Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 19:30:38, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖЕКЕ ХОЖАЛЫҚЛАРҒА СУЙЫЛТТЫРЫЛҒАН ГАЗ ҚАЛАЙ ЖЕТКЕРИП БЕРИЛМЕКТЕ?

2022-жыл 21-ноябрь жағдайына Қарақалпақстан Республикасы бойынша жәми 105299 жеке хожалықлар су­йылттырылған газ бенен тәмийинленип келинбекте.

Суйылттырылған газ бойынша усы дәўир ушын жеке хожалықларға 15649 тонна газ фонды ажыратылған болып, газди қайта ислеўши заводлардан толығы менен тасып алынған. Жыл басынан жеке хожалықлар ушын 15442 тонна суйылттырылған газ фонды белгиленип, әмелде 15884 тонна газ хожалықларға тарқатылған.

— Республикамыздағы жеке хожалықларға суйылттырылған газ жеткерип бериў ушын айланыста 169838 дана газ баллон ыдыслары бар,-дейди «Ҳудудгаз Қарақалпақстан» газ тәмийнаты филиалының бөлим баслығы Руслан Ибрагимов. — Бүгинги күнде кәрхананың орайлық складында 417, районлық газ аймақлары складында 1248, жәми 1665 дана газ баллон ыдыслары бар.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 5-октябрьдеги  «Санлы Өзбекстан — 2030» страте­гиясын  тастыйықлаў ҳәм оны әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманында көрсетилген ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде, филиал тәрепинен жеке хожалықларға суйылттырыл­ған газ жеткерип бериўдиң есабын алыў ҳәм қадағалаўдың онлайн системасын иске түсириў тәртиби ислеп шығылды.

Бүгинги күнде усы бағдарлама тийкарында республикамыздағы суйылттырылған газден пайдаланыўшы жеке хожалықлардың ҳәммесине  ID карталар ҳәм айланыста болған турмыслық газ баллон ыдысларына арнаўлы штрих кодлы стикерлер толық бириктирилди. Исленген жумыслар Е-газ программасына киргизилип, жеке хожалықларға онлайн программа арқалы ID карталар менен суйылттырылған газ жеткерип бериў жолға қойылмақта.

Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинетиниң 2022-жыл 23-сентябрьдеги қарарында гүзги-қысқы мәўсимде алыс аймақларға 9149 тонна суйылттырылған газ жеткерип бериў тапсырылған. Қарарға муўапық республикамыздың алыс аймақларына 93 тонна суйылттырылған газ жеткерип бериў белгиленген.

Филиалымызға караслы арнаўлы газ баллонларды тасыўшы автотранспортлар жәрдеминде алыс аўылларға  да суйылттырылған газ жеткерилип берилмекте.

Газ баллонлардан қәўипсиз пайдаланыўын тәмийинлеў мақсетинде филиалымызға тийисли газ толтырыў станциясы ҳәм газ толтырыў пунктлеринде газ баллонларды сынаў ҳәм техникалық тексериўден өткериў лабораториялары жумыс ислеп турыпты.

Жыл басынан Нөкис газ толтырыў станциясына ислеп шығарыўшы заводлардан арнаўлы автоцистерналар ҳәм вагонцистерналар менен 3420 тонна суйылттырылған газ тасып алып келинди.

Станциядан газ толтырыў пунктлерине 906 тонна суйылттырылған газ транзит етилди, жеке хожалықларға 2764 тонна суйылттырылған газ жеткерип берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF