Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:37:38, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

"ЕРКИН ҚАРАҚАЛПАҚСТАН" - "ВЕСТИ КАРАКАЛПАКСТАНА"

ЖӘМИЙЕТ

ТИЛДИҢ ҚӘДИР ҚЫМБАТЫ — ҲӘММЕ НӘРСЕДЕН УЛЛЫ

Усы жыл 1-декабрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында  Қарақалпақстан Республикасының «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилгениниң 33 жыллығына бағышланып «Мәртебең бәлент болсын, ана тилим!» сүрени астында салтанатлы мәжилис болып өтти.

Даўамын окыў: ЖӘМИЙЕТ

Сәне: 05.12.2022 10:45:26

477 мәрте оқылды


ЖӘМИЙЕТ

ҚАРАРДЫҢ ӘҲМИЙЕТИ ТҮСИНДИРИЛДИ

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги «2022-2023-жылларда мәҳәллелердиң инфраструктурасын және де жақсылаў бойынша қосымша илажлар ҳақ­қында»ғы қарарының мазмун-әҳмийетин кең жәмийетшиликке түсиндириў мақсетинде депутатлар тәрепинен орынларда үгит-нәсият жумыслары даўам етпекте.

Даўамын окыў: ЖӘМИЙЕТ

Сәне: 01.12.2022 10:54:57

468 мәрте оқылды


НӘЖИМАТДИН МУХАММЕДДИНОВ 85 ЖАСТА

ХАЛҚЫМЫЗДЫҢ МИЛЛИЙ МАҚТАНЫШЫ

Қарақалпақ саз өнериниң көш баслаўшысы Нәжиматдин аға Мухаммеддинов быйыл 85 жасқа толды. Усы мүнәсибет пенен жақында қайта баспадан шыққан «Қарақалпақ саз дүньясының сәрдары» атлы китап «Билим» баспасы тәрепинен қайта жарық көрипти.

Даўамын окыў: НӘЖИМАТДИН МУХАММЕДДИНОВ 85 ЖАСТА

Сәне: 01.12.2022 10:54:21

476 мәрте оқылды


НӘЖИМАТДИН МУХАММЕДДИНОВ 85 ЖАСТА

КӨП ҚЫРЛЫ ТАЛАНТ ИЙЕСИНЕ ҲҮРМЕТ

12-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде  усы атамада Қарақалпақстан Композиторлары аўқамының баслығы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери Нәжиматдин Мухаммеддиновтың 85 жасқа толыў юбилей кешеси болып өтти.

Даўамын окыў: НӘЖИМАТДИН МУХАММЕДДИНОВ 85 ЖАСТА

Сәне: 01.12.2022 10:53:10

485 мәрте оқылды


ЖӘМИЙЕТ

АНА ТИЛИМ — АЛТЫН  ҒӘЗИЙНЕМ

Быйыл қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенине 33 жыл толады. Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында «Ана тилим — алтын  ғәзийнем» атамасында байрам кешеси болып өтти. Оған профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Даўамын окыў: ЖӘМИЙЕТ

Сәне: 01.12.2022 10:50:19

468 мәрте оқылды


ЖӘМИЙЕТ

ТАРАЎДАҒЫ ЖЕТИСКЕНЛИКЛЕР ҲӘМ КЕМШИЛИКЛЕР ДОДАЛАНДЫ

Халық билим­лендириў тараўында әмелге асырылып атыр­­ған жумыслар, жетискенликлер ҳәм жүзеге келип атыр­ған машқалаларға бағышланған ушырасыў өткерилди.

Даўамын окыў: ЖӘМИЙЕТ

Сәне: 01.12.2022 10:42:42

478 мәрте оқылды


Cиясат

ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСТЕГИ ҚАБЫЛЛАЎ

«Globogate Concept AG» шөлкеми директоры Йоханнес Мейер, «Globogate Recruiting» компаниясының Өзбекстандағы жойбарлар бойынша үлкен директоры Гулнара Салимова Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаевтың қабыллаўында болды.

Даўамын окыў: Cиясат

Сәне: 01.12.2022 10:38:08

467 мәрте оқылды


ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИНИҢ СЕССИЯСЫ

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИНИҢ ОТЫЗ СЕГИЗИНШИ СЕССИЯСЫ ҲАҚҚЫНДА МӘЛИМЛЕМЕ

Усы жыл 29-ноябрь күни Нөкисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң отыз сегизинши сессиясы болып өтти.

Сессияға Олий Мажлис Сенатының ағзалары, сектор ҳәм тараў басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Даўамын окыў: ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИНИҢ СЕССИЯСЫ

Сәне: 01.12.2022 10:35:54

494 мәрте оқылды


КӨРГИЗБЕ

ХУДОЖНИКТИҢ ЕКИНШИ ӨМИРИ

Халқымыз арасында дөретиўши инсанлар еки өмир кеширеди деген гәп бар. Ҳақыйқатында да, олардың кеўил дүньясынан жаралған қунлы дөретпелери бул дүньяны тәрк еткеннен ке­йин де келешек әўладлардың мәнаўиятын байытыўда хызмет етеди.

Даўамын окыў: КӨРГИЗБЕ

Сәне: 01.12.2022 10:30:31

488 мәрте оқылды


ЖӘМИЙЕТ

ЖЕКЕ ХОЖАЛЫҚЛАРҒА СУЙЫЛТТЫРЫЛҒАН ГАЗ ҚАЛАЙ ЖЕТКЕРИП БЕРИЛМЕКТЕ?

2022-жыл 21-ноябрь жағдайына Қарақалпақстан Республикасы бойынша жәми 105299 жеке хожалықлар су­йылттырылған газ бенен тәмийинленип келинбекте.

Даўамын окыў: ЖӘМИЙЕТ

Сәне: 01.12.2022 10:25:15

466 мәрте оқылды


3-ДЕКАБРЬ — МАЙЫПЛАР КҮНИ АЛДЫНАН

«МҮРИЎБЕТ» ҮЙИНДЕГИ МҮРИЎБЕТТИ КӨРДИК

Нөкистеги «Мүриўбет» майыплығы болған шахслар ушын ҳаяллар интернат үйине кирер екенмен, бул үлкен майданды ийелеп тур­ған имараттың сыртқы көринислерин көриўден-ақ зейниң ашылып кетеди.

Даўамын окыў: 3-ДЕКАБРЬ — МАЙЫПЛАР КҮНИ АЛДЫНАН

Сәне: 01.12.2022 10:24:10

472 мәрте оқылды


ПАЙТАХТТАН АЛЫС МӘНЗИЛЛЕРДЕ

АЙМАҚТАҒЫ ЖАҢАЛАНЫЎ НӘПЕСИ

Өткен жыллар даўамында республикамызда «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» мәмлекетлик бағдарламаларының негизинде мәҳәллелерде кең көлемдеги дөретиўшилик жумыслар әмелге асырылды.

Даўамын окыў: ПАЙТАХТТАН АЛЫС МӘНЗИЛЛЕРДЕ

Сәне: 01.12.2022 10:11:46

508 мәрте оқылды


ЖӘМИЙЕТ

МӘМЛЕКЕТЛИК ПУҚАРАЛЫҚ ХЫЗМЕТКЕРЛЕР ӘДЕП-ИКРАМЛЫЛЫҚ ҚАҒЫЙДАЛАРЫНА ӘМЕЛ ЕТИЎИ ТАЛАП ЕТИЛЕДИ

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлердиң әдеп-икрамлылық қағыйдаларына бағышланған оқыў-әмелий семинары өткерилди.

Даўамын окыў: ЖӘМИЙЕТ

Сәне: 01.12.2022 10:08:48

469 мәрте оқылды


ӨЗБЕКСТАН КОНСТИТУЦИЯСЫ КҮНИ АЛДЫНАН

«СОЦИАЛЛЫҚ ҚОРҒАЎ» КОНСТИТУЦИЯЛЫҚ РЕФОРМАЛАРДЫҢ ДЫҚҚАТ ОРАЙЫНДА

Халықты социаллық қорғаў мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған жедел реформалардың турақлы орайындағы мәселе болып қалмақта. Буның ушын елимиз бюджетинен   ажыратылатуғын қаржылардың муғдарын арттырыў ҳәм қосымша ресурсларды тартыў, социаллық қорғаў бағдарламалардың қамтыўын кеңейтиў ҳәм шаңарақларды аўыр турмыслық жағдайлардан алып шығыўға қаратылған қосымша механизмлерди енгизиў бағдарында әмелге асырылған жумыслар усылардан есапланады.

Даўамын окыў: ӨЗБЕКСТАН КОНСТИТУЦИЯСЫ КҮНИ АЛДЫНАН

Сәне: 01.12.2022 10:07:45

474 мәрте оқылды


КОНФЕРЕНЦИЯ

«ЗОРЛЫҚСЫЗ ШАҢАРАҚ-АБАДАН ТУРМЫСҚА ҚАРАЙ» АКЦИЯСЫ БАСЛАНДЫ

Нөкисте Ҳаял-қызларды реабилитациялаў ҳәм бейим­лестириў республика орайы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими тәрепинен «Зорлықсыз шаңарақ-абадан турмысқа қарай» атамасында конференция болып өтти.

Даўамын окыў: КОНФЕРЕНЦИЯ

Сәне: 01.12.2022 10:06:47

483 мәрте оқылды


Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF