Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 10:33:00, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТАРАЎДАҒЫ ЖЕТИСКЕНЛИКЛЕР ҲӘМ КЕМШИЛИКЛЕР ДОДАЛАНДЫ

Халық билим­лендириў тараўында әмелге асырылып атыр­­ған жумыслар, жетискенликлер ҳәм жүзеге келип атыр­ған машқалаларға бағышланған ушырасыў өткерилди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев қатнас­ты.

Илажда соңғы жыллары елимизде оқытыўшылар ҳәм муғаллимлердиң абырайын көтериў, оларға өзлериниң тийкарғы жумысларынан тысқары ўазыйпалар жүк­лениўиниң алдын алыў, баслаўыш класс оқыўшыларын кейтеринг усылында аўқатландырыў системасын шөлкемлестириў, питкериўши класс оқыўшыларының жоқары оқыўға кириў көрсеткишлери, сабақлықларды басып шығарыў бағдарындағы жүзеге келип атырған кемшиликлер сын­ға алынды.

Ашық сәўбетлесиў түринде өткерилген илажда қатнасыўшылар тәрепинен бул машқалаларды шешиў бойынша пикир-усыныслар билдирилип, олар итибарға алынатуғыны атап өтилди.

— Ушырасыўда елимиз ушын әҳмийетли мәселелер ҳаққында сөз болды. Себеби, ҳәр бир мәмлекеттиң раўажланыўы, ертеңги күни сол мәмлекеттиң билимлендириў тараўына байланыслы, деп ойлайман, - дейди Нөкис қаласындағы 31-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң директоры, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Венера Қәленова. — Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары ҳәм министр тараўымыз ўәкиллери менен болған ашық ушырасыў даўамында кемшиликлер сын көзқараста додаланып, жетискенликлер атап өтилди. Билимлендириў тараўында раўажланыўға ерисиўде баслаўыш тәлим фундамент болып хызмет етеди. Соның ушын тәлим-тәрбияны усы буўынға итибарды күшейтиўден баслаўымыз керек, деп ойлайман. Сондай-ақ, сабақлықлардағы грамматикалық, методологиялық қәте-кемшиликлер де сабақ өтиў процесине өзиниң унамсыз тәсирин тийгизбекте. Қәнигелер усы сабақлықларды қайта көрип шықса еди, деген усыныс бирдиремен.  

 

Ушырасыўда жүзеге келип атырған машқалаларды сапластырыў бойынша тараў басшылары ҳәм қәнигелерине анық ўазыйпалар белгиленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF