Прекрасный подарок
Внимание и заботу, оказываемую государством подрастающему поколению, в полной мере ощутила молодежь города Беруни. Накануне празднования Дня независимости был сдан в строй крытый бассейн. Выстроенный при детско-юношеской спортивной школе он стал прекрасным подарком для тех, кто ведет здоровый образ жизни и готов побеждать. На его возведение было выделено более 3 миллиардов 460 миллионов сумов. Подрядная организация ООО "Жамшид" справилась с поставленной задачей, качественно и в срок сдав объект к главному празднику страны.
Даўамын окыў: Год здоровой матери и ребенка
Сәне: 29.09.2016 11:20:44
436 мәрте оқылды
ИНФОРМАЦИОННОЕ СООБЩЕНИЕ О ДЕСЯТОЙ СЕССИИ ЖОКАРГЫ КЕНЕСА РЕСПУБЛИКИ КАРАКАЛПАКСТАН
21 сентября этого года в Нукусе состоялась десятая сессия Жокаргы Кенеса Республики Каракалпакстан.
В ней приняли участие члены Сената Олий Мажлиса Республики Узбекистан и правительства Республики Каракалпакстан, руководители правоохранительных органов, представители средств массовой информации.
Даўамын окыў: Cтатьи
Сәне: 29.09.2016 11:18:21
501 мәрте оқылды
ТАБЫСЛАР АЛҒА БАСЛАМАҚТА
Соңғы жыллары мәмлекетимизде спорт тараўына болған итибар нәтийжесинде жасларымыздың, соның ишинде ҳаял-қызларымыздың да спортқа деген қызығыўшылығы артып, елимиз байрағын дүньяға танытыўына себепши болмақта.
Даўамын окыў: ҒӘРЕЗСИЗЛИК ПЕРЗЕНТЛЕРИ
Сәне: 29.09.2016 11:07:24
351 мәрте оқылды
МЕҲИР МЕНЕН МИЙНЕТ ЕТИЎ ТАБЫСҚА ЖЕТЕЛЕЙДИ
Дийқаншылық, бағшылық, шарўашылық тараўлары қәнигелери туўралы сөз кетсе, әлбетте, Төрткүл районындағы «Өзбекистан» аўыл пуқаралар жыйыны турғынларын айрықша тилге алысады. Себеби, олар аўыл хожалығының ҳәр қайсы тараўынан жоқары зүрәәт жетистириўдиң усылын тапқан. Быйыл пуқаралар жыйынынан өз алдына отаў тигип «Машъал» мәкан пуқаралар жыйыны болып бөлекленген аймақта жердиң ҳәр бир қарысынан өнимли пайдаланыў, ең сапалы нәллерден бағ көгертиў, шарўа малларынан сүт, гөш өнимлерин жетистириўде алдына адам салмайтуғын исбилерменлер көплеп табылады.
Даўамын окыў: ИС БИЛГЕННИҢ ЫРЫСҚЫСЫ АРТЫҚ
Сәне: 29.09.2016 11:02:58
357 мәрте оқылды
БҮЛБИЛЗИБАН ЛАПЫЗ ИЙЕСИ
Халық арасында көпшиликтиң кеўлинен шыққан, өнерди қәстерлей билген ҳәм сол жолда өз қәбилетлерин таныта алған талантлар көп. Сондай талант ийелериниң бири хошҳаўаз қосықшы ҳәм сазенде Нәзир Раҳимов болды. Болажақ қосықшы ҳәм сазенде 1932-жылы маңғытлы Раҳимбай бағманның шаңарағында дүньяға келип, өзиниң туўма қәбилети, өмирге умтылыўшаңлығы ҳәм өнерди қәдирлей билгенлиги менен өз изинде унамлы из қалдырған талант ийеси болып табылады.
Еле үш жасын толтырмай атырып көзи зайып болған бул инсан тәғдирдиң салған жазмышына балалығында-ақ көнип, өнерди өмириниң мазмуны деп билди ҳәм усы жолда бар күш-жигерин сарп етти, тәбият инам еткен талантын халыққа таныта билди.
Даўамын окыў: ОҚЫДЫҚ, ПИКИР АЙТАМЫЗ
Сәне: 29.09.2016 11:00:32
333 мәрте оқылды
КИТАПСЫЗ, БИЛИМСИЗ ИЛИМ ЖОҚ
Бүгинги жас әўлад қайсы пәнге қызықса арзыў-әрманы орынланып атыр. Мәмлекетимизде қәбилетли, талантлы оқыўшылардың тыянақлы билим алыўы ушын қәнигелестирилген мектеплер есиги ашық. Оқыйман, изленемен дейтуғын оқыўшыларға имканиятлар, шараятлар жаратылған деп айтыўға ҳақылымыз.
Ақыл-ойды шарықлайтуғын математика, қосымшасына әҳмийети оннан кем емес физика, химия, биология пәнлерине қызығыўшы талантлы жасларға билим бериў нийетинде шөлкемлестирилген Елликқала районындағы 13-санлы мәмлекетлик қәнигелестирилген мектеп-интернаты жумыс баслағанына оншелли көп ўақыт өтпеген болса да оқыўшылар қолға киргизген табыслар дәслепки мийўелери бой көрсеткен бағқа мегзейди.
Даўамын окыў: 1-ОКТЯБРЬ МУҒАЛЛИМЛЕР ҲӘМ УСТАЗЛАР КҮНИ АЛДЫНАН
Сәне: 29.09.2016 10:54:42
371 мәрте оқылды
МИЙНЕТ БАХЫТ КЕЛТИРЕДИ
Ҳақыйқый инсан болып жетилисиў ушын өмирдиң ашшы-душшысын татып, барлық дығырықларынан мәрдана өтиўиң шәрт. «Болар бала бес жасынан» дегендей, адамның минез-қулқы, келешекте қандай кәсип ийелеўи жас өспиримлик шағында қәлиплесер екен.
Даўамын окыў: МӘРТЕБЕ
Сәне: 29.09.2016 10:45:47
479 мәрте оқылды
«ӨЗБЕК МОДЕЛИ» — ЕЛИМИЗ РАЎАЖЛАНЫЎЫНЫҢ БЕККЕМ ТИЙКАРЫ
Бүгинги күнде экономиканың барлық салаларында ерисилип атырған жетискенликлеримиздиң тийкарында мәмлекетимиздиң өзине тән раўажланыў жолы — «өзбек модели» жатырғанлығын пүткил дүнья жәмийетшилиги тән алмақта. Биз бундай жетискенликлерге аңсатлық пенен ериспегенимизди ҳәм оның негизинде қандай қыйыншылықлар болғанлығын естен шығармаўымыз керек. Жақын өтмишимизге нәзер тасласақ, өткен әсирдиң 80-жылларының ақырларына келип мәмлекетимизде экономикалық жағдай кескин түс алған еди. Өндирис көлеминиң қысқарыўы, жумыссызлықтың артып барыўы, әсиресе, кескин демографиялық жағдайда жасап атырған Өзбекистан халқының турмыс жағдайына аўыр тәсир көрсетти.
Даўамын окыў: БИЗ КЕШЕ КИМ ЕДИК, БҮГИН КИМ БОЛДЫҚ!
Сәне: 29.09.2016 10:14:54
410 мәрте оқылды
ХАЛҚЫМЫЗҒА, МӘДЕНИЯТЫМЫЗҒА ҲҮРМЕТИ БӘЛЕНТ ЕДИ
Елимиздиң Биринши Президенти Ислам Кәримов дүньядан өтиўи ҳәммениң баўырын езип жиберди.
Узақты көре билетуғын, ақыллы, дана, мәрт, дәўжүрек ҳәм меҳрибан бундай уллы инсанның өлими халқымыз ушын орны толмас жоғалтыў болды.
Даўамын окыў: БӘРҲӘМА ЯДЫМЫЗДА
Сәне: 29.09.2016 10:12:07
363 мәрте оқылды
БАЖЫХАНА ХЫЗМЕТИНИҢ ПИДАЙЫСЫ
(Очерк)
ҚАЗАҚДӘРЬЯДА ҚОМЛАНҒАН ҚАНАТ
Халқымыздың уллы сөз зергери Ибрайым Юсуповтың:
Ҳәр түп терек, ҳәр үй бунда
Суўға баққан, Қазақдәрья.
Қарақалпақтың тарийхында,
Атқа шыққан Қазақдәрья, деп жырлағанындай, халқымыз тарийхында өзиниң ылайықлы орнына ийе болған Қазақдәрья елатынан ел хызметине жараған әжайып инсанлар, озық ойлы, жүйрик тилли жазыўшы-шайырлар, белгили алымлар жетилисип шыққаны көпшиликке мәлим.
Даўамын окыў: АРАМЫЗДАҒЫ АДАМЛАР
Сәне: 29.09.2016 10:09:34
441 мәрте оқылды
САЗДЫ СЫЙҚЫРЛАҒАН ЖАМАЛАТДИН
Саздың әжайып сыйқырлы сести адам кеўлин толқынланыў көшесине жетелейди. Олқайғы-ғамға батқанларға өмирге қуштарлық оятып, үмит береди, не бир тасбаўырлардың жүреклерин еритиў қүдиретине ийе. Бул шексиз илаҳий күшли өнерге ықлас қойғанлар өзлигинен оны тәрк ете алмайды.
Аўа, елимизде азғана таланты ушқынлаған жаслардың қанаты қатайыўына ғамқорлық көрсетилиўинен кемис жоқ. Мине усындай имканиятлардан утымлы пайдаланған төрткүлли Жамалатдин Авезов жас болыўына қарамай дүньяның көплеген мәмлекетлери концерт залларында миллий сазларымыз ҳәм қосықларымызды атқарып, биз ҳешкимнен кем емеслигимизди мойынлата алды.
Даўамын окыў: МИЙНЕТИ МҮНӘСИП БАҲАЛАНҒАНЛАР
Сәне: 29.09.2016 10:02:47
355 мәрте оқылды
ДҮНЬЯ БАЗАРЫНА — САПАЛЫ ӨНИМ
Өнимлердиң дүнья базарынан ылайықлы орын ийелеўи оның сапа көрсеткишлери базардың биринши нызамы болып есапланады.
Мәмлекетимиздиң экономикалық тармақларының раўажланыўында өнимлер сапасына тиккелей байланысы болған «Өзстандарт» агентлиги, олардың аймақлық қурамындағы кәрхана ҳәм шөлкемлердиң өз орны бар.
Даўамын окыў: СТАНДАРТЛАСТЫРЫЎ
Сәне: 29.09.2016 09:52:39
348 мәрте оқылды
ӨЗ-АРА БИРГЕ ИСЛЕСИЎДИ ТӘМИЙИНЛЕЎ ЖОЛЫНДА
Пуқаралардың жергиликли ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының алып барып атырған жумыслары, қабыл еткен қарар ҳәм шешимлери ҳаққында мәлимлеме алыўға болған ҳуқық ҳәм еркинликлери «Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары хызметиниң ашық-айдынлығы ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы Нызамы менен кепилленеди.
Даўамын окыў: БАСПАСӨЗ КОНФЕРЕНЦИЯСЫ
Сәне: 29.09.2016 09:37:24
368 мәрте оқылды
КӨЗДИҢ ЖАЎЫН АЛЫП ТУРСА АЙНАЛА...
Ғәрезсизлик жыллары елимизде қаншадан-қанша жаңаланыўлар, алға илгерилеўлер жүз бермеди дейсиз. Бир ғана қурылыс тараўында пайтахтымыздың өзинде бирқанша жаңа имаратлар бой тиклеп, қаламыздың көркине көрк бағышламақта.
Даўамын окыў: ҒӘРЕЗСИЗЛИК ҚУРЫЛЫСЛАРЫ
Сәне: 29.09.2016 09:35:37
369 мәрте оқылды
ЧТО НУЖНО ЗНАТЬ О БОТУЛИЗМЕ
В разгар урожайного сезона все мысли у хозяек о консервировании и заготовке продуктов на зиму. Именно в это время необходимо напомнить всем о соблюдении всех санитарно-гигиенических норм при консервировании овощей. Загляните на полки, где имеется прошлогодний консервант, и проверьте, можно ли употреблять все это в пищу, ведь в старых банках может таиться большая угроза, вызывающая ботулизм.
Даўамын окыў: Советы врача
Сәне: 23.09.2016 13:04:33
413 мәрте оқылды