Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:46:36, 24.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИНИҢ ОТЫЗ СЕГИЗИНШИ СЕССИЯСЫ ҲАҚҚЫНДА МӘЛИМЛЕМЕ

Усы жыл 29-ноябрь күни Нөкисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң отыз сегизинши сессиясы болып өтти.

Сессияға Олий Мажлис Сенатының ағзалары, сектор ҳәм тараў басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев ашты ҳәм басқарып барды.

Депутатлар сессияның Секрета­риатын сайлады ҳәм күн тәртибин тас­тыйықлады.

Сессияның күн тәртибиндеги дәслепки мәселе «Жайлаўлар ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы Жоқар­ғы Кеңестиң комитет баслығы Д.Утамбетов баянат жасады.

Баянатшының атап өткениндей, Қарақалпақстан Республикасының жайлаў жерлериниң улыўма майданы 5 миллион 185,3 мың гектарды яки республикамыздың улыўма жер майданының 31 процентин қурайды.

Бүгинги күнде бул жерлерде 840 тан аслам шарўашылық ҳәм қара­көлшилик бағдарындағы фермер хожалықлары жумыс алып бармақта. Олар тәрепинен қаракөл териси, жүн ҳәм гөш-сүт өнимлери жетистирип келинбекте. 

Бул мәселе бойынша 25-санлы «Нәўбәҳәр» сайлаў округинен депутат А.Рейимбаев шығып сөйледи.

Сораў-жуўаплардан соң депутатлар тийисли қарар қабыл етти.

Кейинги мәселе, яғный, қалалық ҳәм районлық халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайлары тәрепинен субсидиялар ажыратылыўында нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўи жағдайы ҳаққында Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигине парламентлик сораў жибериў туўралы Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы З.Реймова баянат жасады. Депутатлар бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етти.

Буннан кейин депутатлар Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 16-июньдеги «Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў, сондай-ақ, жәмийетлик қадағалаўды нәтийжели әмелге асырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы Пәрманы талапларының орынланыўы бойынша Министрлер Кеңесиниң мәлимлемеси туўралы мәселени көрип шықты. Бул бойынша Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Зарикеевтиң мәлимлемеси тыңланды ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.

Сессияда ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм олардың профилактикасы жағдайы ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри Б.Төребековтың есабаты тыңланды.

Баянатшының атап өткениндей, быйылғы жылдың өткен 9 айы даўамында Ишки ислер уйымлары тәрепинен ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў бағдарында бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылды. Жынаятлардың алдын алыў мақсетинде қала ҳәм районларда «қәўипсиз аймақ» арнаўлы профилактикалық илажлары өткерилип, профилактика инспекторлары тәрепинен республика аймағындағы 14 мың 284 объект ҳәм 86 мың 547 шаңарақ үйренилип шығылды.

Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети бағдарында жүз берген жол-транспорт ҳәдийселерди таллаўдан келип шығып, криминоген жағдайы аўыр болған 37 пуқаралар жыйыны ажыратып алынды.

Депутатлар бул мәселе бойынша да тийисли қарар қабыл етти.

Күн тәртибинде, сондай-ақ, Нөкис қаласындағы жети мәкан пуқаралар жыйынын «Шымбай гүзары» мәкан пуқаралар жыйыны үлгисинде абат аймаққа айландырыў бойынша әмелге асырылған жумыслар туўралы Нөкис қаласы ҳәкиминиң есабаты ҳаққындағы мәселе көрип шығылды. Бул  мәселе бойынша Нөкис қаласы ҳәкими У.Панаев шығып сөйледи.

Атап өтилгениндей, Нөкис қаласындағы шараяты аўыр аймақлардан таңлап алынған жети мәкан пуқаралар жыйынында абаданластырыў жумысларын алып барыў ушын 75 миллиард сум қаржы ажыратылды. Соннан режедеги ишки хожалық жолларын оңлаў, электр энергиясы ҳәм газ тәмийнатын жақсылаў, трансформатор пунктлерин жаңалаў, пиядалар жолларын қурыў, түнги жақтыландырыў шырақларын орнатыў сыяқлы бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Бул мәселе бойынша да тийисли қарар қабыл етилди.

Сессияның күн тәртибинде сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң айырым комитетлери қурамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселелер көрип шығылды. Депутатлар бул мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етти.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң отыз сегизинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF