Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:16:42, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АЙМАҚТАҒЫ ЖАҢАЛАНЫЎ НӘПЕСИ

Өткен жыллар даўамында республикамызда «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» мәмлекетлик бағдарламаларының негизинде мәҳәллелерде кең көлемдеги дөретиўшилик жумыслар әмелге асырылды.

Аймақларда неше жыллардан берли пуқаралардың наразылықларына себеп болып атыр­ған машқалалы мәселелер өз шешимин таппақта. Жаңаланыў ҳәм өзгерислер аймақларға инфраструктура алып келди. Пуқаралардың турмысы жақсыланбақта.

«Бес төбе» мәкан пуқаралар жыйыны да пайтахт Нөкис қаласы орайынан 25 км қашықлықта жайласқан аймақта бүгинги күни 2200 халық, 460тан аслам хожалық бар болып, бир бала бақша, бир шыпакерлик пункти, еки нанбайхана, бес саўда дүканы халыққа хызмет көрсетеди. Бүгин бул мәҳәлледеги ҳәр бир көшеде жаңаланыў нәпеси айқын сезиледи. Арнаўлы техникалар ҳәрекетте. Ишки жолларға қум аралас тас төсеў ҳәм тегислеў жумыслары жедел даўам еттирилмекте. Бул аймақ 2018-жылы «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» мәмлекетлик бағдарламасына киргизилип, бир қатар нәтийжели жумыслар әмелге асырылды. 13 көшеге түнги жақтыландырыў тармағы, 7 көшеге асфальт, аймақтағы 30-санлы улыўма билим бериў мектеби, 23-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми, 4-санлы шаңарақ поликлиникасына қараслы аймақлық шыпакерлик пункти имаратына оңлаў жумыслары алып барылды. Айтып өтиў керек, бурын бул жерде халыққа медициналық хызмет көрсетиў ушын жетерли шараят жоқ еди. Филиалдың ири реконструкциядан шыққан имараты пайдаланыўға тапсырылып, халыққа медициналық хызмет көрсетиўи бул жердеги аймақ турғынларының машқалалары шешилиўинде әҳмийетли болды.

Соның менен бирге, аймақтағы көп қабатлы жайлардың сыртқы фасадлары оңлаўдан шығарылып, үй алдыларына пиядалар жолы қурылды. 2021-жылы аўыр аймақлар қатарына киргизилип, 1,5 млрд. сум муғдарында қаржы ажыратылып, аймақтағы шаңарақлардың қыйтақ жерлеринен өнимли пайдаланыўы мақсетинде Әмиў­дәрьядан ағын суў тармақлары тартып алып келинип, суў менен тәмийинленди. Мине, усы жумыслардың даўамы ретинде 2022-жылы Нөкис қаласындағы 28 аўыр аймақлар қатарына 5,5 км ишки жолларға ЩПС төселип, тегисленди. 11 көп қабатлы жайларға да итибар қаратылып, балалар ойнаў майданшалары боялып, жайлардың подъездлерине қайта оңлаў жумыслары алып барылмақта.

— Жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде «Ҳаяллар» ҳәм «Жаслар дәптер»лерине бәнтлиги тәмийинленбеген, социаллық жәрдемге мүтәж ҳаяллар ҳәм жаслар киргизилип, усы жылдың өзинде 4 ҳаялға тигиў машинасы, 2 бағыўшысын жоғалтқан ҳаялға 1080000 сум муғдарында материаллық жәрдем, I ҳәм II топар майыплығы болған 9 ҳаялға материаллық жәрдем, 2 ҳаялға электропечька, l ҳаялға газ плита, l шаңарақтың жайы шиферлап берилди. 2 ҳаял Хийўа қаласына бийпул саяхатқа жиберилди. Соның менен бирге, «Жаслар дәпте­ри»индеги 3 жасқа тигиў машинасы, 3 жасқа әсбап-үскенелер, 2 жасқа айдаўшылық гүўалығына оқыў төлеминиң 75 проценти, жоқары оқыў орнында оқыйтуғын шәртнама пулларының 50 проценти төлеп берилди. Әлбетте, булардың барлығы мәмлекетимизде инсан қәдириниң жоқары екенлигиниң айқын көриниси болып табылып, бундай жумыслар мәҳәллемизде еле даўам етеди, - дейди Нөкис қаласы «Бес төбе» мәкан пуқаралар жыйыны баслығы.

Ҳақыйқатында да, биз аймақта болғанымызда жылдың дәслепки күнлеринен қолға алынған кең көлемли жумыслар нәтийжесинде мәҳәлледе турмыс унамлы тәрепке өзгергенлигин аңлаўымызға болады. Аймақтағы бундай унамлы өзгерислерди көрген пуқаралардың қуўанышы өз алдына болып, олардың пикирлери менен де қызықсындық.

— Бул аймаққа келгенимизге 20 жылға шамалас ўақыт болды. Мине, көргениңиздей, көшелеримизге қум аралас тас төселип, тегисленбекте. Балаларымыздың мектепке қатнаўында бираз қы­йыншылық болатуғын болса, бүгинги күни басқаша шараят болмақта. Әсиресе, көшелеримиздиң жаңарыўы бизди қуўанышқа бөлемекте. Ҳүкиметимиздиң инсанның жақсы турмыс кешириўи ушын унамлы өзгерислерди жаратып берип атыр­ғанынан биз аймақ турғынлары миннетдармыз, - дейди усы мәҳәлледеги «Шоманай аўылы» көшеси турғыны Бийбигүл апа Үсенова.

Ҳақыйқатында да, әмелге асырылып атырған бундай ийгиликли жумыслар аймақты шырайлы түске ендириўи менен бирге бул жерге жаңаланыў нәпесин, ҳақыйқый турмысты алып келмекте.

Г.САПАРОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

СҮЎРЕТТЕ: аймақтағы жаңаланыўлардан көринис.       

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF