Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 02:32:15, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ХУДОЖНИКТИҢ ЕКИНШИ ӨМИРИ

Халқымыз арасында дөретиўши инсанлар еки өмир кеширеди деген гәп бар. Ҳақыйқатында да, олардың кеўил дүньясынан жаралған қунлы дөретпелери бул дүньяны тәрк еткеннен ке­йин де келешек әўладлардың мәнаўиятын байытыўда хызмет етеди.

Художниклерди тәбийғый туўма талант ийелери десек қәтелеспеймиз. Себеби, биз итибарға алмайтуғын майда детальлар да олардың қәлемине илинсе жанланып, көрген көзди қуўандырып, қәлбимизге нур бағышлайды.

Жақында И.Савицкий  атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи залында усындай талант ийе­лериниң бири Қарақалпақстан халық художниги, Қарақалпақстанда хызмет көрсеткен мәденият ғайраткери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты,  «Дослық» ордени ҳәм Өзбекстан көркем өнер академиясының алтын ҳәм гүмис медаллары ийеси — художник Базарбай Серекеевтиң 80 жыллық юбилейине бағышланған «Илҳам булақлары» атамасындағы көргизбе болып өтти.

Онда сөзге шыққан Қарақалпақстан Республикасы Туризм ҳәм мәдений мийрас министри Р.Зарекеев, И.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейиниң баслығы Т.К.Мкртычев ҳәм елимизге белгили жазыўшы-шайырлар, оның менен бирге ислескен кәсиплеслери, зайыбы ҳәм перзентлери қатнасып, художниктиң басып өткен өмир жолы, оның дөретиўшилик мийнетлери ҳаққында кең түрде айтып өтти.

Атап өтилгениндей, Б.Серекеев 1942-жылы Кегейли районында дүньяға келди. Ол орта мектепти тамамлағаннан соң, Ташкент қаласындағы Р.Р.Бенков атындағы көркем өнер билим журтына оқыўға киреди ҳәм 1969-жылы оқыўды тамамлап, оның талантын сезген устазлары Москвадағы Суриков атындағы сүўретлеў өнери институтына жоллама береди. Бирақ, анасының өлими себепли баралмай қалады ҳәм елимизге қайтып келип художниклер устаханасында график дизайнер болып жумысқа киреди.

— Әкем перзентлерине жүдә мийримли әлпайым ҳәм кишипейил инсан еди. Анамыз Нәбийра Дәлиева менен  4 ул 5 қызды тәрбиялап камалға келтирип, қатарға қосқан үлгили шаңарақлардың бири болды. Биз ҳәрдайым ата-анамызды мақтаныш етемиз ҳәм олардың басып өткен өмир жолын өзимизге өрнек тутамыз. Бизлерди кишкенелигимизден мийнет етиўге үйретип, бәримиздиң де келешегимиздиң жарқын болыўында  ҳәмийше ақыл-кеңесин берип, жумыстан шаршап келсе де биз бенен пикирлесиўден қашқан емес. Көпшилик мийнетлеринде де толып-тасып шаңарағымыз турмысын сүўретлеген. Бәримиз де ҳәр қыйлы кәсипте болсақта сүўрет сызыў қәбилети әкемизден өткен. Ҳәзирги күнде Бахтиярымыз  әкемиздиң жолын тутып, ислеп атыр, - дейди художниктиң қызы, шыпакер Бахытгүл Серекеева.

З.ЕРЕКЕЕВА,

арнаўлы хабаршымыз.

СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF