ЖАҢА ӨЗБЕКСТАНДЫ ҚУРЫЎДА ФИНАНСЛЫҚ РЕФОРМАЛАРДЫҢ ОРНЫ
Мәмлекетимизде 2017-2021-жылларда миллий экономиканы реформалаў бағдарында сыртқы саўда, салық ҳәм қаржы сиясатын либералластырыў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳәм жеке меншик мүлктиң қол қатылмаслығын кепиллестириў, аўыл хожалығы өнимлерин терең қайта ислеўди шөлкемлестириў ҳәм аймақларды жедел раўажландырыўды тәмийинлеў бойынша тәсиршең шаралар көрилди.
Атап айтқанда, пуқараларды социаллық қорғаўды күшейтиў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдары сыпатында белгиленип, халықты жаңа жумыс орынлары ҳәм кепилликли дәрамат дереги, квалификациялы медициналық ҳәм билимлендириў хызметлери, мүнәсип жасаў шараятлары менен тәмийинлеў сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилди.
Соңғы бес жылдағы реформалардың нәтийжесинде мәмлекетимизде Жаңа Өзбекстанды қурыўдың зәрүр сиясий-ҳуқықый, социал-экономикалық ҳәм илимий-ағартыўшылық тийкарлары жаратылды.
Усы реформаларды және де жеделлестириў ҳәм бул нәтийжелилик тийкарында миллий экономиканы жедел раўажландырыў ҳәм жоқары өсим пәтлерин тәмийинлеў мақсетинде «2022-2026-жылларға мөлшерленген жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы» қабыл етилди. Бул стратегия тийкарында миллий экономиканы жедел раўажландырыў анық белгилеп берилди.
Атап айтқанда, бул стратегияның 21-мақсети, 3-абзацында «Ҳәр бир район бюджетиниң кеминде 5 процентин «Пуқаралар бюджети» бағдарламасы шеңберинде халықтың усыныслары тийкарында ең актуал машқалаларды шешиўге сарплаўды шөлкемлестириў» бағдары көрсетилген болып, бул бағдарда республикамыздың барлық аймақларында халықтың кейпиятына тәсир етиўши, узақ мүддетлерден бери шешимин таба алмай атырған машқалаларды сапластырыў бойынша көзге көринерлик жумыслар әмелге асырылды.
Буны Елликқала районы мысалында алатуғын болсақ, быйылғы жылда «Ашық бюджет» мәлимлеме порталы арқалы жәмәәтшилик пикири тийкарында биринши басқышта 9 усыныс жеңип шығып, бул усыныслар ушын жәми 5,0 миллиард сум, екинши басқышта 4 усыныс ушын 4,0 миллиард сум сарпланды.
Бул илажлар өз гезегинде, бюджет процесинде пуқаралардың белсенди қатнасыўы ҳәм де жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясында белгилеп берилген мақсетлердиң өнимли атқарылыўы сыпатында қаралады.
Жуўмақ орнында соны айтыў керек, Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң атап өткениндейF «Адамларымыздың реформаларға болған исеними ҳәм тийислилигиниң артып баратырғаны халқымыз елимиздеги өзгерислер процесин, басламаларымызды қоллап-қуўатлап атырғанынан және бир мәрте дерек береди».
Ҳақыйқатында да, әмелге асырылып атырған бул реформалардың түпкиликли мақсети инсан қәдирин улығлаў, ҳәр кимниң ҳуқық ҳәм еркинликлери, нызамлы мәплерин тәмийинлеў деў мүмкин.
Б.АЛИМОВ,
Елликқала районы ҳәкиминиң биринши орынбасары.