Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:29:01, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТӘРЕПЛЕРГЕ ЖАРАТЫЛҒАН ҚОЛАЙЛЫЛЫҚЛАР

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 9-сентябрьдеги «Өзбекстан Республикасында нотариат системасын түп-тийкарынан реформалаў ис-илажлары ҳаққында»ғы Пәрманына бола шәртнамаларды нотариал тастыйықлаўды тәреплер түрли аймақларда жайласқан нотариал кеңседе аралықтан турып хызмет көрсетиў арқалы видеоконференц байланыс режиминде әмелге асырыў имканиятын жаратыўды белгилеген еди.

Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң 2020-жыл 10-январьдағы «Нотариуслар тәрепинен нотариал ҳәрекетлерди әмелге асырыў тәртиби бойынша көрсетпесине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы буйрығы менен «Нотариуслар тәрепинен нотариал ҳәрекетлерди әмелге асырыў тәртиби ҳаққында»ғы көрсетпениң 8l бәнтине өзгерис киргизилди.

Киргизилген өзгерислерге бола тәреплер түрли аймақларда жайлас­қан нотариал кеңседе аралықтан турып видеоконференц байланыс режиминде шәртнамаларды нотариал тас­тыйықлаў мүмкин ҳәм бундай шәртнама олардың биргеликтеги қатнасыўысыз әмелге асырылып атырған болса, бир ўақыттың өзинде тәреплер нотариуслар алдында болыўы шәрт екенлиги белгиленди.

Бул тәртип тийкарында барлық түрдеги шәртнамаларды тастыйықлаў мүмкин. Усы сыяқлы тийислилигине қарап шәртнамаларды тастыйықлаўдың улыўма тәртиплери қолланылады. Бунда шәртнаманың биринши тәрепи — мүрәжат еткен нотариус төмендеги ҳәрекетлерди әмелге асырады. Шәртнама ушын тәреплерден усынылған ҳүжжетлердиң нызамлылығын үйренип шығады.

Видеоконференц байланыс арқалы шәртнаманы тастыйықлаўда тийисли шәртнама картотекасын жаратады ҳәм мағлыўматларды системаға киргизеди.

Шәртнаманың биринши тәрепи менен өз-ара байланыста нотариус тәрепинен қандай түрдеги шәртнама дүзилип атырғанлығын, шәртнаманың мазмун мәниси ҳәм әҳмийети түсиндириледи, усы шәртнама мазмуны тәреплердиң анық мақсетине сәйкес келиўи яки келмеслиги ҳәм нызам талапларына қайшы келмейтуғынлығын тексереди. Тәреплер арасында есап-китап болғанлығын анықлайды. Және ҳүжжет тексти менен тәреплер толық танысып, нотариус тәрепинен даўыс шығарып оқып берилген ҳалда шәртнаманың биринши тәрепине қол қойдырады ҳәм бармақ излерин сканерлеў менен видеоконференц байланыс арқалы системада толық дизимге алынады.

Тәреплер және олардың өз-ара келисилген басқа шәртлери ҳаққындағы мағлыўматлар тийкарында шәртнама жойбарын электрон түрде дүзеди.

Системада жайластырылған шәртнама жойбарын қағазға басып шығарады ҳәм шәртнаманың тийисли бөлимине шәртнаманың биринши тәрепине қол қойдырады ҳәм бармақ излери сканерленип видеоконференц байланыс арқалы системада толық дизимге алынады ҳәм шәртнама менен бирге сақланады.

Шәртнамада тастыйықлаўшы жазыў көрсетиледи ҳәм еки нусқада дүзилип, бири нотариал кеңседе, екиншиси екинши тәрепке бериледи. Бул жаратылған аралықтан нотариус хызмети халқымызға материаллық жақтан да, ўақытты үнемлеў бойынша да қолайлы.

 

К.ДЖУМАНИЯЗОВА,

Нөкис қаласы жеке әмелият пенен шуғылланыўшы нотариус.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF