Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 02:35:19, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӨНЕРМЕНТШИЛИКТИ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎДА ҚЫРҒЫЗСТАН ТӘЖИРИЙБЕСИ ЕН ЖАЙДЫРЫЛАДЫ

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Өзбекстан көркем өнер акаде­миясы Қарақалпақстан бөлиминиң Көргизбелер сарайындағы қой жүнин қайта ислеў ҳәм оннан таяр өним ислеп шығарыў бойынша жолға қойылған жумыслар менен танысты.

Бүгинги күнде АҚШ халық­аралық раўажланыў агентлиги (USAID) тәрепинен Қарақалпақстан Республикасының Нөкис, Шоманай, Мойнақ ҳәм Бозатаў районларында жүнди қайта ислеўдиң заманагөй технологиялары бойынша ҳаял-қызлар ушын бизнести раўажландырыў бойынша оқыў бағдарламасы иске түсирилген болып, онда Қыр­ғызстан Республикасынан келген өнерментлер менен тәжирийбе алмасыў жолға қойылмақта.

Оқыў бағдарламасының тийкарғы мақсети — жергиликли өнермент ҳаял-қызларға қой жүнин қайта ислеўдиң технологияларын көрсетиў арқалы олар­ға миллий өнерментшилик бағдарын раўажландырыў ҳәм оннан коммерциялық бағдарда пайдаланыўды үйретиў болып табылады. Буның ушын Қырғызстанның кийиз өнимлерин ислеп шығарыўшы «Tumar» компа­ниясынан келген қәнигелер  тәрепинен тренинглер өткерилип келинбекте.

Жоқарғы Кеңес Баслығы миллий қол өнеримиздиң әжа­йып үлгилеринен бири болған кийиз өнимлерин ислеп шығарыўды қоллап-қуўатлаў зәрүрлиги, бул бағдарда қырғызстанлы өнерментлер менен өз-ара тәжирийбе алмасыўды кеңейтиў, еки халық арасындағы миллий-мәдений жақынлықтан келип шығып, бирге ислесиўди жолға қойыў, миллий қара үй қурыў бойынша да тәжирийбе алмасыў зәрүр екенлигин атап өтти. Сондай-ақ, бул бағдардағы басламалар қоллап-қуўатланатуғынлығын билдирди.

Илаж қатнасыўшылары қырғызстанлы қәнигелер менен биргеликте таярланған өнимлер көргизбеси менен жақыннан танысты.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF