ҒАЎАШАНЫ СУЎҒАРЫЎ МӘҲӘЛИ КЕЛДИ
Ғазы кешлеў ғаңқылдаған быйылғы жыл кешигип кирди. Жаўын-шашынын аямаған бәҳәрдиң ҳаўа райы түсиниксиз келгенине қарамай, шигит егисин 6-апрель күни баслаған Төрткүл районындағы «Шораханлы Айхан» фермер хожалығы баслығы Жәнибек Ҳасылбековтың 59 гектар майдандағы ғаўаша нәллериниң алды ғумша байлап, гүл көрсете баслапты.
Даўамын окыў: мақала
Сәне: 04.07.2017 05:30:18
462 мәрте оқылды
АТЫЗЛАРДА ЖУМЫС ҚЫЗҒЫН
Әмиўдәрьялы дийқан-фермерлер өткен жылы 3000 гектар майданға гүзлик бийдай туқымын сеўип, оннан бир тегис нәл алыўға еристи. Усы өнип шыққан бийдайларға агротехникалық тәрбия жумыслары жүргизилиўи нәтийжесинде бүгинги күнге келип атызларда мол зүрәәт топланды.
Даўамын окыў: агросанаат
Сәне: 04.07.2017 05:27:50
461 мәрте оқылды
ИСЛАМ КӘРИМОВ АТЫНДАҒЫ ТАШКЕНТ МӘМЛЕКЕТЛИК ТЕХНИКА УНИВЕРСИТЕТИ ТЕРМИЗ ФИЛИАЛЫНЫҢ ЖУМЫСЫН ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА
Өзбекистан Республикасы Президентиниң
қ а р а р ы
Өзбекистан Республикасы Президентиинң 2017-жыл 20-апрельдеги «Жоқары билимлендириў системасын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-2909-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў және региондағы өндиристен, қолда бар техника ҳәм технологиялардан пайдаланыў, хызмет көрсетиўдиң тийкарғы тармақларын раўажландырыў, инженерлик билимлендириўди раўажландырыўда дүнья тәжирийбесин есапқа алған ҳалда кадрлар таярлаў системасын орынларда шөлкемлестириўди буннан былай да жетилистириў ҳәм сапасын жақсылаў мақсетинде:
Даўамын окыў: қ а р а р
Сәне: 04.07.2017 05:14:37
503 мәрте оқылды
БӘРШЕМИЗДИҢ ЎАЗЫЙПАМЫЗ
Мәмлекетимизде ҳәр қандай жаман иллетлерге қарсы гүрес қатаң түрде қолға алынған. Әсиресе, нәшебентлик пүткил дүнья жүзи бойынша қәўип туўдырып атырған кеселликлердиң бири есапланады. Республикамызда хызмет көрсетип турған наркологиялық диспансерлерде наўқаслар ушын барлық қолайлылықлар жаратылған. Атап айтқанда, мәдений ҳәм аўқатланыў орынлары, психолог, психотерапевт ханалары наўқаслар хызметинде. Руўхый өзгерислерге ушыраған наўқаслар узақ мүддет емленеди. Стационар бөлимлерде айырымлары мәжбүрий ем алыў арқалы өмирге қайта оралмақта.
Даўамын окыў: мақала
Сәне: 29.06.2017 11:49:36
523 мәрте оқылды
ЖЫНАЯТЛАР КЕМЕЙИП, БӘНТЛИК ТӘМИЙИНЛЕНБЕКТЕ
Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң басламасы менен ҳәр ҳәптениң «Пийшемби жынаятшылықтың алдын алыў ҳәм профилактика күни» деп белгилениўи нәтийжесинде районымызда жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша ушырасыўлар болып өтпекте.
Даўамын окыў: ПИЙШЕМБИ — ЖЫНАЯТШЫЛЫҚТЫҢ АЛДЫН АЛЫЎ ҲӘМ ПРОФИЛАКТИКА КҮНИ
Сәне: 29.06.2017 11:49:04
596 мәрте оқылды
БИРЛЕСИП ҲӘРЕКЕТ ЕТСЕК...
Бүгинги күнде ғәрезсиз Өзбекистан Республикасының халқы 32 миллионға шамаласқан болса, соның 60 проценттен асламын келешегимиз болған жаслар қурайды. Солай екен, оларға болған итибар ҳәм ғамқорлық мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилип, жасларға жаратылған кең мүмкиншиликлер менен шараятлардың дүнья халықларының ҳәўесин келтиретуғынына гүман жоқ. Әлбетте, усындай имканиятлардан утымлы пайдаланып, өзлериниң билим ҳәм уқыбы, таланты менен мәмлекетимиздиң ҳәм жәмийетимиздиң раўажланыўына өзлериниң салмақлы үлеслерин қосып киятырған жаслар көплеп табылады. Олардың илим, билимлендириў, көркем өнер, мәденият, спорт ҳәм басқа да тараўларда ерисип атырған табыслары кимди болса да қуўандырады.
Даўамын окыў: НӘШЕБЕНТЛИК — ҚӘЎИПЛИ ИЛЛЕТ
Сәне: 29.06.2017 11:48:06
495 мәрте оқылды
ЖУМЫСЛАРЫМЫЗДЫ ЖӘНЕ ДЕ ЖАНЛАНДЫРАМЫЗ
Соңғы ўақытларда елимизде ҳуқық қорғаў уйымларының жумысларын және де жетилистириў бағдарында бир қатар пәрман ҳәм ҳүкиметлик қарарлар қабыл етилип, олардың орынланыўы қатаң қадағалаўға алынбақта. Усындай ҳүжжетлердиң бири 2017-жыл 10-апрельде Президентимиз Ш.Мирзиёев тәрепинен қабыл етилген «Ишки ислер уйымларының жумыс нәтийжелилигин түп-тийкарынан арттырыў, жәмийетлик тәртипти, пуқаралардың ҳуқықларын, еркинликлери менен нызамлы мәплерин исенимли қорғаўды тәмийинлеўде олардың жуўапкершилигин күшейтиў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы болып, онда келтирилгениндей, жәмийетимизде турақлылықты, тынышлық ҳәм татыўлықты орнатыў, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерине әмел етилиўин тәмийинлеў елимизди социаллық-экономикалық жақтан буннан былай да раўажландырыў, халық турмысының абаданлығын арттырыў, демократиялық принциплерге тийкарланған ҳуқықый мәмлекет қурыў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардан гөзленген мақсетлерге ерисиўдиң әҳмийетли шәрти болып табылады.
Даўамын окыў: ПИЙШЕМБИ — ЖЫНАЯТШЫЛЫҚТЫҢ АЛДЫН АЛЫЎ ҲӘМ ПРОФИЛАКТИКА КҮНИ
Сәне: 29.06.2017 11:47:25
520 мәрте оқылды
ГӨЗЗАЛЛЫҚ ШАЙДАСЫ
Адамға өмир бир мәрте бериледи. Ол өмириниң ҳәр бир күнин ҳадал мийнет етип, алдына ийгиликли мақсет қойып, изинде мүнәсип из қалдырыўға умтылып жасаўы керек. Усындай пидайы инсанлардың бири, Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына хызмет көрсеткен балет артисти Гүлсара Уразбаева.
Даўамын окыў: КӨРКЕМ ӨНЕР ПИДАЙЫЛАРЫ
Сәне: 29.06.2017 11:39:03
507 мәрте оқылды
«ТАБАССУМ»ДАҒЫ КЕЎИЛЛИ КҮНЛЕР
Соңғы жыллары мәмлекетимизде жүз берип атырған жаңаланыў ҳәм раўажланыўлар нәтийжесинде келешегимиз болған жас әўладлардың саламат ҳәм бәркамал болып жетилисиўи ушын демалыў ҳәм саўаландырыў орайларына айрықша итибар қаратылмақта. Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы 2-санлы академиялық лицей қасында шөлкемлестирилген «Табассум» күндизги демалыў орайында 80 бала кеўилли демалмақта.
Даўамын окыў: БАЛАЛАР ЖАЗЫ — 2017
Сәне: 29.06.2017 11:37:43
587 мәрте оқылды
ЖАҢА ПРЕМЬЕРАЛАР
Жақында Қарақалпақ мәмлекетлик Қуўыршақ театрында режиссёр М.Бегимовтың «Сыйқырлы қосық» спектакли кишкенелеримизге қойып берилди.
Спектакльдиң мазмунына көз жуўыртатуғын болсақ, кишкене қыз жаңа туўылған, анасынан жетим қалған қозыға меҳри түсип, оны сүт пенен бағады. Бир күни аш қасқыр үйине келип, қозыны алып кетеди. Қозы өз досты болған қыздан үйренген сыйқырлы қосығын айтып, қасқырдан аман қалады. Бул спектакль арқалы балаларымыз бир-биреўге болған дослық мүнәсибетин үйренеди. Рольлерди усы театрдың актёрлары Э.Бегимова, Г.Исаева, С.Мадетова, П.Кулимовлар шеберлик пенен атқарып, жас тамашагөйлердиң кеўлинен орын алды.
Даўамын окыў: ТЕАТР ЖАҢАЛЫҒЫ
Сәне: 29.06.2017 11:36:42
471 мәрте оқылды
ТӘРБИЯДА ТӘНЕПИС БОЛМАЙДЫ
Мине 2016-2017-оқыў жылы да өз жуўмағына жетти. Оқыўшыларымның класстан-классқа өткенлиги бир тәрептен қуўаныш бағышласа, екинши жағынан қәлбимде қандайдур қәўетер де жоқ емес. «Тәрбияда тәнепис болмайды», «Тәлим-тәрбияда ўақытты жоғалтыў — ең аўыр жоғалтыў» деп айтылғанындай, оқыўшылардың жазғы демалыс ўақытларын мазмунлы өткериў ушын не нәрселер ислеўим керек, деген сораў мени ойландырды.
Даўамын окыў: БИЛИМЛЕНДИРИЎ
Сәне: 29.06.2017 11:05:47
512 мәрте оқылды
ҒАЎАШАНЫ АЗЫҚЛАНДЫРЫЎ ҲӘМ СУЎҒАРЫЎҒА ИТИБАР БЕРЕЙИК
СУЎҒАРЫЎДА ҚОЙЫЛАТУҒЫН ТАЛАПЛАР
Суўғарыў ғаўаша тәрбиясындағы тийкарғы ҳәм зүрәәттиң көлемин белгилейтуғын агротехникалық илаж есапланады. Сонлықтан, фермер хожалықларында ғаўашаны суўғарыў жумысларын шөлкемлестириў ҳәр бир ғаўаша егилген майданлардың топырақ жағдайлары ҳәм ғаўаша сортларының өзгешеликлерин есапқа алған ҳалда суўғарыў режими белгилениўи керек. Ғаўашаның суўға болған талапшаңлығы раўажланыў фазаларына қарап өзгерип турады.
Даўамын окыў: ҚӘНИГЕНИҢ КЕҢЕСИ
Сәне: 29.06.2017 11:04:50
477 мәрте оқылды
МАҚСЕТИМИЗ — ХАЛҚЫМЫЗДЫҢ АБАДАНЛЫҒЫН ТӘМИЙИНЛЕЎ
Мәмлекетимизде халықтың жәрдемге мүтәж қатламларын социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў, оларды ғамқорлыққа алыў мәселесине мудамы айрықша дыққат-итибар қаратылып, бул бойынша нызам ҳүжжетлери жыл сайын жетилистирилип барылмақта.
Даўамын окыў: ПЕНСИЯ ТӘМИЙНАТЫ
Сәне: 29.06.2017 11:00:45
681 мәрте оқылды
БЕЛСЕНДИЛИГИМИЗДИ ЖӘНЕ ДЕ АРТТЫРАМЫЗ
Инсаният өмири даўамында ийгиликли мақсетлерге жетиў ушын мудамы изленеди ҳәм ҳәрекетте болады. Жақсы нийетли инсан арзыў-үмитин әмелге асырыў ушын ең үлкен таяныш, бул тынышлық ҳәм пәраўанлық болып есапланады. Елимизде тынышлық даўам етсе, мәмлекет раўажланады, халқымыздың турмысы абат ҳәм пәраўан болады. Халқымыз тыныш ҳәм пәраўан болыўы ушын күнделикли турмыста бир қатар диний ҳәм миллий пазыйлетлерди әмелге асырады.
Даўамын окыў: МҮНӘСИБЕТ
Сәне: 29.06.2017 10:59:52
551 мәрте оқылды
БАСПАСӨЗ ҲӘМ ҒАЛАБА ХАБАР ҚУРАЛЛАРЫ ХЫЗМЕТКЕРЛЕРИНЕ
Әзиз дослар!
Ең дәслеп, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңеси атынан баспа ҳәм полиграфия пидайыларын, радио ҳәм телевидение жәмәәтлерин, барлық журналистлеримиз бенен дөретиўши инсанларды, тараў ветеранларын 27-июнь — Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни менен қызғын қутлықлаймыз.
Даўамын окыў: 27-июнь — Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни
Сәне: 29.06.2017 10:09:01
589 мәрте оқылды