӨРКЕМ ӨНЕР
Сәне: 22.06.2017 06:40:44
629 мәрте оқылды