Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 22:54:27, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«МҮРИЎБЕТ» ҮЙИНДЕГИ МҮРИЎБЕТТИ КӨРДИК

Нөкистеги «Мүриўбет» майыплығы болған шахслар ушын ҳаяллар интернат үйине кирер екенмен, бул үлкен майданды ийелеп тур­ған имараттың сыртқы көринислерин көриўден-ақ зейниң ашылып кетеди.

Сырттағы пласмассадан соғылған, қолдан егилген гүллер, әтираптың минтаздай тазалығы, ҳәтте, сөз бенен тәрийплеп жеткере алмайтуғын гөззаллықларды көрип, адам қолларының буншелли гүл екенине тәсийин қаласаң. Мени ишке баслап кирген Полат Абдуллаев туўры интернат үйи директоры  Лидия Кимниң алдына апарды. Кеўли ашық директор менен тез кирисип кеттик. Өзи жүрип, интернат бойлап экскурсия шөлкемлестирип берди.

Өзине исенген, кәсибин жанындай  сүйген, ҳәтте, шаңарағына жат болып, кеселлик, ғаррылық азапларын тартып атырған ҳаяллардың меҳрибанына айланып үлгерген, ҳәр бир исти орнына қойыўдай жуўапкершиликти сезинген, Лидия бул жерге келетуғын қәлеген адамға бундай  саяхатты биймәлел шөлкемлестирип бере алады. Себеби, оның ислеринде ҳеш қандай «тилиниң қысықлық» жери жоқ. Ҳәмме нәрсениң өз орнында жарасымлы қойылыўы, әтираптың өзгеше тазалығы, ҳәр бир хызметкердиң мүлайымлығы бәри-бәри көрер көзге бирден тасланып, басшының талапшаңлығын, орны келгенде қаталлығын көрсетип турыпты. Хызметкерлерге талапшаң болған менен тәрбияланыўшы ҳаял-қызлардың оны көргендеги ҳүрмети, қуўаныўын көрип жүрегиндеги кеңликти, адамгершиликти сезинип, усындай басшыларды ҳәмме жерде ушыратсақ деп ойлап қаласаң. Қәне, енди интернат бойлап саяхат етип, көрген-билгенлеримди айтыўдан баслайын. Дәслеп 1947-жылы ашылған ҳаяллар интернаты Хожели ра­йонында жайласқан еди.

Жыллар даўамында тоқтаўсыз ислеп турған интернат имараты бара-бара гөнерип, көримсиз жағдайға келип қалады. Барлық инвентарьлар гөнерип, тозыўы жетеди. 2017-жылы январь айында Қарақалпақстанға келген мәмлекетимиз Президенти бул жердиң қорениш жағдайларын көрип, тәрбияланыўшыларға жақсы шараятлар жаратылыўы ушын көрсетпе берип кеткен еди. Нөкистен үлкен жер майданы ажыратылып, тез арада қурылыс ислери баслап жибериледи. Қурылыс ислерине 16 миллиард 498 миллион сум қаржы ажыратылып, қысқа ўақыт ишинде бул көркем имарат питкерилип, тәрбияланыўшылар 2018-жыл август айын­да Нөкистеги жаңа имаратқа көшириледи. Мине, соннан берли руўхыя­тында нуқсаны бар, имканияты шекленген I-II группа майыплары 18 жастан баслап мәмлекет тәрепинен қаржыландырылып, ҳәмме имканиятларға ийе, жазда салқын, қыста ыссы бөлмелерде жасап, емленип, тәрбияланып атыр. Бул жерде 6 бөлимде 32-33 тен ҳаяллар болып, ҳәр бир бөлимге медициналық хызмет, душ, қулласы, барлық мүмкиншиликлер жаратылған. Ҳаял-қызларды жасларына қарап, еки адамнан бөлимлерге жайластырылған. Ҳәр бөлимниң өзиниң гардеробы бар. Бул жерде 4 мәўсимге арналған бастан-аяқ ки­йетуғын кийимлери сақланады. Олардың кийимлериниң тазалығына жуўап беретуғын хызметкерлердиң кийимлерди жуўып, кептирип, утюглеп атырғанының гүўасы болдық.

Тек ҳаяллар жәмленген өзге өмирге кирип барар екенмен, көрген-билгенлеримди қағазға бирим-бирим түсирип  отырыўға жазатуғын мағлыўматлардың соншелли көплигинен қыйналып атырман. Бириниң изинен екиншиси бөлмелерге баслап киргенде бул жерде тигиў, тоқыў, жумсақ ойыншықлар, безеў буйымлары ҳәр қыйлы буйымлар жасаў дөгереклериниң бәри де ҳаял-қызлар менен толы екенине гүўа болдық. Биз 1947-жылы туўылған Қурбанай  Базарова деген 75 жасар апаның тоқығанларын көрип, бираз егленип қалдық. Оның соншелли фантазиясының күшлилигине, шеберлигине таң қалып, сәўбетлеспекши болғанымызда сөйлей алмайтуғынын көрип, қәлбимиз қыйналды. Гөне-көксини жип етип, оннан түрли нәрселерди тоқып яки тигип атырған ҳаяллардың ислеген буйымларына қарап, көзиң тоймайды. Мийнет-терапия бөлмесинде қанша турып, ислерин тамашаласаң да ҳеш зерикпейсең. Интернаттың өзинен шыққан шығынды ыдыслардан (баклашка, қаймақ-қатықтың босаған ыдыслары) ҳәр қыйлы гүллер ҳәм безеў бу­йымлары исленеди.

Арт-терапия — бул бөл­меде сүўрет соғып, гүлалшылық ҳәм папье-маше бо­йынша ислейди. Ҳаял-қызлардың ылайдан ислеген буйымларын көрип, олардың буншелли шеберлигине ҳәўеслениў менен жүресең.

Мине, усы мийнетлер арқалы руўхыятында нуқсаны бар ақылы-зайыл ҳаял-қызлар өз ислеринен рәҳәтленип, өзлерин жәми­йетте еркин тутыўға үйренеди. Ҳаял-қызларды бир жерге жәмлеп, бос ўақытларын бийкарға өткермей, пайдалы ислерге үйрететуғын мийнет инструкторларының ислерине мың рахмет, айтсақ арзыйды. Бизлерге усындай сулыўлықлардан заўықланыўымызға себепши болған Людмила Юсуповадай хызметкерлердиң машақатлы ислерине миннетдар болдық.

Ҳәмме дөгеректе «3-декабрь — майыплар күни»не әлле қашан таярлық жумысларын баслап, байрамға безеў буйымларын исленип атырғанын айтып мақтан­ған ҳаял-қызларға әўмет тиледик.

Тәрбияланыўшылар ушын медициналық бөлим ажыратылған. Бул жерде массаж, физиотерапия (дарсенваль, электросан, электофорез, Ампалипульс, Дюна Т элитон аппаратлары) бөлмелери бар.

Шыпакерлер шизофрения, деменция, ақлы зайыплықтың ҳәр қыйлы тайпалары, бас мийдиң органик кеселликлери анықланған жағдайда соған қарап емлеў усылларын қолланады. Дие­толог ҳәр бир аўырыў ушын керекли болған тағамларды буйырады. Асханасы да соған бола хызмет етеди. Бул жерде ислеўши аспазларға, жәрдемшилерине заманагөй әсбап-үскенелерден пайдаланыў мүмкиншилиги жаратылған. Дене тәрбиясы бөлмесинде ҳәр қыйлы шынығыўларды ислеп атырған тәрбияланыўшыларды да көрдик. Жазғы спорт майданшасы заман талабына сай үскенеленген. Заманагөй әсбап-үскенелер менен үскенеленген шаштәрезханасына бас суққанымызда бир қыздың шашын пардозлап атырған хызметкерге кесент етпеўди мақул көрип, және саяхатымызды даўам еттирдик. Мәжилислер залы, ойын дөгереги, китапхана бәрин-бәрин бирме-бир көзден кеширдик. Китапханада китап оқып атырған 7-8 ҳаял-қызларға көзимиз түсип, олар менен сәлемлесип баслағанымыз бойы бир келиншек орнынан  турып қосық  оқыўға киристи. «Өзимниң жазғаным да бар», деп қосық оқыўын даўам еттирди. Мыңнан аслам китап фондына ийе китапханадағы китаплар көздиң жаўын алады.

Телевизор көрип отыр­ған ҳаяллар менен де сәўбетлестик. Олар бул жердеги шараятлардан миннетдар екенин бир-бирине сөз бермей айтысып атыр. Имканияты шекленгенлер ушын коляскалар ажыратылған. Өзлери аўқатлана алмайтуғынларға интернат хызметкерлери жәрдем береди. Өз ислери менен бәнт хызметкерлердиң бәриниң де қәлбинде ҳаялларға болған меҳрибанлықты көрип, ислериниң сыртқы көзге көрсетиў ушын емеслигине исенесең.

Интернатта Өзбекстандағы барлық ўәлаятлардан келип тәрбияланып атырған ҳәр қыйлы  миллет ўәкиллеринен жәмленген кеўли жарты ҳаял-қызларды бир жерге жәмлей алған бул көринислерге кеўлиң толады. Өзбекстанда бундай интернатлардың саны бүгинги күни 33 болса, бул интернат 1-орында турыпты.  Бундай нәтийжениң ис жүзинде туўры екенине өз көзимиз бенен  көрип исендик. Елимизде сақаўатлы инсанлар жүдә көп. Олар тәрепинен тез-тезден  жәрдемлер келип турады. Шыпакер психолог Н.П.Пирназарова, медсестралар Г.К.Бердекеева, А.Т.Казекова сыяқлы хызметкерлердиң бәрин де атпа-ат айтып өтиўимиз орынсыз болмайды. Саламат әўлад ушын 1-дәрежели орден ийеси, «Ең үлгили директор» номинациясы жеңимпазы Лидия Романовна Кимниң өзи үлкен бир мақала жазыўға арзыйтуғын инсан. Кәсиби — шыпакер.

Ҳүкиметимиз тәрепинен усындай имканиятлар жаратылған үлкен үйде жасап атырған ҳаял-қызлардың ҳәр бириниң айтатуғын  дәрти бар. Кимиси шаңарақлы, ул-қызлары, ақлықлары бар, кимиси қараўсыз жалғыз қалған, гей биреўлери жақынларынан қорлық көрген. Биразлары туўма кеселликлери барлар. Усы 250 тәғдирдиң бәрин анық билип, үйренип, оларға сүйениш, қорған болған хызметкерлердиң мийнетлериниң аңсат емеслиги ҳәр бир адымда көринип тур.

Саўап ислесек, перзентлеримизге тийер-деп күни-түни хызметке әскердей тақ турған усындай хызметкерлердиң барлығы да кеўли жартылардың қәлбине мәлҳәм болары сөзсиз.

Усындай гөззаллықлар арасында жасырынған муңды, қәлбиндеги дәртти бир өмир жүрегине көмген ҳаял-қызлар шаңарақ деп аталыўшы өзгеше қорғанда емес, ҳәмме биргеликте жасайтуғын усындай «Мүриўбет» үйинде жасап атырғанына бәрибир кеўлиң қабарады.

Инсан мәплери бәрқулла жоқары дәрежеге шыққан елимизде бундай исанлардың да усындай жақсы өмир кеширип атырғанының гүўасы болдық.

«Мүриўбетлик» үйинде мүриўбет көрип атырған ҳаял-қызларымыздың мәзи өмир кеширмей атырғанына бир тәрепинен қуўанып қайттық.

Арыўхан ТУРЕКЕЕВА.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF